Romans 14
Ҳәлсиз ҳәм күшли исеним
1Исеними ҳәлсиз адамды оның пикирлери ҳаққында тартыспай қабыл етиңлер. 2Мысалы: биреў ҳәмме нәрсени жеўге болады деп исенеди. Ал исеними ҳәлсиз болған тек палыз өнимлерин ғана жейди. 3Ҳәмме нәрсени жейтуғын адам жемейтуғын адамды пәс көрмесин. Айырым нәрселерди жемейтуғын адам жейтуғын адамды ҳүким етпесин. Өйткени Қудай екеўин де қабыл еткен. 4Басқаның хызметшисин ҳүким ететуғындай, сен кимсең? Хызметши өз хожайынының алдында турады ямаса жығылады. Ол аяққа турғызылады. Себеби оны аяққа турғызыўға Ийемиздиң қүдирети жетеди. 5Және де, биреў бир күнди басқа күннен әҳмийетлирек деп санайды, ал басқа биреў ушын ҳәмме күн бирдей. Ҳәр бир адам өз көз қарасында толық исенимге ийе болсын. 6Күнлерди айрықша қылып белгилейтуғын оларды Ийемиз ушын белгилейди ▼▼ Базы қолжазбаларда мынадай сөзлер де бар: «Күнлерге итибар бермейтуғын, Ийемиз ушын сондай қылады».
. Ал ҳәмме нәрсени жейтуғын адам Қудайға шүкирлик етип, оларды Ийемиз ушын жейди. Айырым нәрселерди жемейтуғын адам да Ийемиз ушын жемейди ҳәм Қудайға шүкирлик етеди. 7Өйткени ҳеш биримиз тек өзимиз ушын жасамаймыз ҳәм ҳеш биримиз де тек өзимиз ушын өлмеймиз. 8Жасасақ, Ийемиз ушын жасаймыз. Өлсек те, Ийемиз ушын өлемиз. Солай етип, жасасақ та, өлсек те Ийемизге тийислимиз. 9Усы мақсетте Масийх өлип, өлимнен қайта тирилди. Сонлықтан Ол өлилердиң де, тирилердиң де Ийеси болды. 10Олай болса, сен неге туўысқаныңды ҳүким етесең? Неге туўысқаныңды пәс көресең? Ҳәммемиз де Қудайдың ▼▼ Қудайдың – Базы қолжазбаларда «Масийхтың».
ҳүким гүрсиси алдында жуўап беремиз. 11Мухаддес Жазыўда Жаратқан Ийе былай дейди: «Тирилигим ҳақы ант ишемен:Ҳәр бир адам Мениң алдымда дизе бүгеди.
Ҳәр бир тил Мениң Қудай екенимди ашық тән алады». ▼
12Солай етип, ҳәр бир адам өзи ушын өзи Қудай алдында жуўап береди.
Туўысқаныңызды азғырыўға салмаңлар
13Сонлықтан буннан былай, бир-биримизди ҳүким етпейик. Керисинше, туўысқаныңызды азғырыўға салмаўға ҳәм оның исенимине зыян келтирмеўге тырысыңлар. 14Ийемиз Ийсаға тийисли бир адам сыпатында мынаны билемен ҳәм анық исенемен: ҳеш бир нәрсе өзлигинен ҳарам емес. Бирақ, бир нәрсени ҳарам деп есаплаған адам ушын сол нәрсе ҳарам болады. 15Егер туўысқаның сен жейтуғын нәрсе себепли қапа болса, онда сен сүйиспеншилик пенен ис тутып атырған жоқсаң. Жейтуғын нәрсең менен оның исенимин набыт қылма! Себеби Масийх бул адам ушын да өлген. 16Сизлер жақсы деп есаплаған нәрсеге сөз келмесин. 17Өйткени Қудайдың Патшалығы жейтуғын ҳәм ишетуғын нәрселерден ибарат емес, ал ҳақлық, тынышлық ҳәм Мухаддес Руўх беретуғын қуўаныштан ибарат. 18Масийхқа усы жол менен хызмет ететуғын адам Қудайға унайды ҳәм ол адамлардың мақтаўына ылайық. 19Солай етип, өзлеримизди тынышлық алып келетуғын ҳәм өз ара руўхый күш беретуғын ислерге бағышлайық. 20Жейтуғын нәрсе себепли, Қудайдың ислерин бузба! Жейтуғын ҳәмме нәрсе ҳадал. Бирақ, жейтуғын нәрсеси арқалы басқа адамды азғырыўға салған жаман ис қылған болады. 21Гөш жеўиң, шарап ишиўиң ямаса басқа бир нәрсе ислеўиң туўысқаныңды азғырыўға салатуғын болса, онда бундай ислерди ислемегениң дурыс. 22Булар бойынша исенимиңди өзиң менен Қудайдың арасында сақла. Өзи дурыс деп есаплайтуғын исти ислегени ушын, өзин айыпламайтуғын адам қандай бахытлы! 23Бирақ, екиленип жейтуғын адам ҳүким етиледи. Себеби ол буны исеним менен ислемеген болады. Ал исеним менен исленбеген ҳәр бир ис – гүна. ▼▼ Базы қолжазбаларда 16-баптың 25, 26, 27-аятлары усы бапқа 24, 25, 26-аятлар етип бириктирилген.
Copyright information for
KaaIBT22C