Revelation of John 3
Сардис жәмәәтине
1– Сардис жәмәәтиниң периштесине жаз. Қудайдың жети руўхына ҳәм жети жулдызына ийе болған былай дейди: «Сениң ислериңди билемен. Тири жәмәәт деген атың бар, бирақ сен өлисең. 2Сергек бол! Еле өлмей қалған, енди өлейин деп атырғанларды беккемле. Себеби Қудайымның алдында сениң ислериңниң жеткиликсиз екенлигин көрдим. 3Сонлықтан өзиң қабыл алып еситкен тәлиматыңды есиңе түсир. Оны тутынып, тәўбе ет! Егер сергек болмасаң, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен. Мениң қашан келетуғынымды билмей де қаласаң. 4Бирақ Сардисте, сизлердиң араңызда кийимлерин кирлетпеген айырым адамлар бар. Олар ақ кийим кийип, Мениң менен бирге жүреди. Өйткени олар усыған ылайықлы. 5Жеңип шыққан усындай ақ кийим кийеди. Бундай адамның атын Өмир китабынан ▼▼ Өмир китабы – мәңгилик өмирге ийе болғанлардың атлары жазылған Қудайдың китабы.
ҳеш қашан өширмеймен. Әкемниң ҳәм Оның периштелериниң алдында бул адамның атын ашық тән аламан. 6Қулағы бар адам Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин». Филадельфия жәмәәтине
7– Филадельфия жәмәәтиниң периштесине жаз. Мухаддес ҳәм ҳақыйқат болған, Даўыттың гилтине ийе, Ол ашса ҳеш ким жаба алмайтуғын, жапса, ҳеш ким аша алмайтуғын былай дейди: 8«Сениң ислериңди билемен. Мине, сениң алдыңа ҳеш ким жаба алмайтуғын ашық бир қапы қойдым. Күшиң аз болса да сөзимди орынлап, атымнан ўаз кешпедиң. 9Қара, шайтанның жыйынынан болғанларды, өзлерин яҳудиймиз деп атап, бирақ яҳудий болмаған өтирикшилерди саған тапсыраман. Оларды саған келиўге ҳәм сениң аяғыңа бас урыўға мәжбүр етип, оларға Мениң сени сүйетуғынымды көрсетемен. 10Сабырлылық пенен шыда деген буйрығымды орынлағаның ушын, жер жүзинде жасайтуғынларды сынаў мақсети менен пүткил дүнья жүзине келетуғын сынақ ўақтынан Мен де сени сақлайман. 11Мен жылдам келемен. Тажыңды ҳеш ким алып қоймаўы ушын, өзиңде бар нәрсеге беккем бол. 12Жеңип шыққанды Қудайымның Ибадатханасының сүтини қыламан. Сол адам ол жерден ҳеш қашан шықпайды. Оның үстине Қудайымның атын, Қудайымның қаласының атын, яғный аспаннан, Қудайдың жанынан түсетуғын жаңа Ерусалимниң атын ҳәм Өзимниң жаңа атымды жазаман. 13Қулағы бар адам Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».Лаодикия жәмәәтине
14– Лаодикия жәмәәтиниң периштесине жаз. Аўмийин деп аталған, садық ҳәм ҳақыйқый гүўа, Қудайдың жаратқанларының Тийкары былай дейди: 15«Сениң ислериңди билемен. Сен я суўық, я ыссы емессең. Қәне енди, я суўық, я ыссы болсаң! 16Сен ыссы да, суўық та емес, ал жыллы болғаның ушын, сени қусып жиберемен. 17Байман, байыдым, ҳеш нәрсеге мүтәж емеспен, дейсең. Бирақ өзиңниң бахытсыз, аянышлы, жарлы, соқыр ҳәм жалаңаш екенлигиңди билмейсең. 18Сонлықтан Мениң саған айтатуғын мәсләҳәтим мынаў: бай болыўың ушын, Меннен отта тазаланған алтын, жалаңашлығыңның айыбы көринбеў ушын ақ кийимлер, көриўиң ушын көзлериңе сүртетуғын дәри сатып ал. 19Мен сүйгенлеримниң ҳәммесин әшкара етип, тәрбиялайман. Сол себепли инталы болып, тәўбе ет. 20Мине, Мен қапы алдында қағып турман. Егер ким де ким даўысымды еситип, қапыны ашса, оның үйине киремен. Мен оның менен, ол Мениң менен бирге аўқат жеймиз. 21Мен жеңип шығып, Әкем менен бирге Оның тахтына отырғанымдай, жеңип шыққанға да Мениң менен бирге тахтыма отырыў ҳуқықын беремен. 22Қулағы бар адам Мухаддес Руўхтың жәмәәтлерге айтып атырған сөзлерин еситсин».
Copyright information for
KaaIBT22C