Romans 13
Ҳүкиметке бойсыныў ҳаққында
1Ҳәр бир адам басқарыўшы ҳүкиметке бойсынсын. Өйткени Қудайдан болмаған ҳеш қандай ҳүкимет жоқ. Бар болған ҳүкиметлердиң ҳәммеси де Қудай тәрепинен орнатылған. 2Сонлықтан ҳүкиметке қарсы шыққан адам Қудай орнатқан тәртипке қарсы шыққан болады. Бундай адамлар жазаға ушырайды. 3Себеби басшылардан жақсылық ислеўшилер емес, ал жаманлық ислеўшилер қорқады. Басшылардан қорқпаўды қәлейсең бе? Онда жақсылық исле. Сонда сен басшының мақтаўына ерисесең. 4Басшы – сениң пайдаң ушын мийнет ететуғын Қудайдың хызметшиси. Бирақ, егер сен жаманлық ислейтуғын болсаң, қорқ! Өйткени ол қылышты бийкарға көтерип жүрген жоқ. Ол Қудайдың хызметшиси болып, жаманлық ислеўшини Қудайдың ғәзеби менен жазалайды. 5Сонлықтан тек Қудайдың ғәзебинен қорққанлықтан емес, ал ҳүжданың бойынша да бойсыныўың тийис. 6Сизлердиң салық төлеўиңиздиң себеби де усы. Себеби салық жыйнаўға бийлиги бар адамлар да өз иси менен бәрқулла бәнт болып, Қудайға хызмет етеди. 7Солай етип, ҳәр кимге тийислисин бериңлер: салық жыйнаўшыға – салық, бажы жыйнаўшыға – бажы бериңлер ҳәм қорқыўға ылайық адамнан қорқып, ҳүрметке ылайық адамға ҳүрмет көрсетиңлер.Сүйиў – бул Мухаддес Нызамды орынлаў
8Ҳеш кимге қарыздар болмаңлар. Ҳеш қашан толық өтеп болмайтуғын қарыз болған, бир-биреўди сүйиўди тоқтатпаңлар. Өйткени басқаларды сүйген адам Мухаддес Нызамды орынлаған болады. 9«Неке ҳадаллығын бузба, адам өлтирме, урлық ислеме ▼, бас қа ның мүл кин кү се ме», ▼ – де ген буй рық лар ҳәм қал ған бар лық буй рық лар мы на сөз лер де жәм лен ген: «Өзиң ди сүйге ниң сы яқ лы, жа ның да ғы адам ды да сүй». ▼ 10Жанындағы адамды сүйетуғын оған жаманлық ислемейди. Сонлықтан басқаларды сүйиў – бул Мухаддес Нызамды орынлаў демек. 11Ҳәзирги заманның қандай екенин билип, усыны орынлаңлар. Енди сизлердиң уйқыдан оянатуғын ўақтыңыз келди. Себеби бизлердиң қутқарылыўымыз бизлер исенген дәслепки ўақытларға қарағанда, ҳәзир жақынырақ. 12Түн өтип, күндиз жақынлады. Сонлықтан қараңғылықтың ислерин таслап, нурдың саўыт-қуралларын тағып алайық. 13Айшы-әширетке ҳәм мәскүнемликке, ҳарамылыққа ҳәм бузықшылыққа, жәнжел ҳәм күншилликке берилмейик. Күндизге жарасатуғын әдепли өмир сүрейик. 14Ийемиз Ийса Масийхқа бөлениңлер ҳәм гүнакар тәбиятыңыздың жаман қәлеўлерине бойсынбаңлар.
Copyright information for
KaaIBT22C