Revelation of John 10
Периште ҳәм орама қағаз
1Соңынан мен аспаннан түсип киятырған басқа бир күшли периштени көрдим. Ол бултқа оранған болып, басының үстинде айқулақ бар еди. Жүзи қуяшқа, аяқлары отлы сүтинге уқсаған еди. 2Оның қолында ашылған бир орама қағаз бар еди. Ол оң аяғын теңизге, ал сол аяғын жерге қойып, 3арысланның ақырғанына уқсаған бәлент даўыс пенен бақырды. Ол бақырғанда, жети гүлдирмама сести гүркиреп, тилге кирди. 4Жети гүлдирмама тилге киргенде, мен жазбақшы болып едим, бирақ аспаннан бир даўыстың: «Жети гүлдирмаманың айтқанларын жазба, оларды қупыя сақла», – дегенин еситтим. 5Соннан кейин, бир аяғы менен теңизде, бир аяғы менен жерде турғанын өзим көрген сол периште оң қолын аспанға көтерди. 6Ол аспанды ҳәм аспандағылардың ҳәммесин, жерди ҳәм жердегилердиң ҳәммесин, теңизди ҳәм теңиздегилердиң ҳәммесин жаратқан мәңги-бақый жасайтуғын Қудайдың аты менен ант ишип: «Енди ўақыт қалмады. 7Бирақ, жетинши периште кәрнайын шертетуғын күнлерде Қудайдың Өз хызметшилери – пайғамбарларға хабарлаған сырлы жобасы әмелге асады», – деди. 8Өзим аспаннан еситкен даўыс мениң менен және сөйлесе баслап: «Барып, теңизде ҳәм жерде турған периштениң қолындағы ашыўлы орама қағазды ал», – деди. 9Мен периштениң жанына барып, орама қағазды маған бериўин сорадым. Периште маған: «Буны ал да, жеп қой. Ол қарныңа барғанда ашшы, ал аўзыңда пал сыяқлы татлы болады», – деди. 10Сонда мен орама қағазды периштениң қолынан алып, жеп қойдым. Ол аўзымда пал сыяқлы татлы болды, ал жутқанымнан кейин қарнымды ашытты. 11Соңынан маған былай делинди: «Сен және көп халықлар, миллетлер, тиллер ҳәм патшалар туўралы пайғамбаршылық айтыўың тийис».
Copyright information for
KaaIBT22C