‏ Revelation of John 5

Мөрленген орама қағаз ҳәм Қозы

1Сонда тахтта Отырғанның оң қолында иши-сырты жазылған, жети мөр басылып бекитилген бир орама қағазды көрдим. 2Және мен бәлент даўыс пенен жәриялап бақырған бир күшли периштени де көрдим. Ол жар салып: «Ким бекитилген мөрлерди бузып, орама қағазды ашыўға ылайықлы?» – деди. 3Бирақ аспанда да, жерде де, жердиң астында да орама қағазды ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким болмады. 4Орама қағазды ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким табылмағанлықтан, мен қатты жыладым. 5Сонда ақсақаллардың бири маған:

– Жылама! Қара, Яҳуда урыўынан шыққан Арыслан , Даўыттың Тамыры жеңип шықты! Ол бекитилген жети мөрди бузып, орама қағазды аша алады, – деди.

6Сол ўақытта мен тахт пенен төрт мақлуқтың ортасында, ақсақаллардың арасында баўызланғанға уқсаған бир Қозыны
Қозы – пүткил адамзат ушын қурбан болған Ийса Масийхтың тымсалы.
көрдим.

Қозының жети мүйизи ҳәм жети көзи бар еди. Бул көзлер – Қудайдың пүткил жер жүзине жиберген жети руўхы.
7Қозы жақынлап барып, тахтта Отырғанның оң қолынан орама қағазды алды.

8Қозы орама қағазды алғанда, төрт мақлуқ ҳәм жигирма төрт ақсақал Оның аяғына жығылды. Ҳәр бириниң қолында арфа ҳәм түтеткиге толы алтын тостағанлар бар еди. Бул түтеткилер мухаддеслердиң
Мухаддеслер – Ийсаға исениўшилер.
дуўаларын билдиреди.
9Олар жаңа алғыслаў қосығын айтып былай деди: «Сен орама қағазды алыўға ҳәм бекитилген мөрлерди бузып ашыўға ылайықлысаң!
Өйткени Сен Өзиңди қурбан еттиң ҳәм ҳәр бир урыў, тил,
Халық ҳәм миллеттен шыққан адамларды Қудайға арнаў ушын,
Өз қаныңды төгип, олардың төлемлерин өтедиң.
10Оларды патшалығыңа еристирип,
Қудайдың хызметиндеги руўханийлер қылдың.
Олар жер жүзинде патшалық етеди».

11Соңынан тахтты, мақлуқларды ҳәм ақсақалларды қоршаған есап-сансыз, мың-мыңлаған, миллионлаған периштелерди көрдим ҳәм олардың даўысларын еситтим. 12Олар даўыслап қосық айтып былай деди: «Баўызланған Қозы күш, байлық, даналық, қүдирет,
Ҳүрмет, даңқ ҳәм алғыс-мақтаўды алыўға ылайықлы».

13Және мен аспандағы, жер жүзиндеги, жердиң астындағы ҳәм теңиздеги пүткил жаратылыстың, олардағы пүткил барлықтың былай деп қосық айтқанын еситтим: «Тахтта Отырған ҳәм Қозы,
Алғыс-мақтаўға ҳәм ҳүрметке,
Даңққа ҳәм қүдиретке,
Мәңги-бақый ийе болсын!»

14Төрт мақлуқ: «Аўмийин!» деп жуўап берди, ал жигирма төрт ақсақал жерге жығылып табынды
табынды – Базы қолжазбаларда «мәңги-бақый Жасаўшыға табынды».
.
Copyright information for KaaIBT22C