‏ Romans 1

Сәлемнама

1Ийса Масийхтың қулы болған, елшиликке шақырылып, Қудайдың Хош Хабарын жәриялаў ушын таңланған мен, Павелден сәлем! 2Усы Хош Хабарды Қудай Өз пайғамбарлары арқалы Мухаддес Жазыўларда әўелден ўәде еткен еди. 3Бул Хош Хабар Қудайдың Улы ҳаққында болып, Ол адам сыпатында Даўыттың урпағынан туўылды ҳәм 4Оның Мухаддес Руўх тәрепинен өлимнен қайта тирилиўи арқалы Қудайдың Улы екени қүдирет пенен дәлилленди. Қудайдың Улы – бул Ийемиз Ийса Масийх. 5Масийхтың аты менен барлық халықларды исенимге әкелиў ушын, Ол арқалы бизлер Қудайдың мийримине ҳәм елшилик хызметине ийе болдық. 6Ийса Масийхқа тийисли болыў ушын таңланған сизлер де усы ҳәр түрли миллетлерденсиз. 7Қудай сүйип, Өз мухаддеслери
Мухаддеслер – Ийсаға исениўшилер.
болыўға шақырған, Римдеги сизлердиң ҳәммеңизге Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масийх мийрим ҳәм тынышлық берсин!

Павелдиң Римге барыўды әрман етиўи

8Алды менен исенимиңиздиң даңқы пүткил дүньяға жайылғаны себепли, сизлердиң ҳәммеңиз ушын Ийса Масийх арқалы Қудайыма шүкирлик билдиремен. 9Улының Хош Хабарын жәриялаўда шын кеўлим менен мен хызмет етип атырған Қудайдың Өзи дуўа еткенимде сизлерди үзликсиз тилге алып атырғаныма гүўа. 10Және де, енди сизлерге барыўым ушын Қудайдың қәлеўи менен жол ашылыўын да тынбастан сорап атырман. 11Өйткени исенимиңиздиң беккем болыўы ушын сизлерге бир руўхый сыйды жеткерейин деп, мен сизлерди қатты көргим келип атыр. 12Яғный, араңызда болғанымда бир-биримиздиң исенимимизден жигерленсек екен деймен.

13Туўысқанларым, басқа миллетлер арасында болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да мениң ислеримниң жемиси болыўы ушын, жаныңызға барыўды көп мәртебе мақсет етсем де, бирақ ҳәзирге дейин тосқынлықларға дус келгенимнен бийхабар қалыўыңызды қәлемеймен. 14Мениң парызым ҳәммеге: грек мәдениятына тийисли адамларға ҳәм тийисли емеслерге, билимли ҳәм билимсиз адамларға Хош Хабарды жәриялаўдан ибарат. 15Сонлықтан қолымнан келгенше, Римде болған сизлерге де Хош Хабарды жәриялаўға таярман.

Хош Хабардың күши

16Себеби мен Хош Хабардан арланбайман. Хош Хабар – исенген ҳәр бир адамды, бириншиден яҳудийлерди, соңынан яҳудий емеслерди қутқара алатуғын Қудайдың күши. 17Қудайдың адамды ақлайтуғыны Хош Хабарда ашық көрсетилген. Ақланыў исеним арқалы басланып, исеним арқалы даўам етеди. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ҳақ адам исеними менен жасайды».

Қудайдың ғәзеби

18Ҳақыйқатқа өз наҳақлығы менен бөгет болатуғын адамлардың барлық қудайсыз ҳәм наҳақ ислерине аспаннан Қудайдың ғәзеби төгиледи. 19Өйткени Қудай ҳаққында билиўге мүмкин болған нәрселер оларға белгили. Қудайдың Өзи оларға усыларды мәлим еткен. 20Дүнья жаратылғаннан бери Қудайдың көзге көринбейтуғын қәсийетлери, яғный шексиз қүдирети ҳәм қудайлығы Ол жаратқан барлықтан сезиледи ҳәм ашық көринеди. Солай етип, олар өзлерин ақлай алмайды.

21Олар Қудайды билсе де, Оны Қудай деп уллыламады ҳәм Оған шүкирлик билдирмеди. Керисинше, олардың ой-қыяллары бос болып, ақылсыз кеўиллерин қараңғылық қаплады. 22Өзлерин ақыллымыз деп санап, ақмақ болып шықты. 23Олар мәңги тири Қудайдың уллылығын басында өлим бар адамның, қуслардың, төрт аяқлы ҳайўанлардың ҳәм жер баўырлаўшылардың көринисиндеги бутларға алмастырды.

24Сол себептен Қудай оларды жүреклериндеги ҳарам қәлеўлерине ҳәм бузықшылыққа тапсырып, бир-бириниң денесин ипласлаўына тосқынлық жасамады. 25Олар Қудайдың ҳақыйқатын жалғанға алмастырды. Жаратқанға емес, ал жаратылған нәрсеге сыйынып, оған хызмет етти. Ал Қудай мәңги алғысларға ылайықлы. Аўмийин.

26Сонлықтан Қудай оларды уятсыз қәлеўлерине тапсырды. Ҳәтте, ҳаяллар да ер адам менен тәбийғый жынысый қатнасты қойып, өз ара тәбийғый емес қатнас жасады. 27Сол сыяқлы, ер адамлар да ҳаял адам менен тәбийғый жынысый қатнасты қойып, бир-бирине бузық ҳәўес пенен ынтықты. Еркеклер еркеклер менен уятсыз ис-ҳәрекетлер ислеп, өз бузықшылығына ылайық жазасын алды. 28Қудайды билиўди қәлемегенликтен, Қудай да оларды бузық ой-сезимлерине ҳәм ислеўге болмайтуғын ис-ҳәрекетлерди ислеўге тапсырды. 29Олардың кеўиллери ҳәр түрли наҳақлыққа, жаўызлыққа, нәпсиқаўлыққа, жаманлыққа, күншилликке, қанхорлыққа, жәнжелкешликке, ҳийлекерликке ҳәм жаман нийетке толы. Олар және өсекши, 30жалахор, Қудайды жек көриўши, хорлаўшы, менмен, мақтаншақ, жаманлық ислеўге шебер, ата-анасының сөзин тыңламайтуғын, 31ақылсыз, опасыз, жаўыз ҳәм реҳимсиз адамлар. 32Бундай ислерди ислеўшилер өлимге ылайық, деген Қудайдың әдил ҳүкимин олар билсе де, бул ислерди тек өзлери ғана ислеп қоймай, ал усы ислерди ислеўшилерди де қоллап қуўатлайды.
Copyright information for KaaIBT22C