Revelation of John 19
Ҳалилуйя
1Буннан соң, мен аспанда көп санлы аламанның даўысына уқсаған бәлент даўысларды еситтим. Олар былай деди: «Ҳалилуйя ▼▼ Ҳалилуйя – еврейше «Жаратқан Ийени алғыслаң» деген мәнисте. Сөзликке қараң.
!Қутқарыў, даңқ ҳәм қүдирет,
Қудайымызға тийисли.
2Себеби Оның ҳүкимлери туўры ҳәм әдил.
Ол жер жүзин бузықшылығы менен ҳарамлаған,
Уллы бузық ҳаялды ҳүким етип,
Өз хызметшилериниң қаны ушын оннан өш алды».
3Олар және даўыслап былай деди: «Ҳалилуйя!
Бузық ҳаялдың жанған отының түтини,
Мәңги-бақый бурқырап турады».
4Сонда жигирма төрт ақсақал ҳәм төрт мақлуқ жерге жығылып: «Аўмийин! Ҳалилуйя!» – деп, тахт үстинде отырған Қудайға табынды.
Қозының неке тойы
5Соңынан тахттан шыққан бир даўыс былай деди: «Ҳәй, Қудайымыздың барлық хызметшилери!Оннан қорқыўшы үлкен-киши ҳәммеңиз,
Оны алғыслаңлар!»
6Соң мен үлкен аламанның даўысына, сарқырап аққан суўлардың шуўылдысына ҳәм күшли гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўысты еситтим. Сол даўыс былай деди: «Ҳалилуйя!
Қүдирети күшли Қудайымыз Жаратқан Ийе патшалық етеди.
7Шадланып, кеўил көтерейик!
Оны даңққа бөлейик!
Себеби Қозының неке тойы басланажақ,
Оның қалыңлығы өзин таярлады.
8Келинге кийиў ушын,
Таза, жарқыраған аппақ зығыр көйлек берилди».
Таза, аппақ көйлек – мухаддеслердиң ҳақ ислерин билдиреди. 9Сонда периште маған: – Былай деп жаз: «Қозының неке тойына шақырылғанлар қандай бахытлы!» – деди. Ол және: – Бул сөзлер – Қудайдың ҳақыйқат сөзлери, – деди. 10Мен оған табыныў ушын, аяқларына жығылдым. Бирақ ол маған былай деди: – Бундай қыла гөрме! Мен де сен ҳәм Ийсаның гүўалығына ийе туўысқанларың сыяқлы, Қудайдың хызметшисимен. Қудайға табын! Өйткени Ийса ҳаққында гүўалық бериўшилер – пайғамбаршылық руўхына ийе болғанлар.
Ақ Атлы
11Буннан соң, мен аспанның ашылғанын көрдим. Ол жерде бир ақ ат турған болып, атқа Мингенниң ▼▼ Атқа Минген – бул жерде Ийса Масийх ҳаққында айтылып атыр.
аты Садық ҳәм Ҳақыйқат еди. Ол әдиллик пенен ҳүким шығарып, саўаш жүргизеди. 12Оның көзлери лаўлап жанған отқа уқсаған болып, ал басында болса көп санлы таж бар еди. Онда Өзинен басқа ҳеш ким билмейтуғын бир ат жазылған еди. 13Ол қанға боялған кийим кийген болып, Оның аты – Қудайдың Сөзи еди. 14Таза ҳәм аппақ зығыр кийим кийген аспан ләшкерлери ақ атларға минип, Оның изинен киятыр еди. 15Оның аўзынан өткир қылыш шығып турған болып, Ол сол қылыш пенен миллетлерди өлтиреди. Оларды темир таяқ пенен басқарады ҳәм Қүдирети күшли Қудайдың қәҳәрли ғәзебиниң шарабын сығып шығаратуғын искенжени Өзи басады. 16Оның кийиминде ҳәм санында: «Патшалар Патшасы ҳәм ҳүкимдарлар Ҳүкимдары», деген ат жазылған еди. 17– 18Соңынан мен қуяшта турған бир периштени көрдим. Ол бәлент даўыс пенен бақырып, аспанда ушып жүрген барлық қусларға былай деди: «Патшалардың, әскербасылардың ҳәм күшли адамлардың, атлардың ҳәм атқа мингенлердиң, азат адамлардың, қуллардың, үлкен-киши ҳәммениң өлигиниң етин жеў ушын бир жерге жыйналып, Қудайдың уллы зыяпатына келиңлер». 19Сонда мен жыртқыш ҳайўанды, дүнья патшаларын ҳәм олардың ләшкерлерин көрдим. Олар атта Отырған менен ҳәм Оның ләшкерлери менен урысыў ушын бир жерге жыйналған еди. 20Жыртқыш ҳайўан ҳәм оның атынан кәраматлар көрсеткен жалған пайғамбар қолға алынды. Жыртқыш ҳайўанның тамғасын қабыл етип, оның мүсинине табынғанларды өз кәраматлары менен азғырған – усы жалған пайғамбар еди. Олардың екеўи де күкирт жанған от көлине тирилей ылақтырылды. 21Ал қалғанлар атта Отырғанның аўзынан шыққан қылыш пенен өлтирилди. Барлық қуслар олардың өли денесин жеп тойды.
Copyright information for
KaaIBT22C