Romans 3
1Олай болса, яҳудий болыўдың қандай да бир артықмашлығы бар ма? Я болмаса, сүннетлениўдиң пайдасы бар ма? 2Әлбетте, бар. Яҳудий болыў – ҳәр тәреплеме артықмашлыққа ийе. Өйткени ең алды менен Қудайдың сөзлери оларға исенип тапсырылған. 3Егер олардың айырымлары Қудайдың сөзлерине садық болмай шыққан болса не болыпты? Олардың садық болмаўы Қудайдың садықлығын бийкарлай ала ма? 4Ҳеш қашан! Ҳәмме адамлар өтирикши болса да, Қудай ҳақ. Себеби Мухаддес Жазыўда Қудай ҳаққында былай делинген: «Ҳақ екениңди сөзлериң менен көрсетесең,Ҳүким шығарылғанда жеңиске ерисесең». ▼
5Бирақ, бизлердиң наҳақлығымыз Қудайдың ҳақлығын ашып көрсетсе, онда не деймиз? Қудай бизлерди ғәзеп пенен жазаласа, әдалатсыз болғаны ма? Мен буларды адамлардың ойы бойынша айтып атырман. 6Ҳеш қашан! Егер Қудай әдалатсыз болса, Ол дүньяны ҳүким ете алар ма еди? 7Деген менен, айырымлар былай деп сораў қойыўы мүмкин: «Егер мениң наҳақлығым Қудайдың ҳақлығының артып, Оның уллыланыўына хызмет етсе, сонда неге мен гүнакар болып ҳүким етилмектемен?» 8Солай етип: «Жақсылық шықсын деп, жаманлық ислей берейик», – дейик пе? Базы адамлар бизлерге жала жаўып, усындай сөзлерди айтты демекте. Бундай адамлар Қудайдың жазасына ылайықлы.
Бирде бир ҳақ адам жоқ
9Енди не деўге болады? Биз яҳудийлер басқа миллетлерден артықпыз ба? Әлбетте, яқ! Өйткени әлле қашан дәлиллегенимдей, яҳудий де, басқа миллет адамы да, яғный ҳәр бир адам гүнаның бийлиги астында. 10Мухаддес Жазыўларда айтылғанындай: «Ҳеш бир ҳақ адам жоқ,Бирде бири жоқ.
11Ҳеш бир түсинетуғын адам жоқ.
Ҳеш ким Қудайды излемейди.
12Ҳәмме жолдан адасқан,
Барлығы жарамсыз болған.
Жақсылық қылатуғын ҳеш ким жоқ.
Бирде бири жоқ». ▼
13«Аўызлары ашық бир қәбир сыяқлы,
Олар сөзлери менен адамларды ашық гөрге тығады».
«Майлы тиллери менен жалған сөйлейди,
Тиллеринде жылан зәҳәри бар». ▼
14«Аўызлары толы ғарғыс-нәлет сөзлерге». ▼
▼ Заб 9:28.
15«Аяқлары шаққан қан төгиўге.
16Олар қәдем басқан жерге келер қыйралыў ҳәм бәле.
17Билмес олар тынышлық жолын». ▼
18«Қудайдан қорқыў да жоқ кеўиллеринде». ▼
19Мухаддес Нызамда айтылғанлардың ҳәммеси Мухаддес Нызам астында болғанларға айтылғанын билемиз. Солай етип, ҳәр бир тил байланып, пүткил дүнья Қудайдың алдында есап береди. 20Сонлықтан Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы ҳеш бир адам Қудайдың алдында ақлана алмайды. Керисинше, Мухаддес Нызам арқалы адам өзиниң гүнакар екенин билип алады.
Исеним менен ақланыў
21Енди болса, Қудайдың адамды ақлайтуғын әдиллиги Мухаддес Нызамға байланыслы болмай-ақ ашық көрсетилди. Мухаддес Нызам да, пайғамбарлардың Жазыўлары да бул ҳаққында гүўалық береди. 22Қудайдың әдиллиги адамларды олардың Ийса Масийхқа деген исеними арқалы ақлайды. Буны Ол исенетуғын ҳәр бир адам ушын ислейди. Себеби адамлар арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ. 23Өйткени ҳәмме гүна ислеген ҳәм Қудайдың салтанатынан айырылған. 24Бирақ, адамлар Қудайдың мийрими менен, Ийса Масийхтың қаны арқалы ешейин ақланады. 25Масийхқа деген исеним менен, Оның қаны арқалы гүналары кеширилсин деп, Қудай Масийхты адамлар ушын қурбанлыққа бағышлады. Қудай бул арқалы Өз әдиллигин көрсетти. Себеби Қудай сабырлылық етип, бурыннан бери исленген гүналарды кеширди. 26Және де, ҳәзирги ўақытта Ол әдиллигин дәлиллеп, Өзиниң ҳақ екенин ҳәм Ийсаға исенген ҳәр бир адамды ақлайтуғынын көрсетти. 27Енди бизлер не менен мақтана аламыз? Ҳеш нәрсе менен. Қандай жол менен ақлана аламыз? Мухаддес Нызамды орынлаў жолы менен бе? Яқ, исеним менен. 28Өйткени бизлер адамның Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеним менен ақланатуғынын мойынлаймыз. 29Ырасында да, Қудай тек яҳудийлердиң Қудайы ма? Ол басқа миллетлердиң де Қудайы емес пе? Әлбетте, Ол басқа миллетлердиң де Қудайы. 30Себеби сүннетли яҳудийлерди де, сүннетсиз болған басқа миллетлерди де тек исеним менен ақлайтуғын Қудай – жалғыз. 31Солай етип, бизлер: «Адамлар тек исеним менен ақланады», – деп, Мухаддес Нызамды бийкарлаймыз ба? Яқ, керисинше, оны тастыйықлаймыз.
Copyright information for
KaaIBT22C