Romans 4
Ибрайымның исеними ҳәм Қудайдың ўәдеси
1Ал енди бизлердиң, яғный яҳудийлердиң түп бабасы Ибрайым ҳаққында не деймиз? Ол неге еристи? 2Егер ол ислеген саўап ислери себепли ҳақ деп саналған болса, мақтаныўға ҳақысы болар еди. Бирақ, Қудайдың алдында мақтана алмайды. 3Өйткени Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ибрайым Қудайға исенди ҳәм сол себептен Қудай оны ҳақ деп санады». ▼ 4Мийнет еткенге төленген ҳақы сый емес, ал ис ҳақы болып есапланады. 5Бирақ ким де ким өзиниң саўап ислерине емес, ал қудайсыз адамды да ақлайтуғын Қудайға исенсе, ол исеними себепли ақланған болып есапланады. 6Минекей, саўап ислерине қарамай, Қудай тәрепинен ақланған деп есапланған адамның бахытлы екени ҳаққында Даўыт та былай деген: 7«Қылмыслары кеширилгенлер,Гүналары алып тасланғанлар қандай бахытлы!
8Жаратқан Ийе гүнасын есапқа алмайтуғын адам қандай бахытлы!» ▼
9Бул бахыт тек сүннетлилер ушын берилген бе? Я болмаса, сүннетсизлер ушын да ма? Бизлер: «Ибрайым өз исеними себепли ҳақ деп саналды», – деген едик. 10Ол қашан ҳақ деп саналды? Сүннетленгеннен кейин бе ямаса сүннетленбестен бурын ба? Сүннетленгеннен кейин емес, ал сүннетленбестен бурын. 11Сүннетленбесинен бурын исеними менен ақланғанының белгиси ретинде Ибрайым сүннетлеў рәсимин қабыл етти. Солай етип, ол сүннетсиз болған басқа миллет адамларының да ақланған болып есапланыўы ушын, исенетуғын усындай адамлардың ҳәммесиниң руўхый бабасы болды. 12Бабамыз Ибрайым тек сүннет етилгенлердиң емес, ал сүннет етилместен алдын Ибрайымда бар болған исенимниң жолы менен жүретуғынлардың да бабасы болды. 13Себеби Мухаддес Нызамды орынлағаны арқалы емес, ал исеними арқалы ақланыўы ушын, Қудай Ибрайымға ҳәм оның урпақларына дүньяның мийрасхорлары болатуғынын ўәде етти. 14Егер адамлар Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы мийрасхор болатуғын болса, онда исеним бийкар ҳәм ўәде де бос болар еди. 15Өйткени Мухаддес Нызам Қудайдың ғәзебин келтиреди. Бирақ Мухаддес Нызам болмаған жерде нызамды бузыў да жоқ. 16– 17Усылай етип, Қудайдың ўәдеси тек исеним себепли бериледи. Ол тек Мухаддес Нызамға ийе болған яҳудий исениўшилерине ғана емес, ал Ибрайымның исенимине ийе болған басқа миллет исениўшилерине де, яғный Ибрайымның пүткил урпағына Қудайдың мийрими бойынша бериледи. Мухаддес Жазыўда Қудайдың Ибрайымға: «Сени көп халықлардың бабасы қыламан», ▼ – деп айтқанындай, Ибрайым өзи исенетуғын Қудайдың, яғный өлилерди тирилтетуғын ҳәм жоқтан бар қылатуғын Қудайдың алдында ҳәммемиздиң бабамыз. 18Ҳеш үмити қалмаған ўақытта да Ибрайым үмитин үзбей, Қудайға исенди. Сонлықтан «Сениң урпағың есап-сансыз болады», ▼ – деп Қудайдың оған айтқанындай, ол көп халықлардың бабасы болды. 19Жасы жүзге шамаласып, денесинде күш қалмағанын ҳәм ҳаялы Сараның да қурсағына бала питпейтуғынын ол билсе де, исенимин азайтпады. 20Исенимсизлик етип, Қудайдың ўәдеси туўралы екиленбеди. Керисинше, исеними күшейип, Қудайды алғыслады. 21Қудайдың Өз ўәдесин орынлайтуғын күшке ийе екенине ол толық исенди. 22Әне, усы исеними себепли, Ибрайым ҳақ деп саналды. 23«Ҳақ деп саналды», – деген сөзлер тек Ибрайымға емес, 24ал бизлерге де тийисли етип жазылған. Бизлер де Ийемиз Ийсаны өлимнен тирилткен Қудайға деген исенимимиз бенен ақланған болып есапланамыз. 25Ийемиз Ийса гүналарымыз ушын өлимге тапсырылып, Қудайдың алдында бизлердиң ақланыўымыз ушын қайта тирилди.
Copyright information for
KaaIBT22C