Romans 2
Қудайдың әдил ҳүкими
1Ал сен, басқа биреўди ҳүким етиўши ҳәй адам, өзиңниң ким болыўыңа қарамастан, ақлана алмайсаң. Сен басқа биреўди ҳүким етип турып, өзиңди де ҳүким етесең. Себеби сен, ҳәй ҳүким етиўши адам, өзиң де сондай ислерди ислейсең-ғо. 2Сол ислерди ислеўшилерди Қудай әдиллик пенен ҳүким ететуғынын бизлер билемиз. 3Сондай нәрселерди ислеўшилерди ҳүким еткен, бирақ өзи де солай ислеўши, ҳәй адам, сен Қудайдың ҳүкиминен қашып қутыламан деп ойлайсаң ба? 4Я болмаса, Қудайдың кең пейиллилигиниң сени тәўбеге алып келетуғынын билмей, Оның шексиз кең пейиллилигин, сабырлылығын ҳәм шыдамлылығын писент етпейсең бе? 5Сен өзиңниң өжетлигиң ҳәм тәўбеге келмейтуғын жүрегиң себепли, Қудайдың әдил ҳүкими шығарылатуғын ғәзеп күни ушын, өзиңе қарсы ғәзеп топламақтасаң. 6Қудай ҳәр бир адамға ислеген исине ылайық қайтарады: 7үзликсиз жақсылық ислеп, даңқ, ҳүрмет ҳәм мәңгиликти излегенлерге Қудай мәңгилик өмир береди. 8Ал менмен болып, ҳақыйқатқа бойсынбай, наҳақ жолдан жүриўшилердиң үстине болса, қәҳәр-ғәзебин төгеди. 9Жаманлық ислеўши ҳәр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға Қудай қыйыншылық ҳәм қайғы жибереди. 10Керисинше, жақсылық ислеўши ҳәр бир адамға, алды менен яҳудийге, соңынан яҳудий емес адамға Ол даңқ, ҳүрмет ҳәм тынышлық береди. 11Өйткени Қудай адамларды айырмайды. 12Мухаддес Нызамды билмей гүна ислеген ҳәмме адамлар Мухаддес Нызамға ийе болмай набыт болады. Ал Мухаддес Нызамды билип турып гүна ислеген ҳәмме адамлар Мухаддес Нызам бойынша ҳүким етиледи. 13Себеби Қудайдың алдында Мухаддес Нызамды еситкенлер емес, ал оны орынлайтуғынлар ақланады. 14Мухаддес Нызамға ийе емес басқа миллетлер ҳүждан нызамы бойынша бул Мухаддес Нызамға ылайықлы ислерди ислесе, олар Мухаддес Нызамға ийе болмаса да, өзлери ушын өзлери нызам болады. 15Солай етип, олар Мухаддес Нызамның буйрықларының жүреклеринде жазылғанын көрсетеди. Бул ҳаққында олардың ҳүжданы гүўалық береди ҳәм ойлары да оларды биресе айыплап, биресе ақлайды. 16Мен жәриялап атырған Хош Хабар бойынша Қудай Ийса Масийх арқалы адамлардың жасырын ой-қыялларын ҳүким ететуғын күни усылай болады.Яҳудийлер ҳәм Мухаддес Нызам
17Минекей, сен өзиңди яҳудиймен деп, Мухаддес Нызамға сүйенесең ҳәм Қудай менен айрықша қатнастаман деп мақтанасаң. 18Сен Қудайдың еркин билесең ҳәм Мухаддес Нызамнан тәлим алғаның себепли, нениң дурыс ямаса нениң надурыс екенлигин айыра аласаң. 19– 20Мухаддес Нызамнан толық билим алғаның ҳәм ҳақыйқаттың негизин билгениң себепли, өзиңди соқырлардың жолбасшысы, қараңғылықта болғанлардың нуры, ақылсыз адамлардың тәрбияшысы ҳәм гөдеклердиң устазы деп есаплайсаң. 21Олай болса, басқа биреўге тәлим берип турып, өзиңе неге тәлим бермейсең? Урлық ислемеўди жәриялап, өзиң неге урлық ислейсең? 22«Бузықшылық ислеме» деп, өзиң неге бузықшылық ислейсең? Бутлардан жеркенип турып, неге бутлардың ибадатханаларын тонайсаң? 23Мухаддес Нызам менен мақтанасаң, бирақ оны бузып, неге Қудайды ҳүрмет етпейсең? 24Өйткени былай деп жазылған: «Сизлер себепли, басқа миллетлер арасында Қудайдың атына тил тийеди». ▼ 25Егер Мухаддес Нызамды орынласаң, сүннеттиң ▼ пайдасы бар. Бирақ сен сүннетли болып турып Мухаддес Нызамды бузсаң, онда сүннетленбеген басқа миллет адамынан сениң ҳеш жериң артық емес. 26Солай етип, сүннетсиз болғанлар Мухаддес Нызамның талапларын орынласа, онда олар Қудай тәрепинен сүннетлилер, яғный Өзиниң халқы деп есапланбай ма? 27Денесиниң ети кесилип сүннет етилмеген, бирақ Мухаддес Нызамды орынлайтуғын адам жазылған Мухаддес Нызамға ҳәм сүннетке ийе болып турып, Мухаддес Нызамды бузыўшы сен яҳудийди айыпламас па екен? 28Себеби тек сыртқы белгилери менен яҳудий болған адам ҳақыйқый яҳудий емес ҳәм денесиниң ети кесилип сүннет етилиў де ҳақыйқый сүннет етилиў емес. 29Ал, ишки дүньясы менен яҳудий болған адам ғана ҳақыйқый яҳудий. Және де, ҳақыйқый сүннет – бул жазылған Мухаддес Нызам бойынша исленген сүннет емес, ал Мухаддес Руўх тәрепинен исленген жүректиң сүннети ▼. Усындай сүннетке ийе болған адам адамлардың емес, ал Қудайдың мақтаўын алады.
Copyright information for
KaaIBT22C