Revelation of John 9
1Бесинши периште кәрнайын шертти. Сонда мен аспаннан жерге түскен бир жулдызды көрдим. Оған терең туңғыйықтың аўзын ашатуғын гилт берилди. 2Жулдыз терең туңғыйықтың аўзын ашқанда, туңғыйықтан үлкен пештиң түтининдей түтин шықты. Бул түтиннен қуяш ҳәм ҳаўа қараңғыланып кетти. 3Түтинниң ишинен жерге шегирткелер жаўды. Оларға жердеги шаянлардың күшине уқсаған бир күш берилген еди. 4Шегирткелерге жердеги көк шөплерге, өсимликлерге ҳәм тереклерге зыян келтирмеў, тек маңлайларында Қудайдың мөри жоқ адамларға ғана азап бериў буйырылды. 5Оларға бул адамларды өлтирмей, тек бес ай даўамында азап бериўге рухсат етилди. Олар берген азап адамды шаян шаққандай қыйнайды. 6Сол күнлери адамлар өлим излейди, бирақ таба алмайды. Өлиўди аңсайды, бирақ өлим олардан қашып кетеди. 7Шегирткелердиң көриниси саўашқа таярланған атлар сыяқлы болып, басларында алтын тажларға уқсаған тажлары бар еди. Жүзлери болса, адамның жүзине уқсаған еди. 8Шашлары ҳаялдың шашындай, тислери арысланның тисиндей еди. 9Көкиреклеринде темир саўытларға уқсаған саўытлар болып, қанатларының сести саўашқа шаўып баратырған сансыз атлы арбалардың сести сыяқлы еди. 10Шегирткелердиң шаяндикиндей қуйрықлары ҳәм ийнелери бар еди. Қуйрықлары адамларға бес ай бойы азап беретуғын күшке ийе еди. 11Олардың үстинен терең туңғыйықтың периштеси патшалық ететуғын еди. Бул периштениң еврейше аты Абаддон, ал грекше аты Аполлион ▼▼ Абаддон, Аполлион – екеўи де «набыт қылыўшы» деген мәнисти билдиреди.
еди. 12Биринши ҳәсирет өтти, мине, буннан соң және еки ҳәсирет келмекте. 13Алтыншы периште кәрнайын шертти. Сонда мен Қудайдың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық орынның төрт мүйешиндеги шақлардан шыққан бир даўысты еситтим. 14Даўыс қолында кәрнайы бар алтыншы периштеге: «Уллы Евфрат дәрьясының жанында байлаўлы турған төрт периштени босатып жибер», – деди. 15Сонда анық сол саат, сол күн, сол ай ҳәм сол жыл ушын таяр турған төрт периште адамлардың үштен бирин өлтириў ушын босатылып жиберилди. 16Олардың атлы әскерлериниң саны еки жүз миллион екенлигин еситтим. 17Аянымда көрген атлар менен атлылардың көриниси мынадай: атлылардың оттай қызыл, қызғыш көк ҳәм күкирт реңли саўытлары бар еди. Атлардың баслары арысланның басына уқсаған болып, аўызларынан от, түтин ҳәм күкирт шығып турған еди. 18Адамзаттың үштен бири усы үш бәледен: булардың аўзынан шыққан от, түтин ҳәм күкирттен өлди. 19Өйткени атлардың күши аўызларында ҳәм қуйрықларында еди. Қуйрықлары басы бар жыланлар сыяқлы болып, адамларды олар менен азаплайтуғын еди. 20Усы бәлелерден өлмей қалған адамлар өз қоллары менен ислеген жаман ислери ушын тәўбе етпеди. Олар я көре, я есите, я жүре алмайтуғын алтын, гүмис, қола, тас ҳәм ағаштан исленген бутларға ҳәм жинлерге табыныўдан ўаз кешпеди. 21Және де адам өлтириў, сыйқыршылық ислеў, жынысый бузықшылық қылыў ҳәм урлық ислеўди қойып, тәўбе етпеди.
Copyright information for
KaaIBT22C