‏ Revelation of John 20

Мың жыллық патшалық

1Соң мен қолында терең туңғыйықтың гилти ҳәм үлкен шынжыры бар бир периштениң аспаннан түскенин көрдим. 2Периште айдарҳаны, яғный әзәзүл ҳәм шайтан деп аталған сол ески жыланды тутып, мың жылға байлап таслады. 3Мың жыл тамам болмағанша, миллетлерди енди азғырмасын деп, оны терең туңғыйыққа ылақтырып жиберди. Ол жерди жаўып, аўзын мөрлеп таслады. Мың жыл өткеннен соң, ол қысқа мүддетке босатылыўы тийис.

4Соңынан мен тахтларды ҳәм оларда отырғанларды көрдим. Оларға ҳүким етиў бийлиги берилген еди. Ийсаның гүўалығы ҳәм Қудайдың сөзи ушын басы кесилгенлердиң жанларын да көрдим. Булар жыртқыш ҳайўанға ҳәм оның мүсинине табынбаған, маңлайларына ҳәм қолларына жыртқыш ҳайўанның тамғасын бастырмаған еди. Олар тирилип, Масийх пенен бирге мың жыл патшалық етти.

5Бул – биринши қайта тирилиў. Қалған өлилер мың жыл тамам болмағанша тирилмеди. 6Биринши қайта тирилиўде қатнасқанлар бахытлы ҳәм мухаддес. Екинши өлимниң булар үстинен ҳеш қандай бийлиги жоқ. Олар Қудайдың ҳәм Масийхтың руўханийлери болып, Оның менен бирге мың жыл патшалық етеди.

Шайтанның жазаланыўы

7Мың жыл өткеннен соң, шайтан қамалған жеринен азат етиледи. 8Жер жүзиниң төрт мүйешиндеги миллетлерди, яғный Гог ҳәм Магогты азғырып, оларды саўашқа жыйнаў ушын, ол қамақтан шығады. Олардың саны теңиздиң қумы сыяқлы сан-санақсыз болады.

9Олар жер жүзин басып өтип, мухаддеслердиң мәканы болған Қудайдың сүйикли қаласын қоршап алды. Бирақ аспаннан от жаўып, оларды күйдирип, жоқ қылып жиберди. 10Ал оларды азғырған шайтан от ҳәм күкирт көлине ылақтырылды. Бурын сол жерге жыртқыш ҳайўан ҳәм жалған пайғамбар да ылақтырылған еди. Олар күни-түни, мәңги-бақый азап шегеди.

Өлилердиң ҳүким етилиўи

11Сонда мен бир уллы ақ тахтты ҳәм тахтта Отырғанды көрдим. Жер ҳәм аспан Оның жүзинен қашып, жоқ болып кетти. 12Тахттың алдында турған үлкен-киши өлилерди де көрдим. Соңынан китаплар ашылды. Басқа бир китап та ашылды, бул – Өмир китабы еди. Өлилер китапларда жазылғанлар бойынша, өз ислерине қарай ҳүким етилди. 13Теңиз өзинде болған өлилерди, өлим ҳәм өлилер мәканы да өзлеринде болған өлилерди шығарып берди. Ҳәр бири өз ислерине қарай ҳүким етилди. 14Өлим ҳәм өлилер мәканы от көлине ылақтырылды. Бул от көли – екинши өлим. 15Атлары Өмир китабында жазылмағанлардың ҳәммеси от көлине ылақтырылды.
Copyright information for KaaIBT22C