‏ Revelation of John 16

Қудайдың ғәзебине толы жети кесе

1Соңынан мен Ибадатханадан шыққан бир бәлент даўыстың жети периштеге: «Барыңлар! Қудайдың ғәзебине толы жети кесени жерге төгиңлер!» – дегенин еситтим.

2Сонда биринши периште барып, кесени жерге төкти. Биринши жыртқыш ҳайўанның тамғасына ийе болып, оның мүсинине табынатуғынлардың үстинде азап бериўши жеркенишли жаралар пайда болды.

3Екинши периште кесесин теңизге төкти. Теңиз өлиниң қанына уқсайтуғын қанға айланып, теңиздеги пүткил тиришилик набыт болды.

4Үшинши периште кесесин дәрьяларға ҳәм суў булақларына төкти. Олар да қанға айланды. 5Суўлар үстинен ҳәкимлик ететуғын периштениң былай дегенин еситтим: «Ҳәзир бар ҳәм бурыннан бар болған мухаддес Қудайымыз!
Сениң шығарған бул ҳүкимлериң әдил.
6Мухаддеслердиң ҳәм пайғамбарлардың қанын төккени ушын,
Сен оларға қан ишкиздиң.
Буған олар ылайықлы».

7Сонда мен қурбанлық орыннан шыққан бир даўыстың былай дегенин еситтим: «Аўа, Қүдирети күшли Қудай Жаратқан Ийе,
Сениң ҳүкимлериң туўры ҳәм әдил».

8Төртинши периште кесесин қуяшқа төкти. Сонлықтан қуяшқа адамларды от пенен күйдириў күши берилди. 9Адамларды күшли ҳәўир күйдирип жиберди. Олар тәўбе етпеди ҳәм усы бәлелердиң үстинен бийликке ийе болған Қудайды алғысламай, Оның атына тил тийгизди.

10Бесинши периште кесесин жыртқыш ҳайўанның тахты үстине төкти. Жыртқыш ҳайўанның патшалығы тас түнек болып қалды. Адамлар азапқа шыдамай, тиллерин тиследи. 11Бирақ олар жаман ис-ҳәрекетлери ушын тәўбе етпей, көрип атырған азаплары ҳәм жаралары себепли, аспандағы Қудайға тил тийгизди.

12Алтыншы периште кесесин уллы Евфрат дәрьясына төкти. Күншығыстан келетуғын патшаларға жол таярлаў ушын, дәрьяның суўы қурып қалды. 13Буннан соң, мен айдарҳаның, жыртқыш ҳайўанның ҳәм жалған пайғамбардың аўзынан шыққан қурбақаларға уқсайтуғын үш жаўыз руўхты көрдим. 14Бул руўхлар – кәраматлар көрсететуғын жинлердиң руўхлары еди. Олар Қүдирети күшли Қудайдың уллы күнинде болатуғын саўашқа пүткил дүньяның патшаларын жыйнаў ушын атланды.

15«Мине, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен! Жалаңаш болып жүрип, уятқа қалмаўы ушын үстиндеги кийимлерин сақлап, сергек турғанлар қандай бахытлы!» – деди Ийемиз Ийса.

16Үш жаўыз руўх еврейше «Армагедон» деп аталатуғын жерге патшаларды жыйнады. 17Жетинши периште кесесин ҳаўаға төкти. Ибадатханадағы тахттан шыққан бәлент бир даўыс: «Орынланды», – деди. 18Сонда шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳәм гүлдирмама гүркиреп, күшли жер силкиниў болды. Адамзат жер жүзинде пайда болғалы берли, бундай күшли жер силкиниў ҳеш қашан болған емес. 19Уллы қала үшке бөлинип қулады. Миллетлердиң қалалары да қыйралып қалды. Қудай уллы Бабилонды ядында сақлап, Өзиниң қәҳәрли ғәзебиниң шарабы толы кесени оған ишиў ушын берди. 20Барлық атаўлар орнынан көшип, таўлар жоқ болып кетти. 21Аспаннан адамлардың үстине ҳәр бир данасы батпандай күшли буршақ жаўды. Буршақ соншелли қорқынышлы болып, адамлар усы бәле ушын Қудайға тил тийгизди.
Copyright information for KaaIBT22C