‏ Song of Solomon 6

Қурбы-қурдаслар:

1Сүйиклиң қайда кетти,
Ҳәй, гөззаллар гөззалы?
Ол қай тәрепке кетти?
Оны сениң менен бирге излейик.
Қыз: 2Сүйиклим өз бағына,
Жупар ийисли гүл бағына,
Бағда сүриўин бағыўға,
Лала гүллер териўге кетти.
3Мен сүйиклимдики, сүйиклим меники.
Сүриўин лала гүллер арасында бағады ол.
Жигит: 4Сүйиклим, сен Тирса қаласындай гөззалсаң,
Ерусалимдей сүйкимлисең,
Байрақ көтерген ләшкерлердей айбатлысаң.
5Көзлериңди алып қаш меннен,
Олар мени бенде қылмақта.
Шашларың Гилад таўларынан түсип киятырған,
Қара ешкилер сүриўине уқсайды.
6Қырқып, шомылдырып шығарылған,
Қой сүриўиндей аппақ сениң тислериң.
Ҳәр бириниң сыңары бар,
Ҳеш бири жалғыз емес.
7Жапқыш астындағы жүзиңниң алмасы,
Анардың ярымындай қып-қызыл.
8Патшаның алпыс ҳаялы, сексен тоқалы,
Сансыз жас қызлары бар.
9Бирақ мениң қумырым, минсиз сулыўым – теңсиз.
Ол анасының жалғызы,
Оны туўғанның еркеси.
Қызлар оны көрип, бахытлы дейди,
Ҳаяллар ҳәм тоқаллар оны мақтайды.
Қурбы-қурдаслар: 10Таңдай атқан,
Айдай сулыў, күндей жарқыраған,
Байрақ көтерген ләшкерлердей айбатлы,
Ким екен бул?
Қыз: 11Ойпатлықтағы көклемзарды көриў ушын,
Ҳәм де жүзим путалары бүртик жарды ма,
Анар ағашлары гүлледи ме деп,
Усыларды көриў ушын, мен ғоза тоғайына бардым.
12Билмедим, қәлбим мени бийлеп алып,
Халқымның ақсүйеклериниң арбасына миндирди.
Copyright information for KaaIBT22C