‏ Romans 5

Қудай менен жарасыў

1Солай етип, исеним менен ақланғанымыз себепли, Ийемиз Ийса Масийх арқалы Қудай менен жарастық. 2Ийса Масийх арқалы Қудайдың мийримине исенимимиз бенен ийе болып жасамақтамыз. Және де, Қудайдың уллылығына ерисиўден үмит етип, қуўанамыз. 3Бизлер тек бул себепли емес, ал қыйыншылықлар себепли де қуўанамыз. Себеби қыйыншылықлардан сабырлылық, 4сабырлылықтан жақсы минез-қулық, жақсы минез-қулықтан үмит пайда болатуғынын билемиз. 5Сол үмит бизлерди уятқа қалдырмайды. Өйткени Қудай бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы жүреклеримизди Өз сүйиспеншилигине толтырды.

6Аўа, өзлеримизди ақлаўға еле күшсиз болғанымызда Масийх белгиленген ўақытта қудайсыз болған бизлер ушын өлди. 7Ҳеш ким ҳақ адам ушын жанын өлимге қыймайды. Ҳәтте, өзине қәўендер болған адам ушын да жанын өлимге қыйыўды қәлейтуғын адамлар аз. 8Бирақ, бизлер еле гүнакар болған ўақтымызда Масийх бизлер ушын өлди. Бизлерге деген сүйиспеншилигин Қудай усылай дәлилледи. 9Сонлықтан енди Масийхтың қаны арқалы ақланғанымыз себепли, Ол арқалы Қудайдың ғәзебинен қутқарылатуғынымыз да анық. 10Себеби бизлер Қудайдың душпаны болсақ та, Оның Улының өлими арқалы Қудай менен жарастық. Енди Қудай менен жарасып, Оның Улының өмири арқалы қутқарылатуғынымыз да анық. 11Және де, буның менен шекленип қоймай, бизлерди енди Қудай менен жарастырған Ийемиз Ийса Масийх арқалы Қудай менен қатнаста болып қуўанамыз.

Адам-ата ҳәм Ийса Масийх

12Дүньяға бир адам арқалы, яғный Адам-ата арқалы гүна келди, ал гүна себепли өлим келди. Солай етип, ҳеш бир адам өлимнен қашып қутыла алмайтуғын болды. Өйткени ҳәмме гүна ислеген еди. 13Мухаддес Нызам берилместен бурын да дүньяда адамлар гүна ислейтуғын еди. Бирақ, Мухаддес Нызам болмаған ўақытта гүна гүна деп есапланбады. 14Деген менен, Адам-атадан Муўсаға дейин жасағанлар Адам-ата ислеген сол гүнаны ислемеген болса да, өлим олардың үстинен ҳүкимдарлық етти.

Ал Адам-ата келиўи тийис Адамның, яғный Масийхтың тымсалы.
15Бирақ, олар арасында үлкен айырмашылық бар. Қудайдың сыйы Адам-атаның гүнасына уқсамайды. Себеби бир адамның гүнасы себепли көп адамлар өлген болса да, Қудайдың мийрими ҳәм басқа бир адамның, яғный Ийса Масийхтың мийрими менен берилген сыйды көп адамлар мол-молақай етип алды. 16Қудайдың сыйының нәтийжеси менен бир адамның гүнасының нәтийжеси бирдей емес. Адам-атаның гүнасының ақыбети ҳүким етилиўге алып келди, бирақ Қудайдың сыйы себепли, көп гүналарымызға қарамастан, бизлерге ақланыў келди. 17Бир адамның гүнасы себепли, сол адам арқалы пүткил адамзат үстинен өлим бийлик еткен болса, енди тек бир адам, яғный Ийса Масийх арқалы Қудайдың мол мийримин алып ақланғанлар үстинен өмир бийлик етеди.

18Солай етип, бир адамның гүнасы себепли пүткил адамзат ҳүким етилген болса, бир адамның ҳақ иси себепли пүткил адамзат ақланып, өмирге еристи. 19Бир адамның бойсынбағаны себепли көп адамлар гүнакар болып қалғанындай, бир адамның бойсынғаны себепли көп адамлар ақланады. 20Адамлар өзлериниң қаншелли гүнакар екенин билиў ушын Мухаддес Нызам берилди. Бирақ, гүна көбейген сайын, Қудайдың мийрими оннан да артып барды. 21Солай етип, гүнаның өлим арқалы бийлик еткениндей, Қудайдың мийрими де ақлаўы арқалы бийлик етип, Ийемиз Ийса Масийх себепли мәңгилик өмирге еристиреди.
Copyright information for KaaIBT22C