Song of Solomon 3
Қыз:
1Түн бойы төсегимде жатып,Қәлбимниң ашығын аңсадым,
Аңсадым, бирақ оны таба алмадым.
2Енди турып, қаланы айланайын,
Көше ҳәм майданлар бойлап,
Қәлбимниң ашығын излейин.
Оны изледим, бирақ таба алмадым.
3Қаланы айланып жүрген сақшылар,
Мени көрип қалды. Олардан мен:
«Мениң қәлбимниң ашығын көрмедиңиз бе?» – деп сорадым.
4Олардың жанынан кетиўим менен,
Қәлбимниң ашығын таптым.
Оны қолтықлап услап,
Анамның үйине,
Маған ҳәмиледар болған бөлмеге,
Алып келгенимше, жибермедим.
5Ерусалим қызлары!
Жейран ҳәм жабайы суўынлар ҳақы жалбарынаман:
Муҳаббаттың өзи оянбағанша,
Ышқыны оятпаң ҳәм қозғамаң.
Қурбы-қурдаслар: 6Саўдагерлердиң барлық хош ийисли әтирлеринен исленген,
Мирра ҳәм хош ийисли түтеткини аңқытып,
Буўдақлаған түтиндей көтерилип,
Шөлден шығып киятырған ким екен?
7Қараңлар, Сулайманның тасымалы тахты!
Қасында алпыс батыры,
Израилдың мәрт жаўынгерлери бар.
8Ҳәммеси қылыш асынған,
Урыс тәжирийбесине ийе.
Түнги қәўипке қарсы,
Ҳәр бириниң қылышы белинде.
9Патша Сулайман Лебанондағы кедр ағашынан,
Өзине тасымалы тахт ислеткен.
10Оның бақанларын гүмистен,
Арқасын алтыннан ислетип,
Отырғышын шым қызыл таўар менен қаплатқан.
Ишин Ерусалим қызлары шын кеўилден безеген.
11Сион қызлары, сыртқа шығыңлар!
Тойы күни,
Жүреги шадлыққа толған күни,
Анасы басына кийдирген,
Тажына қараңлар!
Copyright information for
KaaIBT22C