‏ Revelation of John 21

Жаңа аспан ҳәм жаңа жер

1Буннан соң, мен жаңа аспан менен жаңа жерди көрдим. Себеби бурынғы аспан ҳәм бурынғы жер жоқ болып кеткен еди. Енди теңиз де жоқ еди. 2Және мен аспаннан, Қудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала – жаңа Ерусалимди көрдим. Ол өз күйеўи ушын таярланып безенген келин сыяқлы еди. 3Сонда тахттан шыққан бир бәлент даўыстың былай дегенин еситтим: «Мине, Қудайдың мәканы адамлар арасында. Қудай да олардың арасында жасайды. Олар Қудайдың халқы болады, Қудайдың Өзи де олардың Қудайы болып, олар менен бирге жасайды. 4Қудай олардың барлық көз жасларын сүртип таслайды. Енди өлим де, қайғы да, жылаў да, азап та болмайды. Өйткени бурынғылар өтип кетти».

5Тахтта Отырған:

– Енди ҳәммесин жаңалайман, – деди. Ол және маған: – Мынаны жаз: себеби бул сөзлер исенимли ҳәм ҳақыйқат, – деди.
6Соңынан Ол маған былай деди: – Орынланды. Мен – Альфа ҳәм Омегаман, Биринши ҳәм Соңғыман. Шөллеген адамға өмир суўының булақларынан ешейин суў беремен. 7Жеңип шыққан усыларды мийрас етип алады. Мен оның Қудайы боламан, ол Маған перзент болады. 8Бирақ қорқақлар, исенбейтуғынлар, ҳарамылар, адам өлтириўшилер, бузықлар, сыйқыршылар, бутпаразлар ҳәм барлық өтирикшилердиң орны – күкирт жанған от көли болады. Бул – екинши өлим.

Жаңа Ерусалим

9Соңынан ақырғы жети бәлеге толы жети кесеси бар жети периштениң бири жаныма келип:

– Берман кел. Мен саған Қозының қалыңлығын көрсетемен. Ол Қозының болажақ келиншеги, – деди.

10Периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында үлкен ҳәм бийик бир таўға көтерди. Ол жерден маған аспаннан, Қудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала Ерусалимди көрсетти. 11Қала Қудайдың салтанатына ийе еди. Ол ҳасыл тас сыяқлы, кристаллдай мөлдир яспис тасы сыяқлы жарқырап тур еди. 12Қаланың үлкен ҳәм бийик дийўаллары болып, он еки дәрўазасы бар еди. Дәрўазаларды он еки периште қараўыллайтуғын еди. Дәрўазаларға Израилдың он еки урыўының атлары жазылған еди. 13Шығыста үш дәрўаза, арқада үш дәрўаза, қублада үш дәрўаза, батыста үш дәрўаза бар еди. 14Қаланың дийўаллары он еки тийкар тасқа ийе болып, оларда Қозының он еки елшисиниң атлары жазылған еди.

15Мениң менен сөйлескен периштениң қолында қаланы ҳәм қаланың дәрўазалары менен дийўалларын өлшеўге арналған алтын таяқ бар еди. 16Қала төрт мүйешли болып, узынлығы менен ени бирдей еди. Периште қаланы өлшейтуғын таяқ пенен өлшегенде, узынлығы, ени ҳәм бийиклиги бирдей болып, ҳәр бир тәрепи еки мың еки жүз шақырым болып шықты. 17Периште дийўалларды да өлшеп шықты. Дийўаллардың бийиклиги бир жүз отыз еки шығанақ болып шықты. Периште инсан өлшемин қолланған еди. 18Дийўаллар яспис тасынан, ал қала мөлдир шийше сыяқлы, сап алтыннан салынған еди. 19Қала дийўалларының тийкар таслары ҳәр түрли ҳасыл таслар менен безелген еди. Биринши тийкар тасы яшма, екиншиси сапфир, үшиншиси халкидон, төртиншиси зүмрет, 20бесиншиси сардоникс, алтыншысы сердолик, жетиншиси хризолит, сегизиншиси берилл, тоғызыншысы топаз, оныншысы хризопрас, он бириншиси яқыт, он екиншиси аметист. 21Он еки дәрўаза он еки ҳинжи, яғный ҳәр бир дәрўаза бир ҳинжиден соғылған еди. Қаланың көшеси мөлдир шийше сыяқлы сап алтыннан еди.

22Мен қалада Ибадатхана көрмедим. Өйткени Қүдирети күшли Қудай Ийе ҳәм Қозы қаланың Ибадатханасы еди. 23Қаланы жақтыландырыў ушын қуяштың ямаса айдың кереги жоқ еди. Себеби Қудайдың салтанаты оны жақтыландырып туратуғын еди. Ал Қозы оның шырасы еди. 24Миллетлер қаланың жақтысында жүреди. Дүнья патшалары өз даңқ-салтанатын ол жерге алып келеди. 25Қаланың дәрўазалары ҳәр қашан ашық турады, өйткени ол жерде ҳеш қашан түн болмайды. 26Адамлар өз миллетиниң даңқ-салтанатын ҳәм абырайын ол жерге алып келеди. 27Бирақ ҳеш қандай ҳарам нәрсе, жеркенишли ислер ислеген ҳәм жалған сөйлеген ҳеш бир адам ҳеш қашан оған кирмейди. Тек атлары Қозының Өмир китабында жазылғанлар ғана киреди.
Copyright information for KaaIBT22C