Romans 8
Өмир бериўши Мухаддес Руўх
1Солай етип, Масийх Ийсаға тийисли болғанларға ▼▼ Базы қолжазбаларда «…яғный дене қәлеўи менен емес, ал Руўхтың жетелеўи менен жасайтуғынларға» деген сөзлер де бар.
қарсы енди ҳеш қандай ҳүким жоқ. 2Себеби Масийх Ийса арқалы өмир беретуғын Мухаддес Руўхтың нызамы мени гүнаның ҳәм өлимниң нызамынан азат қылды. 3Адамның гүнакар тәбияты ҳәлсиз болғанлықтан, адам Мухаддес Нызамды толық орынлай алмады. Сонлықтан Мухаддес Нызам адамды қутқара алмады, бирақ оны Қудайдың Өзи қутқарды: Қудай Өз Улын адам денесинде бул дүньяға жиберип, Оны гүналар ушын төленетуғын қурбанлық қылып бағышлады ҳәм бизлердиң гүналарымыз жүкленген Өз Улының денесин ҳүким етти. 4Солай етип, Қудай буны гүнакар тәбиятымыздың емес, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғын бизлердиң өмиримизде Мухаддес Нызамның әдил талаплары орынлансын деп иследи. 5Өйткени гүнакар тәбиятының жетелеўи менен жүретуғынлар өз гүнакар тәбиятының қәлейтуғын нәрселерин ойлайды, ал Мухаддес Руўхтың жетелеўи менен жүретуғынлар Мухаддес Руўхтың қәлейтуғын нәрселерин ойлайды. 6Гүнакар тәбият басқаратуғын ой-пикирлер өлимге, ал Мухаддес Руўх басқаратуғын ой-пикирлер өмирге ҳәм тынышлыққа еристиреди. 7Себеби гүнакар тәбият басқаратуғын ой-пикирге ийе адам – Қудайға душпан. Ол Қудайдың Нызамына бойсынбайды ҳәм бойсына алмайды да. 8Ким де ким гүнакар тәбиятының жетелеўи менен жүрсе, ол Қудайға унай алмайды. 9Бирақ, ишиңизде Қудайдың Руўхы жасап атырған болса, онда сизлерди гүнакар тәбиятыңыз емес, ал Мухаддес Руўх басқарып атырған болады. Ким де ким Масийхтың Руўхына ийе болмаса, ол Масийхқа тийисли емес. 10Ал егер ишиңизде Масийх жасап атырған болса, денеңиз гүна себепли өлетуғын болса да, руўхыңыз ақланғаныңыз себепли тири болады. 11Ийсаны өлимнен қайта тирилткен Қудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырған болса, онда Масийх Ийсаны өлимнен қайта тирилткен Қудай ишиңизде жасап атырған Өз Руўхы арқалы өлетуғын денеңизди де тирилтеди. 12Солай етип, туўысқанларым, бизлер гүнакар тәбиятымызға бойсынып, оның жетелеўи менен жүриўге парызлы емеспиз. 13Өйткени егер гүнакар тәбиятыңыздың жетелеўи менен жүрсеңиз, өлесиз. Ал гүнакар тәбиятыңыздың жаман ислеринен Мухаддес Руўхтың күши менен толық ўаз кешсеңиз, жасайсыз. 14Қудайдың Руўхы менен басқарылатуғынлардың ҳәммеси – Қудайдың балалары. 15Себеби сизлер өзлериңизди және қул етип, қорқыныш беретуғын руўхты емес, ал өзлериңизди Қудайға бала қылған Мухаддес Руўхты қабыл еттиңиз. Усы Руўх арқалы Қудайды: «Әке, Әкежаным!» деп шақырасыз. 16Мухаддес Руўхтың Өзи бизлердиң руўхымыз бенен бирликте Қудайдың балалары екенлигимиз ҳаққында гүўалық береди. 17Егер бизлер Қудайдың балалары болсақ, онда мийрасқа ийе боламыз. Масийх пенен бирге уллыланыў ушын, Оның менен бирге азап шексек, онда бизлер Масийх пенен бирге мийрасқа шерик болған Қудайдың мийрасхорларымыз. Келешектеги уллылық
18Мениң ойымша, ҳәзирги қыйыншылықлар келешекте бизлерге берилетуғын уллылыққа салыстырғанда ҳеш нәрсе емес. 19Соның менен бирге, пүткил жаратылыс Қудайдың Өз балаларын ашық көрсететуғын күнин интизарлық пенен күтпекте. 20Өйткени пүткил жаратылыс бул өткинши өмирге тутқын етилген. Бул олардың өзлериниң ерки менен емес, ал тутқын қылған Қудайдың ерки менен болған. 21Олар өзлериниң бул набыт қылыўшы қуллықтан қутқарылатуғынынан ҳәм Қудайдың балаларының уллы азатлыққа ерисетуғынынан үмит етеди. 22Бизлерге мәлим, пүткил жаратылыс ҳәзирге дейин бирликте толғақ азабын шеккендей азап шегип, нала етпекте. 23Тек жаратылыс емес, ал Қудайдың биринши сыйы болған Мухаддес Руўхты алған бизлер де перзент болып асырап алыныўды, яғный денемиздиң қутқарылыўын интизарлық пенен күтип, ишимизден нала етпектемиз. 24Себеби бизлер қутқарылғанымыз себепли үмитке ийемиз. Егер бизлер өзлеримиз үмит ететуғын нәрсени көрип турған болсақ, онда ол үмит емес. Көзге көринип турған нәрсеге ким үмит етеди? 25Бирақ, еле көрмегенимизге үмит етсек, оны сабырлылық пенен күтемиз. 26Соның менен бирге, Мухаддес Руўх та ҳәлсиз болған бизлерге жәрдем береди. Өйткени бизлер қалай дуўа етиў кереклигин билмеймиз. Бирақ, Мухаддес Руўхтың Өзи сөз бенен айтып жеткизе алмайтуғын дәрежеде нала шегип, бизлер ушын Қудайдан өтиниш етеди. 27Адамлардың кеўиллеринде не бар екенин билиўши Қудай Мухаддес Руўхтың ой-пикирлерин биледи. Себеби Мухаддес Руўх мухаддеслер ушын Қудайдың ерки бойынша өтиниш етеди. 28Қудай Өзин сүйетуғынларға, яғный Оның қәлеўи бойынша таңланғанларға ҳәмме нәрсени жақсылық қылып хызмет еттиретуғынын билемиз ▼▼ Қудай Өзин сүйетуғынларға, яғный Оның қәлеўи бойынша таңланғанларға ҳәмме нәрсени жақсылық қылып хызмет еттиретуғынын билемиз – Базы қолжазбаларда: «Қудайды сүйетуғынларға, яғный Оның қәлеўи бойынша таңланғанларға ҳәмме нәрсе жақсылық болып хызмет ететуғынын билемиз».
. 29Өйткени Қудай Өзи алдыннан билген адамларының Улына уқсаўы ушын оларды алдын ала белгиледи. Солай етип, Қудай Өз Улының көп туўысқанлар арасында туңғыш болыўы ушын усылай иследи. 30Қудай Өзи алдын ала белгилеген адамларын шақырды, шақырған адамларын ақлады, ал ақлаған адамларын уллылыққа еристирди. Қудайдың сүйиспеншилиги
31Олай болса, буған не деймиз? Егер Қудай бизлерди жақласа, бизлерге ким қарсы тура алады? 32Қудай, ҳәтте, Өз Улын да аямай, Оны бизлердиң ҳәммемиз ушын қурбанлық қылып бағышлаған болса, Оның менен бирликте бизлерге ҳәмме нәрсени бермес пе екен? 33Қудайдың таңлап алған адамлары болған бизлерди ким айыплай алады? Қудайдың Өзи бизлерди ақлайды-ғо. 34Ким бизлерди ҳүким ете алады? Ҳеш ким! Себеби өлип, өлимнен қайта тирилген Масийх Ийса Қудайдың оң жағында болып ▼, бизлер ушын өтинбекте. 35Масийхтың ▼▼ Масийхтың – Базы қолжазбаларда «Қудайдың».
сүйиспеншилигинен бизлерди ким айыра алады? Ҳеш ким. Қыйыншылық та, қайғы да, қуўдалаў да, ашлық та, жалаңашлық та, қәўип те, қылыш та айыра алмайды. 36Мухаддес Жазыўда айтылғанындай: «Бизлер Сениң ушын ҳәр күни өлтирилмектемиз,Бизлерди шалынатуғын қойлар деп есаплайды». ▼
▼ Заб 43:23.
37Бирақ, булардың ҳәммесиниң үстинен бизлерди сүйетуғын Масийх себепли үлкен жеңиске ерисемиз. 38Өйткени мен исенемен: өлим де, өмир де, периштелер де, ҳәкимшиликлер де, ҳәзирги ҳәм келешек заман да, күшлер де, 39бәлентлик те, тереңлик те, улыўма, жаратылған ҳеш бир нәрсе бизлерди Қудайдың бизлерге Ийемиз Масийх Ийса арқалы берген сүйиспеншилигинен айыра алмайды.
Copyright information for
KaaIBT22C