‏ Revelation of John 17

Жыртқыш ҳайўанға минген ҳаял

1Жети кесеси бар жети периштениң бири жақынлап келди де, мениң менен сөйлесе баслап былай деди:

– Берман кел, мен саған көп суўлардың үстинде отырған уллы бузық ҳаялдың қандай жазаға тартылатуғынын көрсетемен.
2Дүнья патшалары оның менен бузықшылық ислеген еди. Жер жүзинде жасаўшылар оның бузықшылығының шарабына мәс болған еди.

3Соңынан периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында шөлге алып барды. Ол жерде мен жети баслы, он шақлы, үсти Қудайға тил тийгизетуғын атларға толы, жыртқыш қырмызы ҳайўанның үстинде отырған бир ҳаялды көрдим. 4Ҳаял шым қызыл ҳәм қымбатлы қырмызы липаслар кийип, алтын, ҳасыл таслар ҳәм ҳинжилер менен безенген еди. Оның қолында жеркенишли нәрселерге ҳәм бузықшылығының ҳарамылықларына толы алтын кесе бар еди. 5Ал маңлайына болса:

«УЛЛЫ БАБИЛОН – БУЗЫҚЛАРДЫҢ ҲӘМ ЖЕР ЖҮЗИНДЕГИ ЖЕРКЕНИШЛИ НӘРСЕЛЕРДИҢ АНАСЫ»,

деген сырлы ат жазылған еди.

6Ҳаялдың мухаддеслердиң ҳәм Ийса ҳаққында гүўалық берип өлгенлердиң қанына мәс екенин көрдим.

Буны көрип, мен қатты таң қалдым.
7Периште маған былай деди:

– Неге таң қалып турсаң? Мен саған ҳаялдың ҳәм оны көтерип жүрген жети баслы, он шақлы жыртқыш ҳайўанның сырын ашып беремен.
8Сен көрген жыртқыш ҳайўан бурын бар еди, бирақ ҳәзир жоқ. Бираздан соң, ол терең туңғыйықтан шығып, набыт болады. Дүнья жаратылғаннан бери атлары Өмир китабында жазылмаған жер жүзинде жасаўшылар жыртқыш ҳайўанды көргенде ҳайран қалады. Себеби бул ҳайўан бир ўақытлары бар еди, енди жоқ, бирақ және келеди.

9Буны түсиниў ушын даналық керек. Жети бас – ҳаял үстинде отырған жети таўды ҳәм жети патшаны билдиреди. 10Булардың бесеўи қулады, биреўи бар, басқасы еле келмеди. Ол келеди, бирақ узақ ўақыт турмайды. 11Бурын бар болған, бирақ енди жоқ жыртқыш ҳайўанның өзи сегизинши патша. Алдынғы жети патшаның бири болған ол набыт болады.

12Сен көрген он шақ еле патшалық етпеген он патша. Бирақ булар жыртқыш ҳайўан менен бирликте аз ўақыт патшалық етиў ушын бийлик алады. 13Бул патшалар бир нийетке ийе болып, күшлерин ҳәм бийлигин жыртқыш ҳайўанға береди. 14Олар Қозыға қарсы урысады, бирақ Қозы оларды жеңеди. Өйткени Қозы – ҳүкимдарлар Ҳүкимдары ҳәм патшалар Патшасы. Оның менен бирге болғанлар – шақырылғанлар, таңланғанлар ҳәм Оған садық қалғанлар.

15Соңынан периште маған былай деди:

– Мына сен көрген суўлар, яғный үстинде бузық ҳаял отырған суўлар – халықлар, аламанлар, миллетлер ҳәм тиллер.
16Сен көрген он шақ ҳәм жыртқыш ҳайўан бузық ҳаялды жек көрип, оның ҳәмме нәрсесин талан-тараж етеди ҳәм оны тыр жалаңаш қалдырады. Оның етин жеп, өзин отқа жандырады.

17Себеби Қудай Өзиниң еркин орынлаў ушын, олардың кеўиллерине усы нийетти салған еди. Солай етип, Қудайдың сөзлери орынланыўға дейин олар өз ара келисип, патшалықларын жыртқыш ҳайўанға тапсырады. 18Сен көрген ҳаял – дүнья патшаларының үстинен ҳәкимлик ететуғын уллы қала.
Copyright information for KaaIBT22C