‏ Revelation of John 1

Китаптың мазмуны

1Бул – тез арада жүз бериўи керек болған ўақыяларды Өз хызметшилерине билдириў ушын Қудайдың Ийса Масийхқа берген аяны. Ал Ол Өз периштесин жиберип, бул аянды хызметшиси Юханға билдирди. 2Юхан Қудайдың сөзин ҳәм Ийса Масийхтың гүўалығын, яғный өзи көрген нәрселериниң ҳәммесин баян етти. 3Бул пайғамбаршылық сөзлерди оқыйтуғын ҳәм бул жерде жазылғанларды тыңлап, орынлайтуғынлар қандай бахытлы! Себеби бул ўақыялардың болатуғын ўақты жақын.

Исениўши жети жәмәәтке сәлемнама

4 5Мен, Юханнан, Азия үлкесиндеги жети жәмәәтке сәлем! Ҳәзир бар, бурыннан бар болған ҳәм келешекте келетуғын Қудайдан, Оның тахты алдында турған жети руўхтан, исенимли гүўа болған, өлилер арасынан биринши болып тирилген ҳәм жер жүзи патшаларының Ҳүкимдары болған Ийса Масийхтан мийрим ҳәм тынышлық сизлерге берилсин!

Ол бизлерди сүйип, Өз қаны менен гүналарымыздан азат етти
6ҳәм бизлерди Өз Патшалығына еристирип, Әкеси Қудайдың хызметиндеги руўханийлер қылды. Мәңги-бақый уллылық ҳәм қүдирет Ийса Масийхтики болсын!

Аўмийин.
7«Мине, Ол бултлар менен келмекте!
Ҳәр бир көз Оны көреди,
Оның денесин тескенлер де көреди.
Жер жүзиниң барлық халықлары,
Ол себепли өкирип жылайды».

Аўа, усылай болады, аўмийин.

8Ҳәзир бар, бурыннан бар болған ҳәм келешекте келетуғын Қудай, Қүдирети күшли Қудай Ийе былай дейди: «Мен – Альфа ҳәм Омегаман
Альфа ҳәм Омега – грек әлипбесиниң биринши ҳәм соңғы ҳәриплери.
».

Масийхтың буйрығы

9Мен, Ийсаның қайғы-ҳәсиретине, патшалығына ҳәм сабырлылығына сизлер менен бирге шерик болған туўысқаныңыз Юхан, Қудайдың сөзи ушын ҳәм Ийса ҳаққында жәриялағаным себепли Патмос атаўына сүргин етилген едим. 10Ийемиздиң күнинде
Ийемиздиң күни – екшемби күни. Ийемиз Ийса усы күни өлимнен қайта тирилген еди.
, мени Мухаддес Руўх басқарып турғанда, арқамнан кәрнайдың даўысына уқсаған бәлент бир даўысты еситтим.
11Бул даўыс:
Базы қолжазбаларда мына сөзлер де бар: «Мен Альфа ҳәм Омегаман, Басы ҳәм Ақырыман».
«Көрип турғанларыңды китапқа жаз ҳәм жети жәмәәтке, яғный Эфес, Смирна
Смирна – ҳәзирги аты Измир.
, Пергам, Тиатира, Сардис, Филадельфия ҳәм Лаодикияға жибер», – деди.

12Маған сөйлеп атырғанды көриў ушын, арқама бурылдым. Бурылып, жети алтын шыра қойғышты көрдим. 13Олардың ортасында үстине узынлығы аяғына түсетуғын кийим кийген, көкирегине алтын өңирше байлаған Адам Улына уқсаған Биреў тур еди. 14Оның басы ҳәм шашлары ақ жүн сыяқлы, қардай аппақ еди. Көзлери болса, оттың жалынындай жарқырап турған еди. 15Оның аяқлары пеште қыздырылған жылтырақ қолаға уқсаған болып, даўысы сарқырап аққан суўдың сестиндей еди. 16Оң қолында жети жулдыз бар болып, аўзынан еки жүзли өткир қылыш шығып турған еди. Жүзи күшли жарқырап турған қуяштай еди.

17Мен Оны көриўден-ақ, өли сыяқлы аяқларына жығылдым. Ал Ол оң қолын үстиме қойып, былай деди:

– Қорқпа! Мен – Биринши ҳәм Соңғыман.

18Мен тиримен. Өлген едим, бирақ, мине, мәңги-бақый тиримен. Өлимниң ҳәм өлилер мәканының гилтлери Менде.

19Сонлықтан көргенлериңди, ҳәзир жүз берип атырған нәрселерди ҳәм буннан соң болатуғынларды жаз. 20Оң қолымда сен көрген жети жулдыздың ҳәм жети алтын шыра қойғыштың сыры мынаў: жети жулдыз – жети жәмәәттиң периштелери, жети шыра қойғыш – жети жәмәәт.
Copyright information for KaaIBT22C