Revelation of John 6
Бекитилген мөрлердиң бузып ашылыўы
1Соңынан мен Қозының бекитилген жети мөрдиң бириншисин бузып ашқанын көрдим. Сонда төрт мақлуқтың бириниң гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўыс пенен: «Кел» дегенин еситтим. 2Қарасам, бир ақ ат тур екен. Аттың үстиндегиниң оқ жайы бар еди. Оған бир таж берилди. Ол жеңимпаз болып, және жеңиске ерисиўге атланды. 3Қозы бекитилген екинши мөрди бузып ашқанда, екинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим. 4Сонда оттай қызыл бир ат шықты. Атқа мингенге адамлардың бир-бирин өлтириўи ушын, дүнья жүзиндеги парахатшылықты жоқ қылыў бийлиги берилди. Оған үлкен бир қылыш та берилди. 5Қозы бекитилген үшинши мөрди бузып ашқанда, үшинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим. Қарасам, бир қара ат тур екен. Атқа мингенниң қолында пәлле тәрези бар еди. 6Төрт мақлуқтың ортасынан шыққан бир даўыстың: «Бир күнлик ис ҳақыға бир қадақ бийдай ямаса үш қадақ арпа бериледи. Бирақ, зәйтүн майына ҳәм шарапқа зыян тийгизбе!» – дегенин еситтим. 7Қозы бекитилген төртинши мөрди бузып ашқанда, төртинши мақлуқтың: «Кел!» дегенин еситтим. 8Қарасам, бир ақшыл сур ат тур екен. Атқа мингенниң аты өлим болып, оның изинен өлилер мәканы ерип киятырған еди. Оларға қылыш, ашлық, жуқпалы аўырыўлар ҳәм жердеги жыртқыш ҳайўанлар менен адамларды өлтириў ушын, дүньяның төрттен бир бөлегиниң үстинен бийлик берилди. 9Қозы бекитилген бесинши мөрди бузып ашқанда, қурбанлық орынның астында Қудайдың сөзи ҳәм өзлери айтқан гүўалықлары ушын өлтирилгенлердиң жанларын көрдим. 10Олар бәлент даўыс пенен бақырып былай деди: «Мухаддес ҳәм ҳақыйқый Ийемиз! Сен енди қашанға дейин жер жүзинде жасайтуғынларды ҳүким етип, олардан төгилген қанымыз ушын өш алмаўыңды даўам етесең?» 11Сонда олардың ҳәр бирине ақ кийим берилип: «Сизлер сыяқлы өлтирилетуғын өзлериңиздей хызметшилердиң ҳәм туўысқанларыңыздың саны толық болғанға шекем аз-маз күтип турыңлар», – делинди. 12Қозы бекитилген алтыншы мөрди бузып ашқанда қарасам, жер күшли силкинип, қуяш қара жүннен тоқылған аза кийимдей, ал ай толығы менен қан сыяқлы қып-қызыл болып кетти. 13Ал аспандағы жулдызлар күшли самал себепли шайқалған әнжир ағашынан писпей атырып төгилген мийўелер сыяқлы жерге түсти. 14Аспан болса, оралған қағаз сыяқлы жоқ болып кетти. Ҳәр бир таў ҳәм атаў орнынан көширилди ▼. 15Сонда дүньяның патшалары, ҳәмелдарлары, әскербасылары, байлары, күшлилери, барлық қул ҳәм азат адамлары үңгирлер менен таўдағы жартаслар арасына жасырынды. 16Олар таўлар ҳәм жартасларға жалынып: «Үстимизге қулап, тахттың үстинде Отырғаннан ҳәм Қозының ғәзебинен бизлерди жасыра гөриң! 17Себеби олардың қәҳәрли ғәзебиниң күни келди, буған ким шыдай алады», – деди.
Copyright information for
KaaIBT22C