‏ Revelation of John 11

Еки гүўа

1Соннан кейин, маған өлшейтуғын таяқ сыяқлы қамыс берилип, былай делинди:

– Бар да, Қудайдың Ибадатханасын ҳәм қурбанлық орынды өлшеп, сол жерде сыйынып атырғанларды санап шық.
2Ал Ибадатхананың сыртқы ҳәўлисин өлшемей қалдыр. Себеби ол жер бутқа табыныўшыларға берилди. Олар мухаддес қаланы қырық еки ай даўамында аяқ асты қылады. 3Бирақ Мен Өзимниң еки гүўама күш беремен. Олар аза кийимин кийип, бир мың еки жүз алпыс күн пайғамбаршылық қылады.

4Бул еки гүўа – пүткил дүньяның Ийеси Қудай алдында турған еки зәйтүн ағашы ҳәм еки шыра қойғыш. 5Егер ким де ким оларға зыян тийгизбекши болса, олардың аўызларынан от шығып, душпанларын күйдирип жоқ қылады. Оларға зыян тийгизбекши болғанлар усылай өлтириледи. 6Бул еки гүўа өзлери пайғамбаршылық айтқан күнлерде жаўын жаўмасын деп, аспанды жаўып таслаў бийлигине ийе. Және олардың суўларды қанға айландырыўға, қанша қәлесе, жер жүзин сонша ҳәр түрли бәлелерге дуўшар етиўге де бийлиги бар.

7Олар гүўалықларын айтып таўысқанда, терең туңғыйықтан шыққан жыртқыш ҳайўан олар менен урысады ҳәм оларды жеңип өлтиреди. 8Олардың өлиги тымсалый түрде Содом ҳәм Мысыр деп аталатуғын уллы қаланың көшесинде қалдырылады. Олардың Ийеси де сол жерде атанақ ағашқа шегеленген еди. 9Үш ярым күн барлық халықлардың, урыўлардың, тиллер ҳәм миллетлердиң адамлары олардың өлигин тамашалап, денелерин қәбирге қойыўға рухсат етпейди. 10Жер жүзинде жасаўшылар буған қуўанып, байрам қылады ҳәм бир-бирине саўғалар жибереди. Өйткени бул еки пайғамбар жер жүзинде жасаўшыларға азап берген еди.

11Бирақ үш ярым күннен соң, Қудайдан келген өмир деми олардың денелерине енип, екеўи де аяққа турды. Буны көргенлерди күшли қорқыныш бийледи. 12Сонда еки пайғамбар аспаннан еситилген бәлент бир даўыстың өзлерине: «Бул жерге көтерилиңлер», – дегенин еситти. Олар душпанларының көз алдында бир булт үстинде аспанға көтерилип кетти. 13Сол ўақытта-ақ күшли жер силкиниў болып, қаланың оннан бири қыйралып қалды ҳәм жети мың адам набыт болды. Ал қалған адамларды күшли қорқыныш бийлеп, аспандағы Қудайды алғыслады.

14Екинши ҳәсирет өтти. Мине, үшинши ҳәсирет жақынлап келмекте.

Жетинши кәрнай

15Жетинши периште кәрнайын шертти. Аспаннан бәлент даўыслар еситилип: «Дүнья жүзи патшалығы Ийемиздики ҳәм Оның Масийхыники болды.
Ол мәңги-бақый патшалық етеди», – деди.

16Қудайдың алдында өз тахтларында отырған жигирма төрт ақсақал жерге бас урып, Қудайға табынды ҳәм былай деди: 17«Қүдирети күшли Қудай, Жаратқан Ийе!
Сен бар болғансаң, ҳәзир де барсаң
Базы қолжазбаларда «келешекте де бар боласаң» деген сөзлер де бар.
!
Саған шүкирлик етемиз.
Себеби Сен уллы қүдиретиң менен патшалық ете басладың.
18Миллетлер қатты ашыўланған еди,
Енди Сен де ғәзепке миндиң.
Өлилерди ҳүким ететуғын ўақтың келди,
Хызметшилериң болған пайғамбарларға,
Мухаддеслерге, яғный Сениң атыңды ҳүрмет ететуғын үлкен-кишиге сыйлық бериў,
Ал жер жүзин набыт қылыўшыларды набыт қылыў ўақтың келди».

19Сонда Қудайдың аспандағы Ибадатханасы ашылды ҳәм Ибадатханадағы Оның Келисим сандығы
Келисим сандығы – сөзликке қараң.
көринди. Сол ўақытта шақмақ шақты, даўыслар шықты, гүлдирмама гүркиреди ҳәм жер силкинип, күшли буршақ жаўды.
Copyright information for KaaIBT22C