Ruth 2
Рут ҳәм Боаздың ушырасыўы
1Нағыйманың күйеўи Элимелехтиң Боаз деген тийрелес ағайини бар еди. Ол абырайлы ҳәм бай адам еди. 2Бир күни моаблы Рут Нағыймаға: – Мен атызға барайын. Мийримли биреўди ушыратсам, соның атызынан масақ терип келейин ▼▼ Масақ терип келейин – Кәмбағаллардың терип алыўы ушын, шашылған масақлар атызда қалдырылған. Леб 19:9-10; Нзм 24:19.
, – деди. – Яқшы, қызым, бара ғой, – деди Нағыйма. 3Рут атызға барды да, орақшылардың изинен жүрип, масақ тере баслады. Бул егислик майдан Элимелехтиң тийрелес ағайини Боаздың меншик жери болып шықты. 4Сол ўақытта Бейтлеҳемнен Боаз келип, орақшыларға: – Жаратқан Ийе сизлер менен бирге болсын! – деди. Орақшылар оған: – Сизди Жаратқан Ийе жарылқасын! – деди. 5Боаз олардың басқарыўшысынан: – Бул жас келиншек ким? – деп сорады. 6Орақшылардың басқарыўшысы былай деп жуўап берди: – Бул Моаб елинен Нағыйма менен бирге келген моаблы жас келиншек. 7Ол маған: «Орақшылардың изинен жүрип, баўлардың арасына түскен масақты териўиме рухсат етиң», – деген еди. Шертекте азғантай ғана дем алғаны болмаса, ерте азаннан усы ўақытқа дейин тынбай атызда ислеп атыр. 8Боаз Рутқа қарап: – Қызым, сөзиме қулақ сал. Масақ териў ушын басқа атызға бармай-ақ қой. Усы жерде, мениң хызметши қызларымның қасында жүрип, тере бер. 9Орақшылар қайсы атызды орса, нәзериң сол жерде болып, қызлардың кейнинен жүре бер. Хызметшилерге саған тиймеўге буйрық бердим. Егер шөллесең барып, хызметшилер толтырып қойған ыдыстан суў ише бер, – деди. 10Рут Боаздың алдында ет бетинен жығылып, тәжим етти де: – Мен бир жат жерли адам болсам да, неге сиз маған нәзер аўдарып, мийримлилик көрсетип атырсыз? – деди. 11Боаз оған былай деп жуўап берди: – Күйеўиң қайтыс болғаннан кейин, енеңе нелерди ислегениңниң ҳәммесин еситтим. Сен ата-анаңды ҳәм өз ўатаныңды таслап, бурын өзиң танымаған халық арасына жасаўға келдиң. 12Бул жақсы ислериң Жаратқан Ийеден қайтсын! Сен Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң қолы астынан пана излеген екенсең, Оның Өзи сени мол-мол етип сыйлықласын. 13Сонда Рут: – Ендигиден былай да, маған деген мийримлилигиңиз таўысылмасын, мырзам! Мен сизиң шорыларыңыздың бирине де арзымайман. Бирақ сиз мендей қулыңызға жубаныш бердиңиз ҳәм жыллы сөйледиңиз, – деди. 14Түслик ўақты келгенде, Боаз оған: – Берман кел, наннан алып, сирке суўына батырып же, – деди. Рут орақшылардың жанына барып отырды. Боаз оған қуўырмаштан узатты. Рут жеп тойып алды ҳәм жегенинен аўыстырып алып қойды. 15Соннан кейин Рут масақ териў ушын орнынан турып кеткенде, Боаз хызметшилерге былай деп буйырды: – Рут баўлар қасынан да масақ тере берсин, оны қапа қылыўшы болмаңлар. 16Ҳәттеки, оған дәстелерден шашып қалдырып кетиңлер. Ол терип алсын, оның кеўлине тиймеңлер. 17Солай етип, Рут кешке дейин атызда масақ терди ҳәм тергенлерин түйип, суўырғанда бир эфаға ▼▼ Бир эфа – шама менен 22 л.
шамалас арпа алды. 18Рут дәнди көтерип қалаға қарай жүрип кетти. Ол терип келген дәнин енесине көрсетти ҳәм түсте өзи жеген азығынан аўыстырып қалдырғанын оған берди. 19Енеси Рутқа: – Бүгин қай жерде масақ тердиң, қай жерде иследиң? Саған нәзерин аўдарған адамды Қудай жарылқасын! – деди. Рут кимниң атызында жумыс ислегенин енесине айтып: – Бүгин мен ислеген егислик жердиң ийеси Боаз деген адам, – деди. 20Нағыйма келинине: – Тирилерден ҳәм марҳумлардан Өз мийрим-шәпәәтин аямаған Жаратқан Ийе сол адамды жарылқасын, – деди. Нағыйма және даўам етип: – Ол киси бизлерге жақын адам, әмеңгерлеримиздиң ▼▼ Әмеңгер – сөзликке қараң.
бири болады, – деди. 21Моаблы Рут былай деди: – Аўа, ҳәттеки, ол маған: «Хызметшилерим жыйын-терим ислерин тамамлағанша, олар менен бирге жүре бер», – деген еди. 22Нағыйма өз келини Рутқа: – Жүдә жақсы, қызым, сол адамның хызметши қызлары менен бирге жүре бергениң жақсырақ. Басқаның атызына барсаң, саған азар бериўи мүмкин, – деди. 23Солай етип, Рут арпа ҳәм бийдай орағының ақырына дейин Боаздың хызметши қызларынан айырылмады. Ол масақ терип, енеси менен бирге жасай берди.
Copyright information for
KaaIBT22C