Song of Solomon 1
1Сулайманның ең жақсы қосығы. Қыз: Сүй мени, еринлериң менен сүй!Муҳаббатың шараптан да татлы!
2Әтир майың қандай хош ийисли!
Атың да төгилген әтир киби,
Соның ушын қызлар сүйеди сени!
3Мени өзиң менен алып кет, асығайық,
Шаҳзадам мени отаўына апарсын!
Жаўанлар: Сениң менен қуўанып, шадланамыз,
Муҳаббатыңды шараптан да зыяда деп тәрийиплеймиз.
Қыз: Минәсипсең сен қызлардың муҳаббатына.
4Ерусалим қызлары,
Мен қара торыдан келген сулыўман.
Кедар шатырларындай қараман,
Сулайманның перделериндей гөззалман.
5Қара торы болғаныма қарамаң,
Қуяш қарайтты мени.
Аға-инилерим маған ашыўланып,
Мени жүзимзарға қараўыл қылып қойды.
Өзимниң жүзимзарыма қарай алмадым.
6Сүйиклим, айтшы, сүриўиңди қай жерде бағасаң?
Түсте оны қай жерде тынықтырасаң?
Неге сениң досларыңның сүриўлери арасынан,
Бетине перде жамылған бузықлардай,
Сени излеп, сергиздан болыўым керек?
Жигит: 7Ҳәй, гөззаллар гөззалы!
Билмесең, сүриўлердиң изи менен жүр,
Шопанлардың шатырларының жанында,
Ылақларыңды бақ.
8Фараонның арбасына жегилген,
Байталға мегзетемен сени, сүйиклим!
9Тағыншақлар бет әлпетиңе,
Моншақлар мойныңа қандай жарасқан!
10Саған гүмис пенен әшекөйленген,
Алтын тағыншақ соғып беремиз.
Қыз: 11Шаҳзадам өз дастурханы әтирапында отырғанда,
Нард әтирим хош ийисин таратты.
12Сүйиклим мен ушын,
Көкиреклерим ортасында жатырған,
Мирра ▼
▼ Мирра – белгили бир тереклердиң қатқан желиминен таярланған хош ийисли нәрсе.
толы қалташаға мегзейди.13Сүйиклим мен ушын,
Эн-Гедийдеги жүзим бағындағы,
Қына гүлиниң дәстесине мегзейди.
Жигит: 14Қандай гөззалсаң, сүйиклим!
Гөззалсаң, қумыры көзлим.
Қыз: 15Қандай сымбатлысаң, сүйиклим!
Жүдә сүйкимлисең!
Жатағымыз жасыл майсазар.
16Кедрлер үйимиздиң төбеси болса,
Сәрўи ағашлары шертегимиз.
Copyright information for
KaaIBT22C