Revelation of John 14
Қозы ҳәм қутқарылғанлар
1Соңынан Қозының Сион таўының ▼▼ Сион таўы – Ерусалим қаласындағы бир таў. Сөзликке қараң.
үстинде турғанын көрдим. Қозының жанында маңлайына Қозының ҳәм Оның Әкесиниң аты жазылған бир жүз қырық төрт мың адам бар еди. 2Аспаннан сарқырап аққан суўдың сестиндей, күшли гүлдирмама даўысындай бир сес еситтим. Мен еситкен бул сес арфа шертиўшилердиң шерткен намасына уқсайтуғын еди. 3Усы бир жүз қырық төрт мың адам тахттың, төрт мақлуқтың ҳәм ақсақаллардың алдында жаңа бир қосық айтып турған еди. Гүналарының қуны өтелип, жер жүзинен сатып алынған усы адамлардан басқа ҳеш ким бул қосықты үйрене алмас еди. 4Булар өзлерин бузықшылықтан таза сақлаған, пәк қызлардай адамлар еди. Қозы қаяққа барса, олар Оның изине ерди. Олар Қудайдың ҳәм Қозының туңғышлары болып, адамлар арасынан сатып алынғанлар. 5Аўызларынан жалған сөз шықпаған олар – минсиз адамлар ▼▼ минсиз адамлар – Базы қолжазбаларда «Қудайдың тахтының алдында минсиз адамлар».
. Үш периштениң хабары
6Буннан соң, мен аспанның ортасында ушып жүрген басқа бир периштени көрдим. Бул периште жер жүзинде жасаўшыларға: ҳәр бир миллет ҳәм урыўға, ҳәр бир тил ҳәм халыққа жәрияланатуғын мәңги Хош Хабарға ийе еди. 7Ол бәлент даўыс пенен: «Қудайдан қорқыңлар! Оны алғыслаңлар! Оның ҳүким ететуғын ўақты келди. Аспанды, жерди, теңизди ҳәм суў булақларын Жаратқанға сыйыныңлар!» – деди. 8Оның изинен киятырған екинши периште былай деди: «Қулады! Өз бузықшылығының күшли шарабын барлық миллетлерге ишкизип, оларды азғырған уллы Бабилон ▼▼ Бабилон – Рим нәзерде тутылған.
қулады!» 9Екеўиниң изинен киятырған үшинши периште бәлент даўыс пенен былай деди: «Ким де ким биринши жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынып, маңлайына ямаса қолына оның тамғасын қабыл етсе, 10ол Қудайдың қәҳәрли ғәзеп кесесинде ▼▼ Қудайдың қәҳәрли ғәзеп кесеси – Қудайдың жазасы.
таярланған Қудайдың ғәзебиниң күшли шарабынан ишеди. Мухаддес периштелердиң ҳәм Қозының алдында от ҳәм жанып турған күкирттен азап шегеди. 11Оларға азап беретуғын оттың түтини мәңги-бақый бурқырап турады. Биринши жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынып, атының тамғасын қабыл еткенлер күни-түни тынышлық көрмейди. 12Сол ўақытта Қудайдың буйрықларын орынлап, Ийсаға деген исенимине садық қалған мухаддеслердиң сабырлылығы керек болады». 13Сонда аспаннан бир даўыс маған: «Мынаны жазып қой: буннан былай, Ийемизге садық қалып, жанын қыйғанлар қандай бахытлы!» – деди. «Аўа, – дейди Мухаддес Руўх, – олар мийнетлериниң рәҳәтин көреди. Себеби ислеген ислериниң жемиси олардан айырылмайды». Жердиң зүрәәтин жыйнаў
14Соңынан бир ақ бултты көрдим. Булттың үстинде басында алтын тажы, қолында өткир орағы бар, Адам Улына уқсаған Биреў отыр еди ▼. 15Ибадатханадан шыққан басқа бир периште булттың үстинде Отырғанға бәлент даўыс пенен бақырып: «Орағыңды салып, ор! Орыў ўақты келди. Өйткени жердиң зүрәәти писип жетилисти», – деди. 16Булттың үстинде отырған орағын жерге силтеди ҳәм жердиң зүрәәти орылды. 17Аспандағы Ибадатханадан басқа бир периште шықты. Оның да өткир орағы бар еди. 18Қурбанлық орын үстиндеги отқа бийлик ететуғын бир периште қурбанлық орыннан шығып, өткир орақлыға бәлент даўыс пенен: «Өткир орағыңды иске сал! Жердеги жүзим ағашынан солқымларды жыйнап ал. Себеби жүзим писти», – деди. 19Периште орағын жерге силтеп, жердеги жүзимниң зүрәәтин жыйнап алды. Оны Қудайдың ғәзебиниң үлкен искенжесине ылақтырды. 20Жүзим жемислери қаланың сыртындағы искенжеде сығылды. Искенжеден аққан қан үш жүз шақырым жерге дейин барды ҳәм атлардың жүўенлерине шекем көтерилди.
Copyright information for
KaaIBT22C