Romans 16
Арнаўлы сәлемлер
1Кенхреядағы исениўшилер жәмәәтиниң хызметшиси болған Фиба апамызды сизлерге тапсыраман. 2Оны мухаддеслерге минәсип түрде, Ийемиздиң аты менен қабыл қылыңлар. Және де, оның қандай мүтәжлиги болса да, жәрдем етиңлер. Өйткени ол да көп адамларға, соның ишинде маған жәрдемши болды. 3Мениң менен бирге Масийх Ийсаға хызмет етиўши Прискилла ҳәм Акилаға сәлем айтыңлар. 4Олар мениң жаным ушын өз өмирин қәўип астына қойды. Буның ушын тек мен емес, ал басқа миллетлердиң ҳәмме исениўши жәмәәтлери де оларға миннетдар. 5Олардың үйиндеги исениўшилер жәмәәтине де сәлем айтыңлар. Азия үлкесинен ▼▼ Азия үлкеси – ҳәзирги Туркия елиниң қубла-батыс бөлегинде болған бир үлке.
биринши болып Ийсаға исенген сүйикли туўысқаным Эпенетусқа сәлем айтыңлар. 6Сизлер ушын ▼▼ Сизлер ушын – Базы қолжазбаларда «Бизлер ушын».
көп мийнет еткен Мәриямға сәлем айтыңлар. 7Масийхтың елшилери арасында абырайлы болған, меннен бурын Масийхқа исенген миллетлеслерим ҳәм қамақта бирге болған досларым Андроник пенен Юнияға сәлем айтыңлар. 8Ийемизге тийисли болған сүйикли туўысқаным Амплиятусқа сәлем айтыңлар. 9Бизлер менен бирге Масийхқа хызмет ететуғын Урбанусқа ҳәм сүйикли туўысқаным Стахияға сәлем айтыңлар. 10Сынақтан өтип, Масийхқа ылайықлы деп табылған Апеллисқа сәлем айтыңлар. Аристобулдың үй-ишине сәлем айтыңлар. 11Миллетлесим Ҳиродионға сәлем айтыңлар. Наркистиң үй-ишиндеги Ийемизге тийисли болғанларға сәлем айтыңлар. 12Ийемиздиң хызметинде мийнет етип атырған ҳаяллар: Трифен ҳәм Трифосқа сәлем айтыңлар. Ийемизге хызмет етиў жолында көп мийнет еткен ҳаял – сүйикли туўысқаным Персиске сәлем айтыңлар. 13Ийемиз тәрепинен таңлап алынған Руфусқа ҳәм мен ушын анамдай болған оның анасына сәлем айтыңлар. 14Асинкрит, Флегон, Ҳермес, Патробас, Ҳермас ҳәм олардың жанындағы туўысқанларға сәлем айтыңлар. 15Филологус ҳәм Юлияға, Нирей ҳәм оның қарындасына, Олимпасқа ҳәм олардың жанындағы барлық мухаддеслерге сәлем айтыңлар. 16Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип, сәлемлесиңлер. Масийхқа тийисли болған ҳәмме жәмәәтлер сизлерге сәлем айтып атыр. 17Туўысқанларым, сизлерге жалбарынаман, өзлериңизге үйретилген тәлиматқа қарсы шығып, алаўызлық ҳәм азғырыў алып келетуғын адамлардан сақ болып, олардан аўлақ жүриңлер. 18Себеби бундай адамлар Ийемиз Масийхқа емес, ал өз қарынларына хызмет етеди. Олар сада адамларды майлы тил ҳәм жағымпазлық пенен алдайды. 19Сизлердиң Қудайға бойсынып жасайтуғыныңыз ҳәммеге мәлим болды. Мен сол себептен қуўанышлыман ҳәм сизлердиң жақсылық ислеўде дана болыўыңызды, ал жаманлық ислеўде сада болыўыңызды қәлеймен. 20Тынышлық бериўши Қудайдың Өзи жақын арада шайтанды аяқларыңыздың астында езип таслайды. Ийемиз Ийсаның мийрими сизлерге яр болсын! 21Мениң менен бирге хызмет етиўши Тимофей, миллетлеслерим Лукий, Ясон ҳәм Сосипатер сизлерге сәлем айтып атыр. 22Бул хатты Павелдиң аўзынан жазып отырған мен, Тертий де, исениўши туўысқаныңыз сыпатында сизлерге сәлем жоллайман. 23Мен ушын ҳәм пүткил исениўшилер жәмәәти ушын өз үйинен орын берген Гаюс сизлерге сәлем айтып атыр. Және де, қала қазнашысы Эрастус ҳәм туўысқанымыз Куартус сизлерге сәлем айтып атыр. [ 24 ▼▼ Базы қолжазбаларда 24-аят та бар: «Ийемиз Ийса Масийхтың мийрими ҳәммеңизге яр болсын! Аўмийин».
] Павелдиң жуўмақлаўшы сөзлери
25Мен жәриялап жүрген Ийса Масийх ҳаққында Хош Хабар арқалы, яғный Өзи әййемги ўақытлардан бери қупыя тутқан сырын ашыўы арқалы Қудай сизлердиң исенимиңизди беккемлейтуғын қүдиретке ийе. 26Усы сыр пайғамбарлардың Жазыўлары арқалы ҳәзир ашылып, мәңги жасайтуғын Қудайдың буйрығы бойынша, барлық миллетлерге мәлим етилди. Бул барлық миллетлердиң Қудайға исенип, Оған бойсынып жасаўы ушын болды. 27Жалғыз ҳәм дана Қудайға Ийса Масийх арқалы мәңгиге даңқ болсын! Аўмийин. ▼
Copyright information for
KaaIBT22C