Song of Solomon 8
1Қәнекей, туўысқанымдай болсаң еди,Анамның емшегин бирге емген!
Көшеде көргенимде, сүйер едим,
Ҳеш ким мени айыпламас еди.
2Алдыңа түсип,
Турмысқа таярлаған,
Анамның үйине алып келер едим.
Хош ийисли шараптан,
Анарларымның суўынан ишкизер едим саған.
3Сениң шеп қолың басым астында,
Оң қолың менен мени аймалайды.
4Ерусалим қызлары, сизлерге жалбарынаман:
Муҳаббаттың өзи оянбағанша,
Ышқыны оятпаң ҳәм қозғамаң.
Қурбы-қурдаслар: 5Сүйиклисине сүйенип,
Шөлден шығып киятырған ким екен?
Қыз: Алма ағашының астында,
Анаң саған ҳәмиледар болған жерде,
Ол толғатып, сени туўған жерде,
Мен сени оятып алдым.
6Сал мени жүрегиңе мөрдей қылып,
Қолыңа мөрли жүзиктей қылып.
Өйткени муҳаббат өлимдей қүдиретли,
Қумарлық әжелдей күшли.
Ышқының оты отлы жалындай жанар,
Лаўлап жанған жалын киби.
7Суўлар да муҳаббатты өшире алмас,
Дәрьялар да оны ағызып кете алмас.
Егер адам муҳаббат ушын бары-жоғын берсе де,
Ол жек көринишли болып, мазақ қылынар еди.
Қыздың туўысқанлары: 8Бизлердиң кишкене қарындасымыз бар,
Оның еле көкиреги де шықпаған.
Оны айттырып келген күни,
Қарындасымыз ушын не қыла аламыз?
9Егер ол дийўал болса,
Үстине гүмис минара қурар едик,
Егер ол қапы болса,
Оны кедр тахталар менен жаўып таслар едик.
Қыз: 10Мен өзим дийўалман,
Қос анарым минара мысалы,
Сол себепли оның көзине,
Бахытлы көриндим.
11Сулайманның Баал-Ҳамонда,
Жүзим бағы бар екен,
Ол бағды сақшыларға тапсырыпты.
Ҳәр бири оның жемиси ушын,
Мың шекел ▼
▼ Мың шекел – бир шекел шама менен 11 гр.
гүмис төлеўи керек екен.12Мың гүмис теңге сеники болсын, ҳәй, Сулайман,
Еки жүзи жемисин қорығандики болсын.
Ал мениң жүзимзарым өзимдики, өзиме тийисли.
Жигит: 13Ҳәй, бағларға мәкан басқан!
Жолдасларым даўысыңды еситип тур,
Даўысыңды тек мен еситетуғын болайын.
Қыз: 14Асық сүйиклим!
Жупар ийиси аңқыған таўлардағы,
Жейрандай ямаса жас суўындай шапқыла.
Copyright information for
KaaIBT22C