Titus 3
Ийгиликли ислерди ислеўге таяр болыў
1Басшыларға ҳәм ҳүкиметке бойсынып қулақ асыўды, ҳәр бир ийгиликли исти ислеўге таяр болыўды, 2ҳеш кимди өсек қылмай ҳәм жәнжелкеш болмай, мүләйим болып, ҳәмме адамларға ҳәр тәреплеме жумсақ қатнаста болыўды исениўшилерге еслетип қой. 3Себеби бир ўақытлары бизлер де ақылсыз, қулақ аспайтуғын, адасқан, ҳәр түрли жаман ҳәўеслер менен ҳәзликлердиң қулы болған, жаманлық ҳәм күншиллик пенен жасаған, басқалар бизлерди ҳәм бизлер де бир-биримизди жек көрген адамлар едик. 4Бирақ Қутқарыўшымыз Қудай Өз мийримин ҳәм адамға деген сүйиспеншилигин ашық көрсеткенде, 5Ол бизлерди қылған ҳақ ислеримиз себепли емес, ал Өз мийрим-шәпәәти менен қутқарды. Бизлерди Мухаддес Руўхы арқалы гүнадан тазалап, қайтадан туўылдырды ҳәм жаңалады. 6– 7Оның мийрими менен ақланып, өзлеримиз үмит еткен мәңгилик өмирдиң мийрасхорлары болыўымыз ушын, Ол Мухаддес Руўхын Қутқарыўшымыз Ийса Масийх арқалы мол-мол етип жаўдырды. 8Бул сөз – ҳақыйқат. Қудайға исенгенлердиң өзлерин жақсы ислерди ислеўге арнаўға тырысыўлары ушын, айтқанларымды талап етиўиңди қәлеймен. Булар адамлар ушын жақсы ҳәм пайдалы. 9Бирақ, ақылсыз тартыслар менен шежирелер туўралы сөзлерден, Мухаддес Нызамға байланыслы айтыс ҳәм жәнжеллерден қаш. Өйткени булар пайдасыз ҳәм бийкар нәрселер. 10Алаўызлық туўдыратуғын адамға бир-еки ескертиў жасағаннан соң, оның менен байланысты үз. 11Бундай адамның бузылғанын ҳәм өз-өзин ҳүким етип, гүна ислеп атырғанын билесең.Соңғы сәлемнама ҳәм тилеклер
12Артемди ямаса Тихикти саған жибергенимде, дәрҳал Никополиске, мениң жаныма келиўге бар күшиңди сал. Себеби қысты сол жерде өткизиўге қарар еттим. 13Нызам хызметкери Зенас пенен Аполлосты жолға атландырғаныңда, олар ҳеш бир нәрсеге мүтәж болмаўы ушын ғамхорлық жаса. 14Мүтәж адамларға жәрдем бериў ушын ҳәм жемиссиз өмир сүрмеў ушын, бизиң адамларымыз да жақсы ислерди ислеўге өзлерин бағышлаўды үйренсин. 15Мениң жанымдағылардың ҳәммеси саған сәлем айтып атыр. Бирдей исенимде болған бизлерди сүйетуғынларға сәлем айт. Қудайдың мийрими ҳәммеңизге яр болсын!
Copyright information for
KaaIBT22C