Titus 2
Дурыс тәлиматты үйрет!
1Ал саған келсек, сен дурыс тәлимат бойынша тәлим бер. 2Үлкен жастағы ер адамларға салдамлы ҳәм ҳүрметке миясар болыўды, өзлерин тутып билиўди, исенимде, сүйиспеншиликте ҳәм сабырлылықта беккем болыўды үйрет. 3Сол сыяқлы, үлкен жастағы ҳаялларға да ҳүрметке ылайықлы өмир сүриўди, өсекши ҳәм шараптың қулы болмаўды, ал жақсылықты үйретиўши болыўы кереклигин үйрет. 4– 5Сонда үлкен жастағы ҳаяллар жас ҳаялларға ақыл-нәсият бере алады. Қудайдың сөзине тил тиймеўи ушын, олар жас ҳаялларға күйеўлерин ҳәм балаларын сүйиўди, өзлерин тутып билиўди, пәк, хожалыққа жанкүйер, мийримли болыўды ҳәм күйеўлерине бойсыныўды үйрете алады. 6Жас ер адамларға да өзлерин тыйып билиўди нәсият ет. 7Жақсы ислер ислеп, оларға ҳәр бир нәрседе өрнек бол. Тәлим бергениңде ҳадал ҳәм салдамлы болып, 8ҳеш ким айыплай алмайтуғын дурыс сөзлерди сөйле. Солай етип, саған қарсы шыққанлар бизлер туўралы ҳеш жаман нәрсе айта алмағанлықтан уялып қалады. 9Қулларға хожайынларына ҳәр бир нәрседе бойсынып, олардың кеўлинен шығыўды, қайтарып сөйлемей 10ҳәм урлық ислемей, толық садықлық көрсетиўди үйрет. Сонда олар Қутқарыўшымыз Қудайдың тәлиматына ҳәр тәреплеме жақсы ат келтиреди. 11Өйткени Қудайдың қутқаратуғын мийрими пүткил адамларға ашық көринди. 12Бул мийрим бизлерге қудайсызлықтан ҳәм дүньяның жаман ҳәўеслеринен ўаз кешип, ҳәзирги дәўирде өзлеримизди тыйып билиўди, ҳақ болыўды ҳәм Қудайдың жолына ылайықлы өмир сүриўди үйретеди. 13Және де, ол бизлерге ҳәзирше, мүбәрек үмитимиздиң, яғный уллы Қудайымыз ҳәм Қутқарыўшымыз болған Ийса Масийхтың салтанат пенен келиўин күттиреди. 14Ол қун төлеп бизлерди ҳәр бир нызамсыз ислеримизден азат етиў ушын ҳәм жақсылық ислеўге инталы, айрықша бир халықты Өзине тазалап алыў ушын Өз жанын бағышлады. 15Усыларды толық бийлик пенен үйретип, жигерлендир ҳәм кейи. Өзиңди ҳеш кимге кемситтирме.
Copyright information for
KaaIBT22C