Romans 12
Ийса Масийхтағы жаңа өмир
1Солай етип, ҳәй туўысқанларым, Қудайдың мийрим-шәпәәти ҳақы сизлерге жалбарынаман: денелериңизди Қудайға унайтуғын мухаддес ҳәм тири қурбанлық қылып, Оған бағышлаңлар. Бул сизлердиң Қудай алдындағы ылайықлы хызметиңиз болады. 2Бул дүньяның адамларына еликлемеңлер. Ал Қудайдың ой-пикирлериңизди жаңалап, Оның сизлерди толық өзгертиўине жол қойыңлар. Сонда сизлер Қудайдың жақсы ҳәм минсиз еркин, яғный Оған нениң унайтуғынын айырып билесизлер. 3Қудайдың маған берген мийриминен пайдаланып, ҳәммеңизге айтып атырман: өзиңизди шектен тыс жоқары баҳаламаңлар. Керисинше, ҳәр бир адам Қудайдың өзине берген исенимине қарай, өзин ылайықлы баҳаласын. 4Өйткени денемиз бир болса да, мүшелеримиз көп ҳәм мүшелеримиздиң атқаратуғын хызмети де ҳәр түрли. 5Сол сыяқлы, бизлер көп адам болсақ та, Масийхтың бир денесин қураймыз ҳәм өз ара байланыс жасайтуғын бир денениң мүшелеримиз. 6Қудайдың бизлерге берген мийрими бойынша, бизлер ҳәр түрли руўхый сыйларға ийемиз. Кимниң пайына пайғамбаршылық етиў сыйы тийсе, ол исенимине қарай пайғамбаршылық етсин. 7Хызмет етиў тийсе, хызмет етсин. Тәлим бериў тийсе, тәлим берсин. 8Ал кимниң пайына жубаныш бериў тийсе, жубаныш берсин. Үлестириўши болыў тийсе, шын кеўилден үлестирсин. Басшылық етиў тийсе, ғайрат пенен басшылық етсин. Мийрим-шәпәәт көрсетиў тийсе, қуўанышлы түрде мийрим-шәпәәт көрсетсин.Масийхыйлық өмир тәризи
9Сүйиспеншилигиңиз ҳақыйқый болсын. Жаманлықтан қашып, жақсылыққа жабысып алыңлар. 10Бир-бириңизди туўысқанлық сүйиспеншилик пенен шын жүректен сүйиңлер. Бир-бириңизге өз ара ҳүрмет көрсетиўге тырысыңлар. 11Интаңыз пәсеймесин. Ериншек болмаңлар. Ийемизге жалынлы руўх пенен хызмет етиңлер. 12Үмит етип, қуўанып жасаңлар. Қыйыншылықларда сабырлы болыңлар. Үзликсиз дуўа етиңлер. 13Мүтәжликте жасап атырған мухаддеслер менен барыңызды бөлисиңлер. Миймандос болыўға тырысыңлар. 14Сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын Қудайдан жақсылық тилеңлер. Ғарғыс емес, ал жақсылық тилеңлер. 15Қуўанып атырғанлар менен бирге қуўанып, жылап атырғанлар менен бирге жылаңлар. 16Өз ара аўызбиршиликли болыңлар. Менменликке берилмей, басқалар пәс көретуғын адамлар менен қатнас жасаңлар. Өзлериңизди басқалардан ақыллы санамаңлар. 17Ҳеш кимниң жаманлығына жаманлық пенен жуўап қайтармаңлар. Ҳәммениң ойы бойынша жақсы деп саналған ислерди ислеўге тырысыңлар. 18Егер мүмкин болса, қолыңыздан келгенше, барлық адамлар менен татыўлықта жасаңлар. 19Сүйикли туўысқанларым! Өзиңиз ушын өш алмаңлар. Ал буны Қудайға тапсырыңлар. Себеби Мухаддес Жазыўда Жаратқан Ийе былай дейди: «Өш алыў Мениң қолымда, сазайын Өзим беремен». ▼ 20Керисинше: «Душпаның аш болса, оны тойдыр,Егер шөллесе, суў бер.
Солай ислеп, оны уялтарсаң». ▼
21Жаманлықтан жеңилме. Ал, жаманлықты жақсылық пенен жең.
Copyright information for
KaaIBT22C