Revelation of John 4
Аспандағы тахт
1Буннан соң, аспанда ашық турған бир қапыны көрдим. Мен бурын еситкен даўыс, яғный кәрнай сестине уқсаған сес маған былай деди: «Бул жерге көтерил! Мен саған буннан соң болыўы тийис ўақыяларды көрсетемен». 2Сонда мен дәрҳал Мухаддес Руўхқа толып, аспанда бир тахтты ҳәм онда Отырғанды ▼▼ Отырған – Қудай.
көрдим. 3Тахтта Отырғанның көриниси яспис, сердолик сыяқлы ҳасыл таслардай жарқырап, ал тахттың әтирапын жарқыраған ҳасыл зүмрет тасы сыяқлы айқулақ қоршап турған еди. 4Тахттың дөгерегинде басқа жигирма төрт тахт болып, бул тахтларда ақ кийимли, басларына алтын таж кийген жигирма төрт ақсақал отырған еди. 5Тахттан шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыс шығып, гүлдирмаманың гүркирегени еситилип турған еди. Ал тахттың алдында жети шыра жанып турған еди. Бул – Қудайдың жети руўхы. 6Және тахттың алдында кристалл сыяқлы шийше теңиз бар еди. Тахттың төрт тәрепинде, яғный дөгерегинде алды-арты көзге толған төрт мақлуқ турған еди. 7Олардың бириншиси арысланға, екиншиси танаға уқсаған еди. Ал үшиншисиниң жүзи адамның түриндей, төртиншиси ушып баратырған бүркит сыяқлы еди. 8Ҳәр бириниң алты қанаты болып, қанатларының иши-сырты толған көз еди. Олар күни-түни тоқтамастан: «Бар болған, ҳәзир бар,Келешекте келетуғын,
Қүдирети күшли Қудай Ийе,
Мухаддес, мухаддес, мухаддес!» – дейди.
9Төрт мақлуқ мәңги-бақый жасайтуғын тахтта Отырғанды уллылап, Оған ҳүрмет көрсетип шүкирлик билдирген сайын, 10жигирма төрт ақсақал тахтта отырған мәңги-бақый Жасайтуғынның алдына жығылып, Оған табынды. Олар тажларын тахттың алдына қойып былай деди: 11«Ийемиз ҳәм Қудайымыз!
Сен даңқ, ҳүрмет ҳәм қүдиретти алыўға ылайықлысаң.
Себеби ҳәмме нәрсени Сен жаратқансаң.
Ҳәммеси Сениң еркиң менен жаратылды ҳәм бар болды».
Copyright information for
KaaIBT22C