‏ Revelation of John 13

1Айдарҳа теңиз жағасында турып алды
Айдарҳа теңиз жағасында турып алды – Базы қолжазбаларда «Мен теңиз жағасында турған едим».
.

Теңизден шыққан жыртқыш ҳайўан

Соңынан мен он шақлы, жети баслы бир жыртқыш ҳайўанның теңизден шығып киятырғанын көрдим. Оның шақларында он таж болып, басларында Қудайға тил тийгизиўши атлар жазылған еди.
2Мен көрген жыртқыш ҳайўан қапланға уқсаған еди. Оның аяқлары айыўдың аяғындай, аўзы арысланның аўзындай еди. Айдарҳа оған өз қүдирети ҳәм тахты менен бирге үлкен бийлик те берди. 3Жыртқыш ҳайўанның басларының бири өлимши ҳалда жарақатланғандай болып көринди. Деген менен, бул жарақат жазылып кетти. Сонда пүткил дүнья таң қалып, жыртқыш ҳайўанның изине ерип кетти. 4Адамлар жыртқыш ҳайўанға бийлик берген айдарҳаға сыйынды. Олар жыртқыш ҳайўанға да сыйынып: «Бул жыртқыш ҳайўанға ким тең келе алады? Оның менен ким урыса алады?» – деди.

5Өзин мақтап, Қудайға тил тийгизетуғын сөзлер айтыў ушын жыртқыш ҳайўанға аўыз берилди. Ол және қырық еки ай даўамында жүргизетуғын бийлик алды. 6Қудайға, Оның аты менен мәканына ҳәм аспанда жасаўшыларға тил тийгизиў ушын, жыртқыш ҳайўан аўзын ашып сөйлей баслады. 7Оған мухаддеслерге қарсы урысып, оларды жеңиўге күш берилди. Ол ҳәр бир урыў, ҳәр бир халық, ҳәр бир тил ҳәм ҳәр бир миллет үстинен бийликке ийе болды. 8Дүньяға тийисли адамлардың ҳәммеси, дүнья жаратылғаннан бери баўызланған Қозының Өмир китабында аты жазылмаған ҳәр бир адам жыртқыш ҳайўанға сыйынды.

9Қулағы бар адам мыналарды еситип алсын: 10«Кимниң тәғдирине тутқын болыў жазылса,
Ол тутқынға түседи.
Кимниң тәғдирине қылыш пенен өлтирилиў жазылса,
Ол қылыш пенен өлтириледи».

Сол ўақытта мухаддеслердиң сабыр етип, исениўи керек болады.

Жерден шыққан жыртқыш ҳайўан

11Буннан соң, мен жерден шығып киятырған басқа бир жыртқыш ҳайўанды көрдим. Оның қозыникиндей еки мүйизи болып, ол айдарҳа сыяқлы сөйлейтуғын еди. 12Бул жыртқыш ҳайўан биринши жыртқыш ҳайўанның пүткил бийлиги менен ол ушын ҳәрекет етти. Жер жүзин ҳәм онда жасайтуғынларды өлимши ҳалдағы жарақаты жазылған биринши жыртқыш ҳайўанға сыйыныўға мәжбүрледи. 13Ол үлкен кәраматлар көрсетип, ҳәтте, адамлардың көз алдында аспаннан жерге от та жаўдырды. 14Ол биринши жыртқыш ҳайўанның атынан өзине ислеўге рухсат етилген кәраматлары арқалы жер жүзинде жасайтуғынларды жолдан азғырды. Ол адамларға қылыштан жараланған, бирақ тири қалған биринши жыртқыш ҳайўанның ҳүрметине оның мүсинин соғыўды буйырды. 15Оған биринши жыртқыш ҳайўанның мүсинине жан бериў ушын қүдирет берилди. Солай етип, сол мүсин тилге кирип, өзине табынбағанлардың ҳәммесиниң өлтирилиўин буйырды. 16Ол ҳәр бир адамды: үлкен-кишини, бай-жарлыны, азат-қулды оң қолына ямаса маңлайына тамға бастыртыўға мәжбүрледи. 17Солай етип, ким де ким усы тамғаға, яғный биринши жыртқыш ҳайўанның атына ямаса атының санына ийе болмаса, бир нәрсе сатып ала алмайды да, сата алмайды да.

18Бул даналықты талап етеди. Ақылы жеткен адам ҳайўанның санын есаплап шықсын. Өйткени бул – адамның саны. Оның саны алты жүз алпыс алты.
Copyright information for KaaIBT22C