Song of Solomon 2
Қыз:
1Мен Шарон наргизимен,Ойпатлықлар лаласыман.
Жигит: 2Қызлар арасында мениң сүйиклим,
Тикенлер арасындағы лалаға мегзер.
Қыз: 3Жигитлер арасында мениң сүйиклим,
Тоғай ағашлары арасындағы алма ағашына мегзер.
Саясында отырыў маған рәҳәт бағышлар,
Мийўесиниң дәми аўзымнан кетпес.
4Ол мени зыяпат үйине алып келди,
Мени муҳаббаты менен қаплады.
5Кишмишлер менен мени күшке толтыр,
Алмалар менен жанландыр.
Себеби ышқы дәртинде жанбақтаман.
6Оның шеп қолы басым астында,
Оң қолы менен мени аймалайды.
7Ерусалим қызлары!
Жейран ҳәм жабайы суўынлар ҳақы жалбарынаман:
Муҳаббаттың өзи оянбағанша,
Ышқыны оятпаң ҳәм қозғамаң.
8Мынаў сүйиклимниң даўысы!
Ол таўлардан секирип,
Төбешиклерден атлап киятыр.
9Сүйиклим жейранға ямаса жас суўынға мегзер.
Мине, ол дийўалымыз артында турып,
Терезелерден үңилип,
Әйнектиң көзлеринен сығалар.
10Сүйиклим маған былай деди:
«Тур, сүйиклим, гөззалым,
Жүр, бирге кетейик!
11Қара, қыс та өтти,
Жаўын да тынды.
12Жерде гүллер ашылып,
Қосық айтатуғын ўақыт келди.
Үлкемизде қумырының,
Ҳаўазы еситилип тур.
13Әнжир ғумша шығарды.
Жүзим шақалары гүллеп,
Хош ийисин шашып тур.
Тур, сүйиклим, гөззалым,
Жүр, бирге кетейик!»
Жигит: 14Жартастың жарығына,
Таўлардың шыңларына жасырынған қумырым!
Жамалыңды көрсет, даўысыңды еситейин.
Даўысың жағымлы, жамалың гөззал.
15Бизге түлкилерди,
Жүзимзарларды ўайран етип атырған,
Түлкишеклерди услап бериң.
Жүзим бағларымыз гүл ашпақта.
Қыз: 16Сүйиклим меники, мен де оныкимен.
Сүриўин лала гүллер арасында бағады ол.
17Кеш түсип, көлеңке узайғанша,
Қайтып кел, сүйиклим,
Сәнли таўлардағы жейрандай,
Ямаса жас суўындай шапқыла!
Copyright information for
KaaIBT22C