‏ Revelation of John 15

Жети периште ҳәм жети бәле

1Мен аспанда және уллы ҳәм таң қаларлық басқа бир белги көрдим. Бул – қолына соңғы жети бәлени услаған жети периште еди. Өйткени усы бәлелер менен Қудайдың ғәзеби жуўмақланатуғын еди.

2Сонда от аралас шийше теңиз сыяқлы бир нәрсени көрдим. Ҳайўанның, оның мүсининиң ҳәм атының саны үстинен жеңиске ерискенлер қолларына Қудайдың берген арфаларын алып, шийше теңиздиң үстинде турған еди. 3Олар Қудайдың хызметшиси Муўсаның ҳәм Қозының қосығын айтып турған еди: «Қүдирети күшли Қудай Жаратқан Ийе,
Сениң ислериң уллы ҳәм әжайып,
О, миллетлер Патшасы
миллетлер Патшасы – Базы қолжазбаларда «әўладлардың Патшасы».
!
Сениң жолларың ҳақыйқат ҳәм әдил.
4Жаратқан Ийе, Сеннен қорқпайтуғын,
Атыңды алғысламайтуғын ким бар?
Себеби тек жалғыз Сен ғана мухаддессең.
Пүткил миллетлер келип,
Сениң алдыңда табынады.
Өйткени Сениң әдил ислериң аян болды».

5Буннан соң аспандағы Ибадатхананың, яғный Келисим шатырының
Келисим шатыры – сөзликтеги «Мухаддес шатыр» ға қараң.
ашылғанын көрдим.
6Қолында жети бәле бар жети периште жарқыраған аппақ зығыр кийим кийип, көкиреклерине алтын өңирше байлап, Ибадатханадан шықты. 7Төрт мақлуқтың бири жети периштеге мәңги-бақый жасайтуғын Қудайдың қәҳәрли ғәзебине толы жети алтын кесе берди. 8Ибадатхана Қудайдың уллылығының ҳәм қүдиретиниң түтини менен толып кетти. Жети периштениң жети бәлеси тамамланбағанша, ҳеш ким Ибадатханаға кире алмады.
Copyright information for KaaIBT22C