Revelation of John 7
Мөрленген Қудайдың хызметшилери
1Буннан соң, мен жер жүзиниң төрт мүйешинде турған төрт периштени көрдим. Олар жер бетине, теңизге ҳәм ҳәр бир терекке еспесин деп, жер жүзиниң төрт самалын услап турған еди. 2Мен және шығыстан көтерилип киятырған, тири Қудайдың мөрине ийе басқа бир периштени көрдим. Ол жерге ҳәм теңизге зыян келтириў бийлиги берилген төрт периштеге бәлент даўыс пенен бақырып: 3«Бизлер Қудайымыздың хызметшилериниң маңлайларына мөр баспағанымызша, жерге, теңизге ҳәм тереклерге зыян тийгизбеңлер!» – деди. 4Сонда мен маңлайларына мөр басылғанлардың саны бир жүз қырық төрт мың екенин еситтим. Олар Израил халқының барлық урыўларынан еди. 5– 6– 7– 8Яҳуда урыўынан он еки мың,Рубен урыўынан он еки мың,
Гад урыўынан он еки мың,
Ашер урыўынан он еки мың,
Нафталий урыўынан он еки мың,
Менашше урыўынан он еки мың,
Шимон урыўынан он еки мың,
Лебий урыўынан он еки мың,
Иссахар урыўынан он еки мың,
Зебулон урыўынан он еки мың,
Юсуп урыўынан он еки мың,
Бенямин урыўынан он еки мың адамға мөр басылды.
Ҳәр түрли миллеттен болған сансыз халық
9Буннан соң қарасам, ҳәр түрли миллеттен, ҳәр түрли урыўдан, ҳәр түрли халықтан ҳәм ҳәр түрли тилден болған, ҳеш ким санай алмайтуғын үлкен топар тахттың ҳәм Қозының алдында турған екен. Ҳәммеси ақ кийим кийген болып, қолларына пальма ағашының шақаларын услап турған еди. 10Олар бәлент даўыс пенен: «Қутқарыў тахтта отырған Қудайымыздың ҳәм Қозының қолында», – деп бақырып турған еди. 11Барлық периштелер тахттың, ақсақаллардың ҳәм төрт мақлуқтың дөгерегинде турған еди. Олар тахттың алдында жерге жығылып, Қудайға табынып былай деди: 12«Аўмийин.Алғыс, даңқ, даналық,
Мақтаў, ҳүрмет, күш-қүдирет,
Мәңги-бақый Қудайымыздики болсын!
Аўмийин».
13Сонда ақсақаллардың бири меннен: – Ақ кийим кийген мына адамлар кимлер, олар қаяқтан келди? – деп сорады. 14– Буны сиз билесиз, мырзам, – дедим мен. Ол маған былай деди: – Булар – аўыр азапты басынан кеширгенлер. Кийимлерин Қозының қаны менен жуўып, аппақ қылғанлар. 15Сонлықтан олар Қудайдың тахтының алдында турып, Оның Ибадатханасында күни-түни Оған хызмет етеди. Тахтта Отырған олар менен бирге болып, Өз панасында сақлайды. 16Олар енди ҳеш қашан аш болмайды ҳәм шөллемейди, қуяш ямаса жәзийрама ыссы оларды күйдирмейди. 17Өйткени тахттың ортасында болған Қозы олардың шопаны болып, тири суў булақларына алып барады. Қудай олардың барлық көз жасларын сүртип таслайды.
Copyright information for
KaaIBT22C