Ruth 1
Элимелехтиң шаңарағы менен Моаб жерине көшип барыўы
1Израилды бийлер басқарған дәўирде елде ашаршылық болды. Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан бир адам ҳаялы ҳәм еки улы менен бирге бир қанша ўақыт жасап турыў ушын Моаб елине көшип кетти. 2Ол адамның аты Элимелех, ҳаялының аты Нағыйма, улларының атлары болса Махлон ҳәм Килйон еди. Эфратлы ▼ болған бул адамлар Яҳуданың Бейтлеҳем қаласының турғынлары еди. Олар Моаб елине жетип келип, сол жерде жасап қалды. 3Арадан бир қанша ўақыт өткеннен кейин, Нағыйманың күйеўи Элимелех қайтыс болды. Ол еки улы менен жесир болып қалды. 4Оның еки улы моаблы қызларға үйленди: биринши келининиң аты Орпа, ал екинши келининиң аты Рут еди. Моабта жасағанына он жылдай болғанда, 5Махлон да, Килйон да бул дүньядан көз жумды. Солай етип, Нағыйма күйеўинен ҳәм еки улынан айырылып, жалғыз қалды.Нағыйма менен Руттың Бейтлеҳемге қайтыўы
6Моаб елинде жүрген Нағыйма: «Жаратқан Ийе Өз халқына нәзерин түсирип, оларға нан берди», – деген гәпти еситип, келинлери менен бирге өз елине қайтыўға бел байлады. 7Олар жасаған жерин – Моаб елин таслап, Яҳудаға қарай жолға шықты. 8Жолда киятырып, Нағыйма келинлерине: – Барыңлар, екеўиңиз де төркиниңизге қайтыңлар. Сизлер марҳум күйеўлериңизге ҳәм маған қандай жақсылық қылған болсаңыз, Жаратқан Ийе де сизлерге сондай жақсылық қайтарсын. 9Жаратқан Ийе сизлердиң ҳәр бириңизге күйеў берип, үйли-жайлы болып кеткейсиз! – деп, олардың бетлеринен сүйди. Бирақ олар зар жыласып: 10– Яқ, бизлер сениң менен бирге сениң халқыңа баражақпыз, – деди. 11Сонда Нағыйма келинлерине былай деди: – Қызларым, үйлериңизге қайтыңлар! Мениң менен кеткениңизден не пайда? Сизлерге күйеў болғандай, қурсағымда балам бар ма еди? 12Барыңлар, кейниңизге қайтыңлар, қызларым! Мен енди қартайдым, күйеўге шыға алмайман. Егер де мен еле де үмит қылсам болады, деп усы түни күйеўим менен қосылып уллар туўсам да, 13олар ержеткенше сизлер күтип отырар ма едиңиз? Соларға қарап, турмысқа шықпай жүрер ме едиңиз? Яқ, қызларым, Жаратқан Ийе мени соншама бахытсызлықларға дуўшар етти. Мениң қайғы-ҳәсиретим сизлердикинен де күшлирек. 14Келинлер және зар жыласты. Ақыры Орпа енеси менен сүйисип хошласты. Ал Рут болса енесинен айырылғысы келмей, оның менен бирге қалды. 15Нағыйма Рутқа: – Мине, абысының өз халқына ҳәм өз қудайына ▼▼ Өз қудайына – моаблылар Кемош атлы қудайға сыйынатуғын еди. 3Пат 11:33 қараң.
қайтып баратыр. Сен де оның изине ерип кете бер! – деди. 16Бирақ Рут былай деди: – Сени таслап кетиўге мени мәжбүр етпе! Сен қай жерге барсаң, мен де сол жерге бараман, сен қай жерде болсаң, мен де сол жерде боламан. Сениң халқың мениң халқым, сениң Қудайың мениң Қудайым болады. 17Сен қай жерде дүньядан көз жумсаң, мен де сол жерде өлип, жерленемен. Егер де мен өлимнен басқа бир себеп пенен сеннен айырылсам, Жаратқан Ийе мени жазалаған үстине жазаласын. 18Нағыйма Руттың өзи менен бирге кетиўге қатаң қарар еткенин көрип, оны қайтып үгитлемеди. 19Солай етип, екеўи Бейтлеҳемге қарай жүрип кетти. Олар Бейтлеҳемге жетип келгенде, барлық қала халқы жанланып кетип, ҳаяллар: – Ҳаў, бул Нағыйма емес пе? – дести. 20Нағыйма оларға былай деди: – Мени енди Нағыйма ▼▼ Нағыйма – «жағымлы» дегенди билдиреди.
деп емес, ал Мара ▼▼ Мара – «ашшы, қайғы» дегенди билдиреди.
деп атаңлар. Себеби Қүдирети күшли Қудай мениң басыма көп қайғы-ҳәсирет салды. 21Бул жерден кеткенимде мен ҳәммесине ийе едим, бирақ Жаратқан Ийе мени қуры қол қайтарды. Неге мени Нағыйма деп атап атырсызлар? Қүдирети күшли Қудай мени азап-ақыретлерге дуўшар қылып, бахытсыз етти-ғо. 22Солай етип, Нағыйма Моаб елинен келини болған моаблы Рут пенен бирге қайтты. Олар Бейтлеҳемге келген ўақытта арпа орағы басланған еди.
Copyright information for
KaaIBT22C