Revelation of John 2
Эфес жәмәәтине
1– Эфес жәмәәтиниң периштесине жаз. Оң қолына жети жулдыз услаған, жети алтын шыра қойғыштың ортасында жүретуғын былай дейди: 2«Сениң ислериңди, аўыр мийнетиңди ҳәм сабырлылығыңды билемен. Жаман адамлардың жаманлық ислеўине жол қоймайтуғыныңды да билемен. Елши емес болып турып, өзлерин елши деп атағанларды сынадың ҳәм олардың өтирикши екенин билип алдың. 3Аўа, сен сабырлысаң. Мениң атым ушын қыйыншылықларға шыдам бердиң ҳәм шаршамадың. 4Бирақ, саған бир қарсылығым бар: сен биринши исенген ўақтыңдағы сүйиспеншилигиңди жойттың. 5Солай етип, не нәрседе алжасқаныңды есиңе түсир! Тәўбе қылып, дәслепки ислериңди даўам ет. Егер тәўбе қылмасаң, саған келип, шыра қойғышыңды орнынан алып таслайман. 6Деген менен, сенде бир унамлы қәсийет бар: сен Николас уйымының ислерин жек көресең. Оларды Мен де жек көремен. 7Қулағы бар адам Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққанға Қудайдың жәннетиндеги өмир терегиниң мийўесин жеў ҳуқықын беремен».Смирна жәмәәтине
8– Смирна жәмәәтиниң периштесине жаз. Өлип, өлимнен қайта тирилген, Биринши ҳәм Соңғы болған былай дейди: 9«Сениң ▼▼ Базы қолжазбаларда «ислериңди» деген сөз де бар.
қайғы-ҳәсиретиңди ҳәм кәмбағаллығыңды билемен. Бирақ, сен байсаң. Өзлерин яҳудийлермиз дейтуғынлардың сени масқаралап айтқан сөзлерин де билемен. Бирақ олар яҳудий емес, ал шайтан жыйыны. 10Басыңа түсетуғын қыйыншылықлардан қорқпа! Мине, шайтан сизлерди сынаў ушын араңыздағы базыларыңызды қамаққа таслайды. Он күн азап шегесизлер. Өлиўге туўра келсе де, Маған садық қал, сонда Мен саған өмир тажын беремен. 11Қулағы бар адам Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққан екинши өлимнен ҳеш қандай зәлел көрмейди». Пергам жәмәәтине
12– Пергам жәмәәтиниң периштесине жаз. Еки жүзли өткир қылышқа ийе болған былай дейди: 13«Шайтанның тахты турған жерде жасайтуғыныңды ▼▼ Шайтанның тахты турған жерде жасайтуғыныңды – Базы қолжазбаларда «Ислериңди ҳәм шайтанның тахты турған жерде жасайтуғыныңды».
билемен. Атыма садық екениңди де билемен. Ҳәтте, садық гүўам Антипа араңызда, шайтан отырған жерде өлтирилген күнлерде де сен Маған деген исенимиңнен қайтпадың. 14Бирақ, саған бираз қарсылығым бар: араңызда Билам тәлиматын тутыўшылар бар. Бутларға шалынған қурбанлық гөшин жеўге ҳәм бузықшылық қылыўға үйретиў ушын, Билам Балақты Израил халқын жолдан урыўға үгитлеген еди ▼. 15Сол сыяқлы, сизлердиң араңызда Николас уйымының тәлиматын тутыўшылар да бар. 16Бул ушын тәўбе қыл! Болмаса, тез жаныңа келип, оларға қарсы аўзымдағы қылыш пенен урысаман. 17Қулағы бар адам Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин. Жеңип шыққанға сырлы манна ▼▼ Манна – Израил халқы Мысырдан шығып шөлде жүргенде, Қудай аспаннан берген азық. Шығ 16:4-5.
менен бир ақ тас беремен. Бул тастың үстине жаңа ат жазылған. Атты тасты алған адамнан басқа ҳеш ким билмейди». Тиатира жәмәәтине
18– Тиатира жәмәәтиниң периштесине жаз. Көзлери лаўлап жанған отқа, аяқлары жылтыраған қолаға уқсаған Қудайдың Улы былай дейди: 19«Сениң ислериңди, сүйиспеншилигиңди, исенимиңди, хызметиңди ҳәм сабырлылығыңды билемен. Соңғы ислериңниң биринши исенген ўақтыңдағы ислериңнен көбирек екенин де билемен. 20Деген менен, саған бир қарсылығым бар: өзин пайғамбар деп атаған Изабел атлы ҳаялға шыдап атырсаң. Бул ҳаял хызметшилеримди жолдан урып, бузықшылық ислеўге ҳәм бутларға шалынған қурбанлық гөшин жеўге үйретпекте. 21Тәўбе етиўи ушын оған мәўлет берген едим. Бирақ ол бузықшылығы ушын тәўбе етиўди қәлемейди. 22Мине, Мен оны кеселлик төсегине қулатаман. Оның менен бузықшылық ислейтуғынларды да оның менен бирге ислеген жаман ислери ушын тәўбе етпесе, үлкен қайғы-ҳәсиретке дуўшар етемен. 23Оның изине ергенлерди де өлимге дуўшар етемен. Сонда пүткил жәмәәтлер Мениң кеўил ҳәм жүреклерди сынаўшы екенимди билип алады. Ҳәр бириңизге ислериңизге қарай қайтараман. 24– 25Бирақ, Тиатирадағы басқаларға, яғный сол ҳаялдың тәлиматын тутпай, „шайтанның тәлиматының терең сырларын“үйренбеген сизлерге айтатуғыным мынаў: „Мен келемен дегенше, өзлериңизде бар болғанларға беккем болыңлар“. Сизлерге буннан басқа аўырманлық салмайман. 26Жеңип шығып, Мениң буйырғанларымды ақырына дейин орынлағанға миллетлер үстинен бийлик беремен. 27„Ол оларды темир таяқ пенен басқарып,Ылай ыдыс сыяқлы сындырып таслайды“. ▼
Әкемнен Мен алған усындай бийликти ол да алады. 28Жеңип шыққанға таң жулдызын да беремен. 29Қулағы бар адам Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».
Copyright information for
KaaIBT22C