Romans 6
Гүна ушын өлип, Масийх пенен жасаў
1Олай болса, не деймиз? Қудайдың мийрими көбейсин деп, гүна ислеўди даўам еттире берейик пе? 2Ҳеш қашан! Бизлер гүна ушын өлгенбиз. Енди қалайынша, гүна ислеўди даўам еттирип жасай аламыз? 3Бизлер Масийх Ийса менен байланысқа ийе болып, суўға шомылдырылғанымызда ҳәммемиз де Оның өлимине шерик болып, суўға шомылдырылғанымызды билмейсизлер ме? 4Масийхқа исенип, суўға шомылдырылыў арқалы Оның менен бирге өлип, көмилдик. Солай етип, Қудай Әкемиздиң қүдирети менен Масийхтың өлимнен қайта тирилип, өмирге ерискениндей, бизлер де жаңа өмирге ерисемиз. 5Егер бизлер Масийхтың өлимине шерик болып, Оның менен бирлескен болсақ, онда Оның қайта тирилиўине де шерик болып, Оның менен бирлесемиз. 6Гүнакар тәбиятымыздың күшин жоқ қылып, ендигиден былай гүнаға қул болмаўымыз ушын, бизлердиң ески гүнакар өзлигимиздиң Масийх пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенин билемиз. 7Өйткени өлген адам гүнаның бийлигинен азат. 8Егер бизлер Масийх пенен бирге өлген болсақ, Оның менен бирге жасайтуғынымызға да исенемиз. 9Себеби Масийхтың өлимнен тирилип, қайтып өлмейтуғынын ҳәм енди өлимниң Оның үстинен ҳүкимдарлық ете алмайтуғынын билемиз. 10Масийх гүнаны жоқ қылыў ушын биринши ҳәм соңғы мәрте өлди. Ал енди болса, Ол Қудай ушын жасап атыр. 11Сонлықтан сизлер де өзлериңизди гүна ушын өли деп, ал Масийх Ийса менен қатнаста болып, Қудай ушын тири деп есаплаңлар. 12Солай етип, денеңиздиң жаман қәлеўлерине бойсынбаўыңыз ушын, гүнаның өткинши денеңизди басқарыўына жол қоймаңлар. 13Денеңиздиң мүшелерин наҳақлықтың қуралы қылып, гүна ислеўге тапсырмаңлар. Керисинше, өлимнен қайта тирилгенлер сыпатында, өзлериңизди Қудайға бағышлаңлар. Денеңиздиң мүшелерин де ҳақлықтың қуралы қылып, Қудайға арнаңлар. 14Сонда гүна сизлердиң үстиңизден ҳүкимдарлық етпейди. Өйткени сизлер нызамның бийлиги астында емес, ал Қудайдың мийриминиң бийлиги астында жасайсыз.Ҳақлықтың қуллары
15Олай болса, не дейик? Нызамның бийлиги астында емес, ал Қудайдың мийриминиң бийлиги астында жасап атырғанымыз себепли гүна ислей берейик пе? Ҳеш қашан! 16Бойсынатуғын қуллар сыяқлы, өзлериңизди кимниң бийлигине тапсырып бойсынсаңыз, соның қулы болатуғыныңызды билмейсизлер ме? Сизлер я өлимге жетелеўши гүнаның, я ақланыўға жетелеўши бойсыныўшылықтың қулы боласызлар. 17Бирақ, Қудайға шүкир! Бурын гүнаның қулы болған сизлер енди өзлериңизге тапсырылған тәлиматқа шын жүректен бойсындыңлар 18ҳәм гүнаның бийлигинен азат болып, ҳақлықтың қуллары болдыңлар. 19Түсиниўиңизге аңсат болыў ушын, әпиўайы сөзлер менен айтып атырман: бурын денеңиздиң мүшелерин ипласлыққа ҳәм наҳақ ислерди ислеў ушын наҳақлыққа қул қылып бағышлайтуғын едиңиз, ал енди мухаддес болыўыңыз ушын, оларды ҳақлыққа қул қылып бағышлаңлар. 20Сизлер гүнаның қулы болғаныңызда, ҳақлықтың бийлигинен азат едиңлер. 21Бурын ислеген ислериңизден ҳәзир өзлериңиз де уяласыз. Сол ўақытлары усы ислерден не арттырған едиңиз? Олардың ақыры өлим еди-ғо. 22Бирақ енди болса, сизлер гүнаның бийлигинен азат етилип, Қудайдың қуллары болдыңлар. Сол себептен мухаддесликке ерисип, ақырында мәңгилик өмирди аласыз. 23Себеби гүнаның төлеми – өлим, ал Қудайдың сыйы – Ийемиз Масийх Ийса арқалы берилетуғын мәңгилик өмир.
Copyright information for
KaaIBT22C