‏ Revelation of John 12

Ҳаял ҳәм айдарҳа

1Аспанда бир уллы кәраматлы белги пайда болды: қуяшқа оранған, аяқларының астында ай, басында он еки жулдызлы тажы бар бир ҳаял көринди. 2Ҳаял ҳәмиледар еди, ол босанбақшы болып, толғақ тутып бақырмақта еди. 3Соңынан аспанда басқа бир кәраматлы белги пайда болды: жети баслы, он шақлы, басларында жети тажы бар, үлкен қызыл айдарҳа көринди. 4Айдарҳа қуйрығы менен аспандағы жулдызлардың үштен бирин сыпырып, жерге ылақтырды. Соңынан ол туўылыўдан-ақ баланы жутып жибериў ушын, туўайын деп атырған ҳаялдың алдында турып алды. 5Ҳаял ул туўды. Барлық миллетлерди темир таяқ пенен басқаратуғын бул бала дәрҳал Қудайдың алдына, Қудайдың тахтына алып келинди. 6Ал ҳаял шөлге қашып кетти. Ол жерде ҳаялдың бир мың еки жүз алпыс күн бағылыўы ушын, Қудай тәрепинен таярланған бир орын бар еди.

7Аспанда саўаш басланды. Бас периште Михаил ҳәм оның периштелери айдарҳаға қарсы урысты. Айдарҳа да өз периштелери менен оларға қарсы урысса да, 8күши жетпей жеңилип қалып, аспандағы орынларынан айырылды. 9Әзәзүл ямаса шайтан деп аталған үлкен айдарҳа, пүткил дүньяны жолдан азғырған ески жылан өз периштелери менен бирликте жерге ылақтырылды.

10Сонда мен аспанда бәлент бир даўыстың былай дегенин еситтим: «Мине, Қудайымыздың қутқарыўы, қүдирети ҳәм патшалығы келди,
Оның Масийхының ҳүкимдарлығы орнады.
Өйткени туўысқанларымыздың айыплаўшысы,
Оларды Қудайымыздың алдында күни-түни,
Айыплаған шайтан жерге ылақтырылды.
11Туўысқанларымыз Қозының қаны менен,
Және өзлери айтқан гүўалықлары менен оны жеңди.
Бул ушын олар өз жанларын өлимге қыйды.
12Сонлықтан аспан ҳәм онда жасаўшылар, шадланыңлар!
Ал жер ҳәм теңиз, сизлер ҳәсирет шегесизлер!
Себеби шайтан үстиңизге түсти.
Ол өз ўақтының аз қалғанын билип, ғәзепке толған».

13Айдарҳа өзиниң жерге ылақтырылғанын көргенде, ул бала туўған ҳаялдың изинен қуўа кетти. 14Жыланнан қашып, шөлдеги өзи ушын арналған жерге ушып кетиўи ушын, ҳаялға үлкен бир бүркиттиң еки қанаты берилди. Ҳаял ол жерде бир мүддет, еки мүддет ҳәм ярым мүддет даўамында бағылыўы лазым еди. 15Сонда жылан ҳаялды сел менен ығызып жибериў ушын, аўзынан оның изинен дәрьядай суў ағызды. 16Бирақ жер аўзын ашты да, айдарҳаның аўзынан ағызған суўын жутып жиберип, ҳаялға жәрдем етти. 17Сонда айдарҳа ҳаялға қарсы қәҳәрленди. Ол ҳаял нәсилинен болған басқалар менен, яғный Қудайдың буйрықларын орынлап, Ийсаның гүўалығына садық қалғанлар менен урысыўға атланды.
Copyright information for KaaIBT22C