‏ Psalms 99

1Миннетдаршылық жыры
Пүткил дүнья, бәлент даўыста Жаратқан Ийеге шадланың!
2Қуўанышлы түрде Оған хызмет қылың,
Бәлент даўыста шадланып, Оның дәргайына барың!

3Жаратқан Ийе – Қудай екенин тән алыңлар,
Ол бизлерди жаратты, бизлер де Оған тийислимиз,
Оның халқымыз, бағып атырған қойларымыз.

4Дәрўазаларына мақтаўлар менен,
Ҳәўлилерине алғыс пенен кириң!
Оны тәрийиплеп, атын алғыслаң!

5Жаратқан Ийе ийгиликли,
Сүйиспеншилиги даўам етер мәңги,
Садықлығы әўладтан-әўладқа даўам етеди.
Copyright information for KaaIBT22C