Zechariah 3
Төртинши аян: Бас руўханий
1Кейин бас руўханий Ешуаның Жаратқан Ийениң периштесиниң алдында турғанын ҳәм оның оң жағында оны айыплаў ушын шайтанның турғанын көрдим. 2Жаратқан Ийе шайтанды кейип: – Мен саған тыйым саламан, ҳәй, шайтан! Ерусалимди таңлаған Мен саған тыйым саламан! Бул адам от ишинен суўырып алынған шала жанған отын бөлеги емес пе? – деди. 3Периштениң алдында Ешуа патас кийим кийип турған еди. 4Периште сол жерде турғанларға: – Үстиндеги патас кийимлерин шешиң, – деди. Кейин Ешуаға: – Тыңла, сениң айыпларыңды алып тасладым. Саған таза, салтанатлы кийим кийдиремен, – деди. 5Сонда мен: – Оның басына таза сәлле кийдирилсин, – дедим. Олар оның басына таза сәлле, үстине кийим кийдирди. Жаратқан Ийениң периштеси де оның қасында турған еди. 6Кейин Жаратқан Ийениң периштеси Ешуаға ескертип былай деди: 7– Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Егер сен Мениң жолларым менен жүрип, талапларымды орынласаң, Мениң Үйимде басшылық қылып, ҳәўлимди басқарасаң. Саған усы жерде турғанлар менен бирге дәргайыма кирип-шығыў ҳуқықын беремен. 8Тыңла, бас руўханий Ешуа, сен ҳәм жаныңда отырған руўханий туўысқанларың менен бирге ҳәммеңиз келешекте жүз беретуғын ўақыялардың нышанысыз. Мен Шақа деген хызметкеримди алып келемен. 9Мине, Ешуаның алдына бир тас қойдым. Сол тасқа жети көз қарап турыпты. Мен тастың үстине ойып жазыў жазаман, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси. – Бир күн ишинде мына елдиң гүнасын алып таслайман. 10Сол күни, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – сизлер қоңсы-қобаларыңызды өз жүзим ағашларыңыздың ҳәм әнжир ағашларыңыздың астында отырыўға мирәт етесиз».
Copyright information for
KaaIBT22C