‏ Song of Solomon 7

Қурбы-қурдаслар:

1Қайт, шуламлы қыз, изге қайт!
Сени бир көрейик, изге қайт!
Қыз: Қыз-жигитлер арасында аяқ ойынға түсип атырғандай,
Не ушын мени көрежақсыз?
Жигит 2Қандай сулыў сандал кийген аяқларың,
Ҳәй, ҳасылзаданың қызы!
Домалақ бөкселериң зергердиң,
Қолынан шыққан гәўҳар мысалы.
3Киндигиң бәрқулла хош дәмли шарапқа толы,
Домалақ кесе мысалы.
Белиң лалалар менен оралған,
Бийдай үйиндиси мысалы.
4Қос анарың қос суўын,
Егиз жейран мысалы.
5Мойның пил сүйегинен қурылған минарадай,
Көзлериң Бат-Раббим дәрўазасы жанындағы,
Хешбон ҳәўизлериндей.
Мурның Дамаскке қарап турған,
Лебанон минарасындай.
6Басың Кармел таўындай тик болып,
Илпилдеген шашларың шым қызыл,
Патша шашларыңа тутқын болды.
7Қандай сулыўсаң, қаншелли сүйкимлисең,
Ышқым кеткен сүйкимли жамалыңа!
8Турпатың пальма ағашына,
Қос анарың оның солқым-солқым жемисине мегзейди.
9Мен: «Бул пальмаға өрмелейин,
Услайын мийўели шақаларын», – дедим.
Анарларың жүзим солқымларындай,
Демиң алманың ийисиндей жупар,
10Еринлериң ең жақсы шарапқа уқсар.
Қыз: Бул шарап сүйиклиме,
Оның уйықлап атырған еринлерине қарай ақсын.
11Мен сүйиклимдикимен,
Ол да мени қумсайды.
12Жүр сүйиклим, атызға барайық,
Түнди қына гүллери арасында өткерейик.
13Ерте турып, жүзимзарға барайық,
Көрейик, жүзим путалары бүршик жарды ма,
Олардың гүллери ашылды ма,
Анар ағашлары да гүлледи ме?
Сол жерде ышқымды саған бағышлайман.
14Мәргия шөп хош ийисин аңқытпақта,
Есигимиз алдында,
Әлўан түрли жақсы мийўелер бар.
Жаңасын да, ескисин де,
Сен ушын сақладым, сүйиклим!
Copyright information for KaaIBT22C