‏ Ruth 4

Боаздың Рутқа үйлениўи

1Боаз қала дәрўазасының жанына барып отырды. Қараса, өзи айтқан әмеңгери қасынан өтип баратыр екен. Боаз оны шақырып:

– Туўысқаным, берман келип, мына жерге отыр, – деди. Сол адам келип отырды.
2Соңынан Боаз қала ақсақалларынан он адамды жыйнап алып, оларға:

– Келиңлер, сизлер де усы жерде отырыңлар! – деди. Олар келип отырды.
3Сонда Боаз сол әмеңгерге былай деди:

– Моаб елинен қайтып келген Нағыйма ағайинимиз Элимелехке тийисли жер үлесин сатпақшы.
4Мен саған мынаны мәлим етпекшимен: усы жерде отырғанлар ҳәм халқымның ақсақаллары алдында сен сол жерди сатып ал. Егер сен әмеңгерлик ўазыйпасын орынламақшы болсаң, орынла. Егер де орынлаўды қәлемесең, онда маған айт, мен билейин. Себеби бул ўазыйпаны орынлаў биринши гезекте сениң мойныңда. Ал сеннен кейинги нәўбет меники.

Сол адам:

– Мен әмеңгерлик ўазыйпамды орынлайман, – деди.

5Боаз оған:

– Егер сен Нағыймадан жерди сатып алатуғын болсаң, онда марҳумның мүлкин өз атында қалдырыў ушын, оның моаблы жесир ҳаялы Рутты да ҳаяллыққа алыўың керек, – деди.

6Сол әмеңгери Боазға:

– Олай болса, мен әмеңгерлик ўазыйпамды орынлай алмайман. Себеби өз мүлкимди жоғалтып алыўым мүмкин. Жақсысы, бул ўазыйпаны сен орынла, өйткени мен орынлай алмайман, – деди.

7Әййемги Израилда мынадай дәстүр бар еди: егер биреў әмеңгерлик ўазыйпасын орынлайтуғын ямаса мал-мүликлерин алыс-берис қылатуғын болса, онда буның дәлили сыпатында биреўи аяқ кийимин шешип, екиншисине беретуғын еди. Мине, бул Израилда тастыйықланған гүўалықтың орнын басатуғын еди.

8Солай етип, сол әмеңгер Боазға:

– Өзиң сатып ала бер, – деди де, аяқ кийимин шешип, оған берди.

9Боаз ақсақалларға ҳәм барлық халыққа қарап былай деди:

– Бүгин сизлер мынаған гүўасызлар: мен Нағыймадан марҳум Элимелех, Килйон ҳәм де Махлонның барлық мүлкин сатып алып атырман.
10Және де, мен марҳумның мүлкин өз атында қалдырыў ушын, Махлонның жесири, моаблы Рутты ҳаяллыққа аламан. Марҳумның туўысқанлары арасында ҳәм өзи жасаған қалада аты өшпесин. Бүгин сизлер усыған гүўасызлар.

11Дәрўаза жанында болған пүткил халық ҳәм ақсақаллар:

– Бизлер гүўамыз. Сениң үйиңе киретуғын ҳаялды Жаратқан Ийе Израил халқының еки түпки анасы Раҳила ҳәм Леадай қылғай. Эфратада
Эфрата – бул Бейтлеҳемниң ямаса оның дөгерек әтирапындағы жердиң аты. 1:2 қараң.
байлықлар ийеси болғайсаң, Бейтлеҳемде атың уллы болғай.
12Жаратқан Ийениң усы жас ҳаялдан саған беретуғын балалары арқалы сениң урпағың Тамараның Яҳудаға туўып берген улы Перестиң урпағындай көп болғай, – деди.

Даўыт патшаның шежиреси

13Солай етип, Боаз Рутты ҳаяллыққа алып, оған үйленди. Боаз Рут пенен қосылды ҳәм Жаратқан Ийе Руттың қурсағына бала берип, ол ул туўды.

14Ҳаяллар Нағыймаға: «Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол бүгин сени ғамхоршысыз қалдырмады. Баланың аты Израилда даңқ-атаққа ийе болсын! 15Ол сениң өмириңди жаңартады, қартайғанда бағыўшың болады. Себеби оны сени жақсы көретуғын келиниң туўып берди. Усы келиниң сениң ушын жети улдан да артығырақ», – деди.

16Нағыйма баланы қолына алып, баўырына басты ҳәм өзи бағып тәрбиялады. 17Қоңсы ҳаяллар: «Нағыйма уллы болды», – деп, балаға ат қойып, оны Обид деп атады. Обид Ишайдың әкеси, Ишай Даўыттың әкеси болды.

18Перестиң шежиреси мынадай: Перестен Хесрон туўылды, 19Хесроннан Рам туўылды, Рамнан Амминадаб туўылды, 20Амминадабтан Нахшон туўылды, Нахшоннан Салмон туўылды, 21Салмоннан Боаз туўылды, Боаздан Обид туўылды, 22Обидтен Ишай туўылды, Ишайдан Даўыт туўылды.
Copyright information for KaaIBT22C