‏ Titus 1

Сәлемнама

1Қудайдың қулы ҳәм Ийса Масийхтың елшиси болған мен, Павелден, Титусқа сәлем! Мен Қудайдың таңлаған адамларының исенимин беккемлеў ушын ҳәм өзлерин Қудайдың жолы менен алып жүретуғын ҳақыйқатлықты олардың билиўи ушын тайынландым. 2Усы исеним ҳәм ҳақыйқатлықты билиў өтирик сөйлемейтуғын Қудайдың дүнья жаратылмастан бурын ўәде еткен мәңгилик өмирин алыў үмитине тийкарланған. 3Ўақты келгенде, Қудай жәриялаў арқалы Өз сөзин ашып берди. Ал мен усы сөзди жәриялаў ушын Қутқарыўшымыз Қудайдың буйрығы менен тапсырма алдым.

4Ортақ исенимимиз бойынша ҳақыйқый улым болған Титусқа Әкемиз Қудай ҳәм Қутқарыўшымыз Ийса Масийх мийрим ҳәм тынышлық берсин!

Титустың Криттеги ўазыйпасы

5Жуўмақланбай қалған ислерди тәртиплестирип, мениң саған буйырғанымдай, ҳәр бир қалада жәмәәт ақсақалларын тайынлаўың ушын, сени Критте қалдырған едим. 6Ақсақал болып тайынланатуғын адам айыпсыз, тек бир ҳаяллы
Тек бир ҳаяллы – ямаса «тек бир ҳаялға үйленген».
болсын. Оның балалары да исениўши болып, әдепсиз ҳәм тәрбия көрмеген, деп айыпланбаўы тийис.
7Себеби жәмәәт жетекшиси Қудайдың хызметшиси сыпатында кемшиликсиз болыўы керек. Ол қайсар, қызба, мәскүнемликке берилген, жәнжелкеш, ҳарам пайданы гөзлейтуғын болмаўы тийис. 8Керисинше, ол миймандос, жақсылықты сүйиўши, салдамлы, ҳақ, мухаддес ҳәм өзин тутып билетуғын болыўы керек. 9Және де, жәмәәт жетекшиси басқаларды дурыс тәлимат пенен жигерлендириўи ушын ҳәм ҳақыйқатқа қарсы шыққанларды әшкаралаўы ушын, исениўшилерге үйретилген ҳақыйқат сөзи бойынша ис тутыўы тийис.

10Өйткени ҳақыйқатқа бойсынбайтуғын, пәтиўасыз ҳәм өтирикши көп адамлар бар. Ондай адамлар әсиресе яҳудий топарлары арасында көп. 11Бундай адамлардың аўзын жаўыў керек. Олар өз ҳарам нәпси ушын, үйретиўге болмайтуғын нәрселерди үйретип, барлық хожалықларды бузып жүр. 12Ҳәтте, критлилердиң өз данышпаны: «Критлилер бәрқулла өтирикшилер, жаўыз ҳайўанлар ҳәм жалқаў ашкөзлер болған», – деген еди. 13Бул гүўалық – ҳақыйқат. Сонлықтан исенимде беккем турыўы ушын, оларды қатаң ескертип қой 14ҳәм оларды яҳудийлердиң мәниссиз аңызларына, ҳақыйқаттан адасқан адамлардың буйрықларына қулақ астырма. 15Пәк адамлар ушын ҳәмме нәрсе пәк. Бирақ, напәк адамлар менен исенбейтуғын адамлар ушын ҳеш бир нәрсе пәк емес. Себеби олардың ақыл-ойлары да, ҳүжданы да ипласланған. 16Қудайды билемиз десе де, ислеген ислери менен Оннан танады. Олар – жеркенишли, Қудайдың сөзине қулақ аспайтуғын ҳәм ҳәр қандай жақсы иске жарамсыз адамлар.
Copyright information for KaaIBT22C