Romans 11
Қудай Израил халқынан жүз бурған жоқ
1Олай болса, мен мына нәрсени сорап атырман: Қудай Өз халқынан жүз бурды ма? Ҳеш қашан! Мен де Ибрайымның урпағынан, Бенямин урыўынан шыққан израиллыман. 2Қудай Өзи бурыннан таңлаған халқынан жүз бурмады. Мухаддес Жазыўдың Илияс пайғамбар туўралы жазылған жеринде не айтылғанын билмейсизлер ме? Илияс Израил үстинен Қудайға шағым жасап былай деген еди: 3«Ийем! Олар Сениң пайғамбарларыңды өлтирди, қурбанлық орынларыңды бузып таслады. Тек жалғыз мен ғана қалдым. Олар мени де өлтириўге ҳәрекет етпекте». ▼ 4Оған Қудай не деп жуўап берген еди? «Баалдың ▼▼ Баал – қананлылар табынған бут.
алдында дизе бүкпеген жети мың адамды Мен Өзим ушын ажыратып алдым». ▼ 5Сол сыяқлы, ҳәзирги ўақытта да израиллылар арасында Қудайдың мийрими менен таңланған аз ғана адамлар бар. 6Олар саўап ислери себепли емес, ал Қудайдың мийрими менен таңлап алынды. Егер олар саўап ислери себепли таңлап алынғанда, мийрим мийрим болмас еди. 7Солай етип, не жүз берди? Израил халқының көпшилик бөлеги излеген нәрсесин таба алмады. Тек олардың арасынан таңлап алынғанлар ғана тапты. Ал қалғанларының жүреклери тас етилди. 8Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Қудай оларға Өзиниң сөзин түсинбеўи ушын бийпәрўалық руўхын берди. Сонлықтан олар усы күнге дейин көзлери болса да, көрмейди, қулақлары болса да, еситпейди». ▼ 9Даўыт былай дейди: «Алдындағы дастурханы өзлерине қақпан ҳәм дузақ болсын,Олар қулап, жазасын алсын.
10Көзлерин қараңғылық басып, көрмей қалсын.
Беллери мәңгиге бүгилип қалсын!» ▼
Басқа миллетлердиң қутқарылыўы
11Олай болса, мен мынаны сорап атырман: израиллылар толық набыт болыў ушын сүрникти ме? Ҳеш қашан! Бирақ, израиллылардың қулағаны себепли, Қудай басқа миллетлерге қутқарылыў берди ҳәм бул арқалы оларда қызғаныш оятты. 12Егер израиллылардың гүна ислеп қулаўы дүньядағы басқа миллетлерге байлық алып келип, оларды байытса, онда пүткил израиллылардың қутқарылыўы дүньядағы басқа миллетлерге қаншелли көп байлық алып келеди! 13Басқа миллетлерден болған сизлерге айтып атырман: басқа миллетлер ушын елши болып тайынланған мен өз хызметимди мәртебели деп есаплайман. 14Усы хызметим арқалы миллетим бир болған туўысқанларымда қызғаныш оянса ҳәм олардың айырымлары болса да қутқарылса екен. 15Өйткени олардың Қудай тәрепинен қабыл етилмегени дүньядағы басқа миллетлердиң Қудай менен жарасыўына себепши болған болса, онда олардың Қудай тәрепинен қабыл етилиўи дүньядағы басқа миллетлердиң қутқарылып, өлимнен өмирге өтиўине себепши болмай ма? 16Егер қамырдың биринши бөлеги Қудайға бағышланып, мухаддес болса, онда пүткил қамыр да мухаддес болады. Егер теректиң тамыры мухаддес болса, онда шақалары да мухаддес. 17Бирақ, егер зәйтүн ағашының айырым шақалары, яғный яҳудийлердиң айырымлары кесилип тасланып, жабайы зәйтүн ағашының шақасы болған сен, яғный басқа миллет адамы олардың орнына жалғанып, ағаштың ширели тамырынан нәр алсаң, 18кесилген шақалар алдында мақтанып кетпе! Егер мақтанып кетсең, умытпа, сен тамырға емес, ал тамыр саған нәр берип турыпты. 19Сен: «Мениң жалғаныўым ушын шақалар кесилип тасланды», – деўиң мүмкин. 20Дурыс. Олар исенбегенликтен кесип тасланды. Ал сен исенимиң себепли жалғанып турыпсаң. Сен мақтанба, ал қорқ! 21Себеби Қудай тәбийғый шақаларды аямаған болса, онда сени де аямайды. 22Солай етип, сен Қудайдың мийрим-шәпәәтин ҳәм қаталлығын көрип қой: Қудай исенимнен қайтқанларға қатал. Бирақ сен Оның мийрим-шәпәәтине садық қалсаң, Ол да саған мийрим-шәпәәтли. Олай болмаса, сен де кесип тасланасаң! 23Деген менен, егер яҳудийлер де исенбеўшиликтен бас тартса, ағашқа және қайта жалғанады. Өйткени Қудай оларды қайтадан жалғап қойыўға қүдиретли. 24Жабайы зәйтүн ағашынан кесип алынған шақа болған сен тәбиятқа қарсы түрде жақсы зәйтүн ағашына жалғандың. Солай екен, тәбийғый шақалардың өз ағашына қайтадан жалғаныўы буннан да аңсатырақ!Пүткил Израил қутқарылады
25Туўысқанларым, билгишсинип кетпеўиңиз ушын, сизлердиң мына сырдан хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймен: басқа миллетлерден қутқарылатуғынлардың саны толмағанша, Израил халқының бир бөлегиниң жүреги тас болып қала береди. 26Бирақ ақырында пүткил Израил қутқарылады. Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Қутқарыўшы Сионнан келеди,Ол Яқыптың урпағы болған израиллыларды қудайсызлықтан қутқарады.
27Олардың гүналарын кеширгенимде,
Мениң олар менен дүзетуғын келисимим усы болады». ▼
28Хош Хабарды қабыл етпегени себепли, яҳудийлер Қудайға душпан болды. Бул сизлердиң пайдаңыз ушын хызмет етпекте. Деген менен, Қудай олардың ата-бабаларын таңлап алғанлықтан, оларды сүйеди. 29Себеби Қудай Өзиниң сыйларын қайтарып алып, шақырығын бийкарламайды. 30Сизлер бир ўақытлары Қудайға бойсынбайтуғын едиңлер, бирақ енди яҳудийлер бойсынбағаны себепли, сизлер Қудайдың мийрим-шәпәәтине еристиңлер. 31Сол сыяқлы, яҳудийлер ҳәзир бойсынбай атырған болса да, сизлердиң Қудайдың мийрим-шәпәәтине ерискениңиз себепли, олар да Қудайдың мийрим-шәпәәтине ериседи. 32Өйткени Қудай ҳәмме адамларды олардың бойсынбайтуғын тәбиятына тутқын қылып, оларға Өз мийрим-шәпәәтин көрсетти. 33О, Қудайдың байлығы, даналығы ҳәм билими қандай терең! Оның шешимлерине ҳеш кимниң ақылы жетпейди, жолларын да ҳеш ким изертлеп шыға алмайды! 34«Жаратқан Ийениң ой-пикирлерин ким биле алады?
Ким Оған мәсләҳәтши болған?» ▼
35«Қудайдан қайтарып алыў ушын,
Ким Оған алдын ала бир нәрсе берген?» ▼
36Себеби Қудай пүткил барлықты жаратқан. Ҳәммеси Ол арқалы ҳәм Ол ушын бар болған. Оған мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин.
Copyright information for
KaaIBT22C