Revelation of John 18
Бабилонның қулаўы
1Буннан соң, мен күшли бийликке ийе басқа бир периштениң аспаннан түскенин көрдим. Оның салтанатынан дүнья жүзи жарқырап кетти. 2Периште қатты даўыслап былай деди: «Қулады! Уллы Бабилон қулады!Ол енди жинлердиң мәканы,
Ҳәр түрли жаўыз руўхлардың ордасы,
Ҳәр қыйлы ҳарам ҳәм жеркенишли қуслардың уясы болды.
3Өйткени барлық миллетлер,
Оның бузықшылығының күшли шарабын ишти ▼
▼ Өйткени барлық миллетлер, Оның бузықшылығының күшли шарабын ишти – Базы қолжазбаларда «Өйткени ол өз бузықшылығының күшли шарабын барлық миллетлерге ишкизди».
.Дүньяның патшалары оның менен бирге бузықшылық иследи.
Дүньяның саўдагерлери де,
Оның асып-тасқан молшылығынан байып кетти».
4Сонда мен аспаннан басқа бир даўыс еситтим. Бул даўыс былай деди: «Ҳәй, халқым!
Оның гүналарына шерик болып,
Ол дуўшар болған бәлелерге дуўшар болмаўың ушын,
Оннан шығып кет!
5Себеби оның гүналары үсти-үстине жыйналып, аспанға жетти,
Қудай оның жаман ислерин ядында сақлады.
6Бабилон сизлерге не қылған болса, оған соны қайтарыңлар.
Ислеген ислерин еки есе етип қайтарыңлар,
Өзи араластырып таярлаған шараптан еки есе толтырып, оған бериңлер.
7Ол қаншама сән-салтанатқа ҳәм молшылыққа бөленген болса,
Оған соншама қайғы-ҳәсирет бериңлер.
Өйткени ол өз кеўлинде:
„Мен ҳаял патша болып, тахтта отырман, жесир емеспен.
Ҳеш қашан қайғы көрмеймен“, – дейди.
8Сонлықтан ол өлим, қайғы ҳәм ашлық бәлелерине,
Бир күнниң ишинде дуўшар болады,
Ол отта жанып күл болады.
Себеби оны ҳүким қылыўшы Қудай Ийе қүдиретли».
9Оның менен бирге бузықшылық ислеп, оның асып-тасқан молшылығын бөлискен дүньяның патшалары қаладан көтерилип атырған оттың түтинин көргенде, оны азалап жылайды. 10Олар оның шегип атырған азабынан қорқып, узақта турып: «Ўай-ўай, уллы қала,
Күшли қала Бабилон!
Аз ўақыт ишинде ҳүким етилдиң-ғо», – дейди.
11Дүньяның саўдагерлери де ол ушын жылап, аза тутады. Өйткени олардың буйымларын сатып алатуғын енди ҳеш ким жоқ. 12Олар мыналарды: алтын, гүмис, ҳасыл таслар, ҳинжи, ҳасыл зығыр, жипек, шым қызыл ҳәм қырмызы гезлемелер, ҳәр түрли хош ийисли ағашлар, пил сүйегинен исленген затлар, қымбат баҳалы ағашлардан исленген нәрселер, қола, темир ҳәм мәрмерден исленген ҳәр қыйлы буйымлар, 13дәмли қабық, мазалы дәм беретуғын нәрселер, түтетки, әтир май, ладан ▼
▼ Ладан – хош ийисли шайыр.
, шарап, зәйтүн майы, сапалы ун ҳәм бийдай, ири қара мал ҳәм қойлар, атлар ҳәм арбалар, сондай-ақ адамларды қул қылып сатып алатуғын ҳәм сататуғын еди. 14Олар және: «Жаның сүйген мийўелер қолыңнан кетти. Пүткил байлығың ҳәм көзди қамастыратуғын затларың жоқ болды. Енди оларды ҳеш қашан таба алмайсаң», – дейди. 15Бабилонда усы нәрселерди сатып, байып кеткен саўдагерлер қаланың шеккен азабынан қорқынышқа түседи ҳәм узақта турып, жылап аза тутады. 16Олар былай дейди: «Ўай, ўай, уллы қала!Ҳасыл зығыр, шым қызыл ҳәм қырмызы гезлемелер кийген,
Алтын, ҳасыл таслар ҳәм ҳинжилер менен безенген уллы қала!
17Усындай үлкен байлық аз ўақыт ишинде жоқ болды».
Барлық кеме басшылары, кеме жолаўшылары, кемешилер ҳәм теңизден күн көретуғынлардың ҳәммеси узақта турып, 18қаладан көтерилип атырған оттың түтинин көргенде: «Усы уллы қалаға тең келетуғын қала бар ма?» – деп дад салды. 19Басларына күл шашты, аза тутып жылап, былай деп бақырысты: «Ўай, ўай, уллы қала!
Теңиз кемелерине ийе болғанлардың ҳәммеси,
Ол себепли, оның қымбат баҳалы буйымлары себепли байыған еди.
Деген менен, қала аз ўақыт ишинде ўайран болды.
20Қуўаныңлар Бабилонның аўҳалына,
Ҳәй аспан, мухаддеслер, елшилер ҳәм пайғамбарлар!
Себеби Қудай оны ҳүким етип, сизлер ушын өш алды».
21Соңынан бир күшли периште үлкен дигирман тасына уқсайтуғын бир тасты көтерип, теңизге ылақтырды да, былай деди: «Уллы қала Бабилон!
Минекей, ол усындай күш пенен ылақтырылып,
Мәңгиге жоқ болады.
22Ендигиден былай, сенде тарлы әсбап шертиўшилердиң,
Қосықшылардың, сырнай ҳәм кәрнай шертиўшилердиң даўыслары,
Ҳеш қашан еситилмейди.
Сенде қайтып ҳеш бир өнердиң устасы табылмайды,
Дигирманның даўысы ҳеш қашан еситилмейди.
23Сенде буннан былай шыра жақтысы болмайды.
Келин-күйеў сеслери ҳеш қашан еситилмейди.
Өйткени саўдагерлериң дүньяда атақлы адамлар болып,
Пүткил миллетлер сениң сыйқыршылығың менен азғырылған еди.
24Және де, пайғамбарлардың,
Мухаддеслердиң ҳәм жер жүзинде өлтирилгенлердиң,
Ҳәммесиниң қаны сеннен табылған еди».
Copyright information for
KaaIBT22C