Revelation of John 8
Бекитилген жетинши мөрдиң бузып ашылыўы
1Қозы бекитилген жетинши мөрди бузып ашқанда, аспанда ярым сааттай үнсизлик орнады. 2Сонда мен Қудайдың алдында турған жети периштени көрдим. Оларға жети кәрнай берилди. 3Соңынан басқа бир периште келип, қурбанлық орында турды. Оның қолында түтеткини түтетиўге арналған алтын ыдыс бар еди. Оған пүткил мухаддеслердиң дуўаларына қосып, тахттың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық орынға бағышлаў ушын, көп муғдарда түтеткилер берилди. 4Сонда мухаддеслердиң дуўалары менен бирге түтеткиниң түтини периштениң қолынан көтерилип, Қудайдың алдына жетип барды. 5Периште түтетки салынған ыдысты алып, оны қурбанлық орынның жанып турған шоғына толтырды да, жерге ылақтырып жиберди. Сонда гүлдирмама гүркиреп, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳәм шақмақ шағып, жер силкинди.Жети кәрнай
6Жети периште қолларындағы жети кәрнайды шертиўге таярланды. 7Биринши периште кәрнайын шертти. Сонда қанға араласқан буршақ ҳәм от жерге жаўды. Жер бетиниң үштен бири, тереклердиң үштен бири ҳәм жасыл шөплердиң ҳәммеси жанып кетти. 8Екинши периште кәрнайын шертти. Лаўлап жанған таў сыяқлы үлкен бир нәрсе теңизге ылақтырылды. Теңиздиң үштен бири қанға айланды. 9Теңиздеги жаныўарлардың үштен бири өлди ҳәм кемелердиң үштен бири қыйралып қалды. 10Үшинши периште кәрнайын шертти. Сонда аспаннан шом сыяқлы жалынлап жанған бир үлкен жулдыз дәрьялардың үштен бир бөлегине ҳәм суў булақларының үстине түсти. 11Бул жулдыздың аты – жуўсан. Суўлардың үштен бир бөлеги жуўсан сыяқлы ашшы болды. Суў ашшы болғанлықтан, ишкен адамлардың көбиси өлип қалды. 12Төртинши периште кәрнайын шертти. Қуяштың үштен бири, айдың үштен бири ҳәм жулдызлардың үштен бири зақымланды. Олардың үштен бири қараңғыланып, күндиз ҳәм түнниң үштен бир бөлеги жақтысыз қалды. 13Мен соңынан аспанның ортасында ушып жүрген бир бүркитти ▼▼ бүркитти – Базы қолжазбаларда «периштени».
көрдим ҳәм оның бәлент даўыс пенен былай дегенин еситтим: «Ҳәсирет, ҳәсирет! Жер жүзинде жасаўшылар ҳәсирет шегеди! Себеби кәрнайларын шертетуғын қалған үш периште кәрнай шертиўге таяр тур!»
Copyright information for
KaaIBT22C