‏ Song of Solomon 5

Жигит:

1Мен бағыма кирдим, әзизим, келиншегим.
Мирра ҳәм хош ийисли затларымды жыйнайман.
Палымды уясы менен жеймен,
Шарабымды, сүтимди ишемен.
Қурбы-қурдаслар: Жеңлер, дослар, ишиңлер!
Ишип, ләззет алың, ҳәй, ашықлар!
Қыз: 2Уйықлап жатсам да, кеўлим сергек.
Тыңлап көр! Сүйиклим есик қағып тур:
«Есикти аш, әзизим, сүйиклим,
Қумырым, минсиз сулыўым!
Ҳөл болған басым шықтан,
Шашларым түнги ызғардан».
3Мен шешинип қойдым,
Қалай және кийинемен?
Аяқларымды жуўып қойдым,
Қалай және патас қыламан?
4Сүйиклим есик тесигинен қолын суққанда,
Жүрегим толқынланып кетти.
5Турдым сүйиклиме қапы ашпаға,
Қолларымнан мирра тамды,
Бармақларымнан ақты мирра,
Есиктиң илдиргишине.
6Сүйиклиме есик аштым,
Бирақ ол кетип қалған екен.
Оның кетип қалғанына, жүрегим езилди.
Оны изледим, таба алмадым,
Шақырдым, жуўап бермеди.
7Қаланы айланып жүрген сақшылар,
Мени услап алып, урып, жарақатлады,
Сол дийўал сақшылары,
Мениң жаўлығымды шешип таслады.
8Ерусалим қызлары! Сизлерге жалбарынаман:
Егер сүйиклимди ушыратсаңыз,
Айтыңлар, ышқыдан қәстемен мен.
Қурбы-қурдаслар: 9Сүйиклиңниң басқалардан неси артық,
Ҳәй, гөззаллар гөззалы?
Бизлерге жалбарынатуғындай,
Сүйиклиңниң басқалардан неси артық?
Қыз: 10Сүйиклим мениң қызыл жүзли, қуўатлы,
Он мың адамның арасында айырылып турар.
11Басы сап алтыннан,
Шашлары буйра,
Ғарғадай қара.
12Көзиниң қарашықлары суў жағасында,
Сүтке шомылып, ләззетленип отырған,
Қос қумырыға уқсайды.
13Шекелери әтир таратып турған,
Гүл бағына уқсайды.
Еринлери мирра тамып турған,
Лала гүлге уқсайды.
14Қоллары сары яқыт тағылған,
Алтын ҳасаға уқсайды.
Денеси лазурит таслары менен қапланған,
Пил сүйегинен исленген буйымға уқсайды.
15Аяқлары алтын түбекке орнатылған,
Мрамор сүтинге уқсайды.
Түр-түси Лебанон таўларына уқсайды,
Кедр ағашларындай саўлатлы.
16Тили шийрин,
Қәдди-қәўмети келискен.
Усы мениң сүйиклим, усы мениң достым,
Ҳәй, Ерусалим қызлары!
Copyright information for KaaIBT22C