Revelation of John 22
1Сонда периште маған кристалл сыяқлы жылтыраған өмир суўының дәрьясын көрсетти. Бул дәрья Қудайдың ҳәм Қозының тахтынан шығып, 2қаланың кең көшесиниң ортасы бойлап ағып тур еди. Дәрьяның еки тәрепинде ҳәр айда он еки түрли мийўе берип туратуғын өмир тереги бар еди. Теректиң жапырақлары болса, миллетлердиң шыпа алыўы ушын арналған еди. 3Енди ҳеш қандай ғарғыс болмайды. Қудайдың ҳәм Қозының тахты қаланың ишинде болады. Ал хызметшилери Оған хызмет етеди. 4Олар Қудайдың жүзин көреди, маңлайларына Оның аты жазылады. 5Енди түн болмайды. Я шыра жақтысының, я қуяш жақтысының кереги болмайды. Себеби Қудай Ийениң Өзи оларға жақты болады ҳәм олар мәңги-бақый патшалық етеди.Ийсаның келиўи
6Соңынан периште маған былай деди: – Бул сөзлер – исенимли ҳәм ҳақыйқат. Өз пайғамбарларына Руўхын берген Қудай Ийе жақын арада болыўы тийис ўақыяларды хызметшилерине билдириў ушын, Өз периштесин жиберди. 7«Мине, Мен жылдам келемен! Бул китаптың пайғамбаршылық сөзлерин орынлайтуғын адам қандай бахытлы!» – дейди Ийемиз Ийса. 8Мен – усыларды еситкен ҳәм көрген Юханман. Буларды еситип ҳәм көргенимде, усыларды маған көрсеткен периштеге табыныў ушын, оның аяқларына жығылдым. 9Бирақ ол маған: – Бундай қыла гөрме! Мен де сен, пайғамбар болған туўысқанларың ҳәм бул китаптың сөзлерин орынлайтуғынлар сыяқлы, Қудайдың хызметшисимен. Қудайға табын, – деди. 10Соңынан ол маған былай деди: – Бул китаптың пайғамбаршылық сөзлерин мөрлеп таслама. Өйткени ўақыт жақын қалды. 11Жаманлық қылатуғын адам және де жаманлық қылыўды даўам етсин. Ҳарам болған адам ҳарам исин даўам етсин. Ҳақ болған адам және де ҳақ ислер ислей берсин. Мухаддес болған адам мухаддес болып қалсын. 12Ийемиз Ийса былай дейди: «Мине, Мен жылдам келемен! Беретуғын сыйым Өзим менен бирге. Ҳәр бир адамға ислерине қарай қайтараман. 13Мен – Альфа ҳәм Омегаман, Биринши ҳәм Соңғыман, Басы ҳәм Ақырыман. 14Өмир терегинен жеўге ҳуқық алыў ушын ҳәм қалаға дәрўаза арқалы кириў ушын кийимлерин жуўғанлар ▼▼ кийимлерин жуўғанлар – Базы қолжазбаларда «Оның буйрығына бойсынғанлар».
қандай бахытлы! 15Ийтлер – сыйқыршылар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, адам өлтириўшилер, бутқа табыныўшылар, өтирикти жақсы көрип, жалған ислерди ислеўшилердиң ҳәммеси сыртта қалады. 16Мен, Ийса, исениўши жәмәәтлердеги сизлерге бул гүўалықты жеткизсин деп, Өз периштемди жибердим. Мен – Даўыттың тамыры ҳәм урпағы, ▼ жақты таң жулдызыман». 17Мухаддес Руўх ҳәм келин: «Кел!» – дейди. Еситкен ҳәр бир адам: «Кел!» – десин. Шөллеген адам келсин, қәлеген адам өмир суўынан ешейин алсын. 18Бул китаптағы пайғамбаршылық сөзлерин еситкен ҳәр бир адамды ескертип атырман: егер ким де ким бул сөзлерге бир нәрсе қосса, Қудай да оны бул китапларда жазылған бәлелерге дуўшар етеди. 19Егер ким де ким бул пайғамбаршылық китабының сөзлеринен бир нәрсе алып тасласа, Қудай да оны бул китапта жазылған өмир терегинен ҳәм мухаддес қаладан үлессиз қалдырады ▼▼ бул китапта жазылған өмир терегинен ҳәм мухаддес қаладан үлессиз қалдырады – Әййемги латын аўдармасында «өмир китабынан, мухаддес қаладан ҳәм усы китапта жазылғанлардан бийнесип қылады». Бул вариант грекше қолжазбаларда жоқ.
. 20Буларды гүўалық етип айтқан Ийемиз: «Аўа, Мен жылдам келемен», – дейди. Аўмийин! Келе гөр, Ийем Ийса! 21Ийемиз Ийсаның мийрими ҳәммеңизге яр болсын! Аўмийин.
Copyright information for
KaaIBT22C