Romans 15
Исениўшилер арасындағы қатнасықлар ҳаққында
1Исеними күшли болған бизлер тек өзимиздиң мәпимизди ойламай, исеними ҳәлсиз болғанлардың ҳәлсизликлерин көтерисиўге парызлымыз. 2Ҳәр биримиз жанымыздағы адамға руўхый күш бериў ушын, ол ушын жақсы болған нәрсени гөзлеп, оның мәпин ойлайық. 3Өйткени Масийх та Өзиниң мәпин ойламады. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Саған тил тийгизгенлердиң жаман сөзлери Маған тийди». ▼ 4Бурын Мухаддес Жазыўларда айтылғанлардың ҳәммеси де бизлерге тәлим бериў ушын жазылған. Солай етип, бизлер олар арқалы сабырлылық ҳәм жубаныш таўып, үмит пенен жасай аламыз. 5Сабырлылық ҳәм жубаныштың тийкары болған Қудайдың Өзи сизлердиң Масийх Ийсадан өрнек алып, аўызбиршилик пенен жасаўыңызға жәрдем етсин. 6Солай етип, сизлер Ийемиз Ийса Масийхтың Әкеси болған Қудайды биргеликте ҳәм бир аўыздан алғыслайсызлар.Басқа миллетлер ушын Хош Хабар
7Сонлықтан Қудайдың алғысланыўы ушын Масийх сизлерди қабыл еткениндей, сизлер де бир-бириңизди қабыл етиңлер. 8Себеби мениң айтатуғыным мынаў: Қудайдың яҳудийлердиң ата-бабаларына берген ўәдесин әмелге асырып, Оның садық екенин көрсетиў ушын, Масийх яҳудийлердиң хызметшиси болды. 9Масийх буны басқа миллетлердиң де Қудайдың мийрим-шәпәәтине ерисип, Қудайды алғыслаўы ушын иследи. Себеби Мухаддес Жазыўда: «Сени басқа миллетлер арасында алғыслайман ҳәм Сениң атыңды жырлайман», ▼▼ Заб 17:50; 2Пат 22:50.
– деп айтылған. 10Мухаддес Жазыўда және де: «Ҳәй, басқа миллетлер, Қудайдың халқы менен бирге шадланыңлар!» ▼ – делинген.11Тағы да былай делинген: «Барлық миллетлер, Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтың!
Барлық халықлар, Оны мақтаң!» ▼
12Ийшая пайғамбар да былай дейди: «Ишайдан ▼
▼ Ишай – Даўыттың әкеси.
өсип шыққан тамыр келип,Басқа миллетлерди басқарады.
Олар Оннан үмит етип жасайды». ▼
13Үмиттиң тийкары болған Қудай Мухаддес Руўхтың күши менен үмитке толып тасыўыңыз ушын, кеўиллериңизди исенимиңиз арқалы қуўаныш ҳәм тынышлыққа толтырсын.
Павелдиң елшилик хызмети
14Туўысқанларым, ал енди сизлерге келсек, сизлердиң жақсылыққа толы ҳәм ҳәр түрли билимге бай екениңизге, әсиресе бир-бириңизге ақыл-нәсият бере алатуғыныңызға толық исенемен. 15Бирақ, Қудайдың маған берген мийрими менен сизлерге еслетип қойыў ушын, бул хаттың айырым жерлерин батыллық пенен жаздым. 16Мен Қудайдың усы мийрими менен, басқа миллетлер ушын Масийх Ийсаның хызметшиси болдым. Басқа миллетлер Мухаддес Руўх пенен мухаддес қылынып, Қудайға унайтуғын сый болыўы ушын, мен Қудайдың Хош Хабарын бир руўханий сыпатында жәриялап атырман. 17Сонлықтан мен Масийх Ийсаға тийисли болып, Қудайға деген хызметим менен мақтана аламан. 18Масийх мениң менен бирге болып, басқа миллетлердиң Қудайға бойсыныўы ушын, сөзлерим ҳәм ис-ҳәрекетлерим арқалы ислегенлеринен басқа ҳеш нәрсе ҳаққында айтыўға батылым жетпейди. 19Бул ислер кәраматлы белгилердиң ҳәм таң қаларлық нәрселердиң күши менен, және де Мухаддес Руўхтың қүдирети менен исленди. Солай етип, мен Ерусалимнен баслап Иллирик үлкесине ▼▼ Иллирик үлкеси – Адрия теңизиниң жағасындағы үлке.
дейин аралап, Масийхтың Хош Хабарын ҳәмме жерге жәрияладым. 20Басқа бир адамның салған тырнақ тасының үстине имарат қурмайын деп, мен Хош Хабарды Масийхтың атын еле еситпеген жерлерде жәриялаўға тырыстым. 21Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Оннан хабарсыз болғанлар көреди,Еситпегенлер түсинеди». ▼
Павелдиң Римге барыўға қарар етиўи
22Мине, усы себеп жаныңызға барыўыма маған көп мәртебе иркиниш жасады. 23Енди болса, бул жерлерде мен ислейтуғын ҳеш нәрсе қалмады. Және де, мен қанша жыллардан бери сизлерге барыўды арзыў еткеним себепли, 24Испанияға қарай жолға шықсам, сизлерге бармақшыман. Өтип баратырғанымда алды менен сизлерди көрип, бираз дийдарыңызға тойғанымнан соң, маған жәрдем етип, сол жаққа шығарып саласыз, деген үмиттемен. 25Ал ҳәзир болса, мен Ерусалимге барып, сол жердеги мухаддеслерге жәрдем бермекшимен. 26Өйткени Македония менен Ахаядағы мухаддеслер Ерусалимдеги мухаддеслер арасындағы мүтәжликте жасайтуғынлар ушын ақшалай жәрдем етиўди мақул көрди. 27Аўа, мақул көрди. Олар ҳақыйқаттан да, Ерусалимдеги исениўшилер алдында қарыздар. Себеби өзлери Хош Хабар арқалы алған руўхый жарылқаўларды яҳудий исениўшилери басқа миллетлер менен бөлискенликтен, басқа миллет исениўшилери де оларға ақшалай жәрдем берип, хызмет етиўге парызлы. 28Солай етип, жыйналған қәрежетти оларға жеткизип, усы исти орынлағанымнан соң, жол-жөнекей сизлер менен дийдар көрисип, Испанияға кетемен. 29Жаныңызға барғанымда, сизлерге Масийхтың толық жарылқаўын апаратуғынымды билемен. 30Туўысқанларым, Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен ҳәм Мухаддес Руўхтың сүйиспеншилиги менен сизлерге жалбарынаман: мениң менен бирге Қудайға дуўа етип, мен ушын бар жигериңиз бенен сораңлар. 31Яҳудиядағы исенбейтуғын адамлардан қутылыўым ушын ҳәм Ерусалимдеги хызметимди сол жердеги мухаддеслер қуўаныш пенен қабыл алыўы ушын дуўа етиңлер. 32Және де, Қудай қәлесе, мен сизлердиң жаныңызға қуўаныш пенен барып, сизлер менен бирге кеўлимди хошлаўым ушын да сораңлар. 33Тынышлық бериўши Қудайдың Өзи ҳәммеңизге яр болсын! Аўмийин.
Copyright information for
KaaIBT22C